Саламатлық ушын 🩺
3.01K subscribers
3.27K photos
1.24K videos
195 files
4.37K links
ДЕНСАЎЛЫҚ - ТЕРЕҢ БАЙЛЫҚ

Аўырыў азабын саў билмес төсек тартып жатпағанша.
Аш қәдирин тоқ билмес ашлық зарын тартпағанша.

❗Каналдағы рецептлерди шыпакер менен мәсләҳәтлесип қолланғаныңыз мақул.

📝Байланыс ушын➡ @Ikmetov
Download Telegram
СТРЕСС гормонын (кортизол) нормаға келтириў.

Рецепт:

— Саламат уйқы (түнде 6 яки 7,5 саат уйқылаң);
— Өз үстиңизде ислең, мысалы пайдалы затлар менен шуғылланыў;
— Күнине 20-30 минут шынығыў ислеўге әдетлениң, бул кортизолды тарқатады;
— Өзиңиз унатқан жумысқа (хобби) ўақыт ажыратып турың;
— Тәбият қойнында сейил етип, пияда жүриң;
— Тез-тез күлип турың.

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍12🤗1
Саламат болыўды ҳәм күшли иммунитет системасына ийе болыўды қәлесеңиз, күнине қанша суў ишиў керек екенлигин билип алың !

Дене салмағы; Суў муғдары;

45 кг 1,9 л
50 кг 2,1 л
55 кг 2,3 л
60 кг 2,5 л
65 кг 2,7 л
70 кг 2,9 л
80 кг 3,5 л
85 кг 3.7 л
90 кг 3.9 л
95 кг 4,1 л
100 кг 4,3 л


🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍8
❗️ Егер саламат болыўды, түрли кеселликлерден аўлақ болыўды қәлесеңиз, ҳәр күни:

📍2 литрден кем болмаған муғдарда суў қабыл етиң (1 порция - 1 стакан);
📍400 граммнан аз болмаған муғдарда мийўе ҳәм палыз қабыл етиң;
📍майлы, қуўырылған, дуз ҳәм қант муғдары көп болған, қамырлы аўқатлардан ўақытша ўаз кешиң;
📍ҳәрбир тағам менен қатық ҳәм көк шөплер қабыл етиўге әдетлениң;
📍қолларыңызды сабынлап жуўың, кеминде 1 мәҳәл душ қабыл етиң;
📍10 минут азанғы дене шынығыў, кешқурынғы аўқаттан кейинги 30 минутлық сейил ҳәм күн даўамындағы физикалық белсендиликти умытпаң;
📍дәри-дәрмақларды тек шыпакер усынысына қарап қабыл етиң, бунда дәриниң белгиленген дозасы ҳәм қабыл етиў мүддетине әмел етиң!

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍13
БАДАМ УЙҚЫ СЫПАТЫН ЖАҚСЫЛАЙДЫ

✅ Бул мазалы бадам белокқа, магнийге бай болып, мускуллардың босасыўын тәмийинлейтуғын ҳәм уйқылаўды аңсатластыратуғын затларға ийе.

✅ Буннан тысқары, бадам дәнеси мелатонинниң қымбатлы дереги болып, уйқылаўға кесент ететуғын стресс гормоны - кортизол дәрежесин пәсейтиўи мүмкин.

✅ Изертлеўлерге қарағанда, қурмындағы майлар тынышландырыўшы тәсирге ийе.

✅ Демек, жатардан алдын бир қысым бадам уйқысызлыққа қарсы гүресиўде әжайып жәрдемши болады.

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍13
🦷 Тислердиң сарғайыўы ҳәм тасларын үйде кетириў мүмкин

Рецепт:
➖Ярым шай қасық сода, 20 тамшы водород перикс ҳәм 2-3 тамшы лимон шербети.
➖ Ҳәр бирин жақсылап араластырамыз ҳәм тислерге әсте сүртип шығың. Ҳәр бир тис ушын өз алдына.

• Эффект тез сезиледи. Бирақ процедура бир неше мәрте тәкирарланыўы керек.

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍13
❓Мәйек ҳәм сүт баланың бойын өсиреме?

✅ Егер перзентиңиздиң бойы жасына салыстырғанда төмен болса, сүт ҳәм мәйектен исленетуғын усы араласпа сизлерге жәрдем береди.

✅ Буның ушын 2 стакан қайнаған сүтке 1 дана мәйекти салып, жақсылап араластырылады. Усы араласпадан күнине 3 мезгил ишиледи.

❗️Процедура тез арада нәтийжесин көрсетеди
.

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍14
🧅ПИЯЗ МИЙДИҢ ТАМЫРЛАРЫН ТАЗАЛАЙДЫ

✅ Пияз инсанның интеллектуал искерлигин жақсылайды. Буны япониялы алымлар да дәлиллеген. Оның қурамына кириўши актив күкирт бирикпелери қан тамырларына кирип, ең әҳмийетли тараўларға жақсы тәсир көрсетеди, оларды жасартады. Есте сақлаў, эмоциялардың сыпатын жақсылайды.

✅ Сондай-ақ, Франциялы алымлар тәрепинен болса, чеснок ҳәм пиязды турақлы жеп турыў көкирек бези ракына шалыныў қәўипин кемейтