Ҳафтанинг энг муҳим воқеалари шарҳи: Президент Тошкент вилояти Бўстонлиқ туманига ташриф буюриб, унинг ўсиб бораётган салоҳияти билан танишди. Давлатимиз раҳбари ХАЭА бош директори Рафаэль Гросси билан учрашув ўтказди
—
Ҳәптениң ең әхмийетли ўақыяларына шолыў: Президент Ташкент ўәлаятының Бостанлық районында болып, оның өсип атырған потенциалы менен танысты. Шавкат Мирзиёев ХАЭА бас директоры менен сөйлесиўлер өткерди.
—
Обзор важнейших событий за неделю: Президент посетил Бостанлыкский район Ташкентской области и ознакомился с его растущим потенциалом. Глава государства провел переговоры с генеральным директором МАГАТЭ

Facebook|Instagram|X
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Ҳүрметли пуқаралар ҳәм мәкеме, кәрхана шөлкем басшылары!

⚡️Ҳаўа райының кескин дәрежеде суўытыўы алдынан жылытыў қазанлары ҳәм печь морыларын тазалатың.

⚡️Морылардың тығылып қалыўы инсанларды зәҳәрли газден зыянланыўына яки жыллылық тармақларында насазлықларды келтирип шығарыўына себепши болыўы мүмкин.

⚡️Жылытыў қазанлары ҳәм печьлерден ҳәр еки сааттан хабар алып турың.

⚡️Өзиңизди ҳәм жақынларыңызды қәўипке қоймаң!

Мойнақ районы Айрықша жағдайлар бөлими

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#еслетпе

❗️❗️❗️Қазанхана (котел) газ қыздырғышларын (горелка) ҳəдден тысқары қатты жақпаң!

Қазанхана сыртына шығып жанып турған жалын хана ишине кирип, зəҳəрли газден зыянланыўыңызға себеп болады.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Жаслар арасында үгит-нәсиятлаў илажлары алып барылмақта

Мойнақ районындағы 5-санлы мектеп оқыўшылары қатнасында диний экстремизм ҳәм миссонерликтиң алдын алыў, интернеттен туўры пайдаланыў ҳәм кийиниў мәденияты ҳаққында халқымызды, әсиресе жасларымызды жат идеалар тәсиринен сақлаў, оларға қарсы иммунитетти қәлиплестириў, жәмийетте социаллық-руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеў бағдарында үгит-нәсиятлаў жумыслары алып барылды.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Ўзбекистон қишлоқ хўжалиги ходимларига табрик
—
Поздравление работникам сельского хозяйства Узбекистана

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
🎙Сиз күткен сәўбет!

«Гәптиң ырасы...» жойбарында.

Жойбардың 4-санын нәзериңизге усынамыз!

Турдымуратова Зульфия Ещановна. Мойнақ районындағы Қаражар аўылында туўылған. Оны Мойнақ орайынан 30 км. узақта жайласқан Жалғыз терек (жаңақала) аўылы балалары ушын қамыстан мектеп қурған Мойнақтың, қарақалпақ ҳаял-қызларының мақтанышы сыпатында жақсы билемиз. Зульфия Турдымуратованың бул пидайылығы ушын быйыл оқытыўшылар ҳәм муғәллимлер күни мүнәсибети менен Президентимиз тәрепинен «Соғлом овлод» ушын екинши дәрежели ордени менен сыйлықланды.

Жойбар районымыздағы түрли тараў ўәкиллериниң жумыс искерлиги, белгили шахслардың мийнет жолы, жетискенликлери ҳәм олардың жеке ой кеширмелерин сәўлелендириўди мақсет еткен.

Бәрше Мойнақлыларды усы жойбарды қоллап-қуўатлаўға ҳәм социаллық тармақлар арқалы бақлап барыўға шақырып қаламыз!

Мәрҳәмат, тамаша етиң!
Толық👇👇👇


https://youtu.be/Usycnh6KrM4

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
#Денсаўлық_мүйеши

БАЛАЛАРДА АУТИЗМ КЕСЕЛЛИГИ

Аутизм кеселлиги соңғы ўақытларда балалар арасында жийи ушыраспақта.

Ол қандай кеселлик?
Аутизм кеселлиги - нерв системасының бузылыўы, қоршаған орталыққа итибарсызлық ҳәм баланың сөйлеўинде машқалалар болыў менен анықланады.

Оның келип шығыўы генетика менен байланысса да айырым ўақытта бала күтимине итибарсызлық ақыбетинен де болатыны анықланған.

Себеби, ана ҳәмледар ўақтында телефонға ғәрезли болып қалғанлықтан болады. Ямаса,  ата-аналар бала тыныш отырсын деп қолына телефон берип қоя береди.

Бала өз әлеми менен бәнт болып, сөйлеў қәбилети жойтады, аш болғанын сезбейди, ата-анасының қушақлағанын жақтырмайды.

Аутизмниң қандай түрлери бар? 

https://muynak.uz/9153.html

Материалды интернеттен алып таярлаған: Гүлайым Қуўанышбаева.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
"E-auksion" платформасында 2330 жеке тәртипте турақ-жай қурыў ушын жер участкаларын сатып алын!!!!

Ендиликте
Сиз өзиңизге мақул аймақтан уй-жай қурыў ушын жер участкаларын онлайн аукцион саўдаларында қатнасып сатып алыўыӊыз мумкин.
e-auksion.uz
🔷Беруний районы 98 (көриў)
🔷Бозатаў районы 331 (көриў)
🔷Қараөзек районы 301 (көриў)
🔷Кегейли районы 15 (көриў)
🔷Қоңырат районы 120 (көриў)
🔷Қаңлыкөл районы 56 (көриў)
🔷Мойнақ районы 325 (көриў)
🔷Нөкис районы 104 (көриў)
🔷Тақыятас районы 19 (көриў)
🔷Тахтакөпир районы 203 (көриў)
🔷Төрткүл районы 175 (көриў)
🔷Хожели районы 164 (көриў)
🔷Шымбай районы 54 (көриў)
🔷Шоманай районы 256 (көриў)
🔷Елликқала районы 129 (көриў)

👇Хабардар болыў ушын👇
Telegram | Facebook | Instagram | Youtube
Сексеўил егиў жумыслары даўам етпекте

Бүгинги күнде Арал теңизиниң қурыған түбинде дузлы шаңлар көтерилиўиниң алдын алыў ҳәм қумды услап қалыў мақсетинде шөлге шыдамлы өсимликлер егилмекте.

«Ўзбекгеофизика» АЖ «Устюрт геофизика экспедицияси» филиалф ҳәм «Яккабоғ геофизика экспедицияси» филиали жумысшылары тәрепинен Арал теңизиниң қурыған түбине 21 гектар жер майданға 7500 дана сексеўил нәли егилди.

Сексеўил нәллериниң егилиўи Аралбойы аймағы халық хожалығы объектлери, аўыл хожалығы егинлери, бағлар, саҳралар ҳәм жайлаўларды тәбияттың унамсыз тәсиринен қорғайды.

Сондай-ақ, биологиялық көп түрлиликтиң көбейиўине тәсир етеди ҳәм өнимдарлықты арттырады.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter