Саламатлық ушын 🩺
3.01K subscribers
3.27K photos
1.24K videos
195 files
4.37K links
ДЕНСАЎЛЫҚ - ТЕРЕҢ БАЙЛЫҚ

Аўырыў азабын саў билмес төсек тартып жатпағанша.
Аш қәдирин тоқ билмес ашлық зарын тартпағанша.

❗Каналдағы рецептлерди шыпакер менен мәсләҳәтлесип қолланғаныңыз мақул.

📝Байланыс ушын➡ @Ikmetov
Download Telegram
❗️Жаслар арасында атақлы Рэкетир қазақ фильминде Руслан аты менен танылған, күшли (качок) актёр өмириниң ақырлары азапта қалыўы ҳәм асқазан асты бези рак болыўына ушыраўын, буның тийкарғы 3 себебин өз аўызы менен айтып өткен:

1) Азанда шай пай ишпей азанғы асты жемей аш қарынға энергетик ҳәм кола ишип жүргени.

2) Аўқатты кем жеп спорт қосымшалары, түрли препаратлары, энергетик затларын көп жеп мускулларды көбирек шығараман дегени.

3) Күн тәртибине әмел етпегени, қәлесе узақ ўақыт уйқыламай, қәлесе күн менен түнди алмастырып жасағаны.

Солай екен денсаўлық терең байлық, оны жойтқаныңызда өкиниўиңиз кеш болады!

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍14
Семириўди қәлеўшилер ушын әпиўайы рецепт!

✅ 50 г мәш жуўылады. Соң 30 минут суўға салып жибитиледи. Мәш табаққа салынып тегисленеди. 3 күн азырақтан суў сеўип турылады.

✅ Төртинши күни мәшти басқа ыдысқа салып (суўы төгип тасланады), 2 шай қасық зайтун майы қосып араластырылады.

✅ Бул араласпадан 1 күнде 3 мезгил аўқатланыўдан 30 минут алдын 3 шай қасықтан жеп турылады. Даўамлылық мүддети – 10 күн.

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍8
Қайызғақтан қутылыў ушын қоллаң

✅ Алма уксусының жоқары кислоталылығы, бас терисиниң теңсалмақлылығын нормалластырыўға жәрдем береди. Сондай-ақ замаррық ҳәм бактериялар пайда болыўының да алдын алады.

✅ Қайызғаққа қарсы рецепт: Алманың уксусын тең муғдардағы суў менен араластырып, себилетуғын ыдысқа қуйың.
Араласпаны шашларыңызға сезилерли дәрежеде ығал болғанға шекем себиң. Басыңызды сүлги менен ораң ҳәм 15 минутқа қалдырың.

✅ Айтпақшы, бул усыл шашыңызды өсириў қәсийетине ийе.

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍8👏1
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Пияз ҳәм Алмадан пайдалы демлеме ☕️

Керек болады:
🧅 1 дана пияз
🍎 1 дана алма
🍯 1 ас қасық пал

Керекли затларды 1,5 л суўға салып 5-10 минут даўамында қайнатамыз, соң 1 ас қасық пал қосамыз.
Бул демлеме витаминге бай болып, аязлаў ҳәм грипп кеселликлеринде үлкенлерге де, балаларға да пайдалы.

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍7❤1
Пиязды жеп турыў қанның қойыўласыўын емлейди!

✅ Пияз қанды суйылтырыўға жәрдем береди, қанда жаман холестиринниң пайда болыўына тосқынлық етеди, қанның ағымын жақсылайды ҳәм қан тамырларын зыянланыўдан сақлайды.

✅ Тәсири максимал болыўы ушын күнине 50 г (1/4) пияз жеп турған пайдалы. Пиязды шийкилей жегенде, суўда жуўмаўға ҳәрекет етиң, себеби бул қан тамырларын қорайтуғын затлардың ериўине алып келиўи мүмкин.

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍8
Аўырыў азабын саў билмес, төсек тартып жатпағанша,
Аш қәдирин тоқ билмес, ашлық зарын тартпағанша.


Денсаўлық ҳаққында қандай нақыл-мақалларды билесиз, комментарияға жазып кетиң.

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍10
Азанда аш қарынға суў ишиў жүдә пайдалы

Қантлы диабет, гормонал бузылыўлар, артрит, аритмия, мигрен, бүйрек жетиспеўшилиги, иш қатыўы сыяқлы машқалалардан қутылыўға жәрдем береди.

✓ Азанда бир стакан суў ишеклерди ҳәрекетке келтиреди, асқазан асты бези ҳәм асқазан жумысын жақсылайды.
✓ Оянғаныңыздан соң бир стакан таза суў ишиң. Ҳәжеттен соң және 1 стакан суў ишиң, соң азанғы асты жеўиңиз мүмкин.

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍6
ПАЛ ҚОСЫЛҒАН СУЎДЫҢ ПАЙДАЛЫ ҚӘСИЙЕТЛЕРИ

🍯Пал суўы - жыллы суў ҳәм тәбиий палдан таярланған арнаўлы ишимлик.


✔️Пайдалы қәсийетлери:

•қан басымын нормалластырады;
•нерв системасын тынышландырады;
•қуўатты асырады;
•затлар алмасыныўын жақсылайды;
•аўқат сиңирилиў системасына жақсы тәсир көрсетеди.

🔶Пал суўын азанда аш қарынға ишиў жақсы эффект береди.

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👏5👍3
❓Жаяў жүриў организмге қандай тәсир көрсетеди?

➖ 3 минут жүриў - қан басымын түсиреди;

➖ 5 минут таза ҳаўада жүриў - кейпиятты көтереди;

➖ 10 минут жүриў - пикирлеўди раўажландырады;

➖ Аўқаттан соң 30 минут жүриў - артықша салмақтан сақлайды;

➖ Аўқаттан соң 40 минут жүриў - қартайған адамларда жүрек кеселликлериниң алдын алады.


🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍11
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Уйқысызлық ҳәм бас аўырыўынан қутылыў ушын усы усылдан пайдаланың.

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
🔥6
Пайдалы ишимликлер

✅ Минерал суў менен ыссы сүт. Егер сизди жөтел қыйнаса, минерал суў менен ыссы сүтти қосып таярлаң (Боржоми). Бул ишимлик қақырықты шығарыўға жәрдем береди.

✅ Чеснок пенен сүт. Бул араласпа бир күнде аяққа турыўыңызға жәрдем береди. Жыллы сүтке 10 тамшы чесноктың суўын қосың ҳәм кеште ишиң. Аязлаўдан тез қутыласыз.

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍7
Организмде қурт кеселлигиниң белгилери:

✅ -Теридеги ақ дағлар; 
✅ - Колит ҳәм диярея;
✅ - Аллергиялық кеселликлер;
✅ - Киндик әтирапы аўырыўы;
✅ - Шаш түсиўи; 
✅ - Тырнақ шайнаў;
✅ - Ҳәдден тыс азып яки семирип кетиў; 
✅ - Аппетитдиң пәсейиўи яки күшейиўи;
✅ - Түнде тисин ғышырлатыў;
✅ - Аўыздан силекей ағыўы; 
✅ - Көзлерди пирпиретиў;
✅ - Анал тесиги әтирапи қышыўы;
✅ - Иммунитет пәсейип кетиўи;
✅ - Импотенция ҳәм простатит;
✅ - Уйқысызлық;
✅ - Балалардың өсиўден тоқтаўы;
✅ - Хроникалық шаршаў;
✅ - Стресс ҳәм депрессия жағдайы;
✅ - Себепсиз тез-тезден температураның көтерилиўи;
✅ - Бас аўырыўы;
✅ - Буўын ҳәм булшық ет аўырыўы;
✅ - Ҳәр қыйлы инфекциялы кеселликлер ҳ.т.б.

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍3
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
✋Қолдағы микроблар

Таза көринген қолда да ҳәр түрли микроблар болыўы мүмкин.
Қолларыңыз тазалығына итибарлы болыў арқалы ҳәр түрли кеселликлерден өзиңиз ҳәм жақынларыңызды сақлаған боласыз.

❗️Қолыңызды жуўып жүриң

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
🔥4👍3
❓Памперс балаларда нәсилсизликке себеп болыўы ыраспа?

1️⃣ - Россиялы профессор педиатр төмендегише түсиндиреди. Узақ ўақыт балалар жынысый ағзасын ыссы тутыў оның киширейиўине ҳәм әсте ақырын мәйеклик ҳәм туқымлықлардың искерлигине зыян жеткизеди.

2️⃣ - Мысалы ветеринарлар қарамалларды нәсилсиз қылыў мақсетинде олардың мәйекликлерине жүннен тоғылған ыссы қалта байлап қояды. Нәтийжеде қарамал мәйекликлери әсте ақырын киширейип сорылып кетеди.

3️⃣ - Памперсти азанлы кеш тағып жүриў ата-ананың жумысын аңсатластырады бирақ баланың келешегине үлкен тәсир етиўи мүмкин.

4️⃣ - Гигиена қағыйдаларына әмел етип тек белгили ўақытларда (уйқылағанда, көшеге шыққанда) ислетилсе зыяны кемирек болыўы мүмкин.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың.

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍2
Усы өсимликтен таярланған ишимлик рак клеткалары раўажланыўының алдын алады.

✅ Пайдалары: Баўыр, бүйреклер, асқазан асты бези кеселликлериниң алдын алады. Жүрек кеселликлери ҳәм жоқары қан басымының алдын алады. Иммунитет системасын беккемлейди.

✅ Қурамы:
Бир дана ләблеби, еки дана гешир, бир дана алма, тетиклестириўши дәм ушын лимон.

✅ Таярланыўы ҳәм қолланылыўы: Барлық өнимлер блендерде суўы шығарып алынады. Ҳәр күни 1 мезгил 3 ай ишип турың.

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍7
Қан басымы көтерилгенде дәнениң пайдасы

✅ Егер қан басымыңыз тез-тез көтерилип, жүрегиңиз қынынан шығып кететиндей болса, сондай-ақ, басыңыз аўырласып айланса, сизге ериқтиң дәнеси жәрдем береди.

✅ Бир қысым шаңғалағын суўға салып, қайнатың ҳәм ҳәр 10 минутта гөнерген суўын төгип, үстине тазасын қуйып турың. Бул үш мәрте қайталанады, қайнатылған шаңғалақларды бир неше бөлимге (5-6 данадан) ажыратып, ҳәр бир бөлимин азанда аш қарынға шағып жең.
Бул әпиўайы ғана усылдан соң қан басымы сизди қайтып мазаламайды.

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍3
Пал ҳәм лимон тамақ аўырыўын емлейди

✅ Егер тамағыңыз аўырып мазаңызды алса, пал ҳәм лимоннан пайдаланып көриң.

✅ 1 ас қасық пал ҳәм 1 ас қасық лимонның суўы араластырылады. Усы араласпа аўыз бослығында 10 минут даўамында услап турылады. Соң аўыз бослығы жыллы суўда шайып алынады.

✅ Бул усыл күнине 2 мезгил тамақ тәўир болғанға шекем тәкирарлап турылады.

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍10
Мәйектиң қабығы ҳәм сүт буўын аўырыўын емлейди.

✅ Бир қысым мәйектиң қабығын майдалаң, таяр массаға тең муғдарда жыллы сүт қосың. Кейин жыллы болғанға шекем араластырың. Араласпаны бир сааттан көбирек ўақыт даўамында аўырып атырған буўын тараўына компресс етип байлап қойың.

✅ Бул усыл аўырыў, қақсаўларды жоқ етеди, буўынларды беккемлейди ҳәм оларды жәнеде ҳәрекетшең қылады.

❗️Жақынларыңызға да жиберип қойың!

🚀Каналға ағза болың

👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍9
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🌺☘ Басланып атырған күниңиз қайырлы-берекетли болсын!

🌺☘ Ҳәр бир күннен үмит еткен нийетлериңизге Аллаҳ тааланың Өзи жеткерсин!

🌺☘ Күниңиз мазмунлы ҳәм жақсылықларға толы болсын!

🌺☘ Барлық дуўаларыңыз ҳәм ибадатларыңызды Аллаҳ таала қабыл етсин!

🌺☘ Ырысқыңыз кең, ҳәр бир басқан адымыңыз берекетли болсын!

🌺☘ Аллаҳ таала мудамы сизлерди Өзиниң панасында сақласын
!

🌺☘ Шаңарағыңызды бахыт-әўмет ҳеш қашан тәрк етпесин!

КҮНИҢИЗ МАЗМУНЛЫ ӨТСИН, ДЕНСАЎЛЫҒЫҢЫЗ БЕККЕМ БОЛСЫН!

🚀Каналға ағза болың
👉САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍9🙏4
Жөтелден тез қутылыў

✅ Керекли затлар:
• 250гр сүт (бир стакан)
• 1 шай қасық сары май
• 1 шай қасық пал
• Бир дана мәйектиң сарыўызы

✅ Таярланыўы: Сүтти қайнатың ҳәм бираз дем бериң. Сары май ҳәм палды қосып, араластырың. Соң мәйектиң сарыўызын қосып және жақсылап араластырың.
Бул ишимликти 5 күн ишиң.
Еслетпе: Жатардан алдын ишиледи!

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍11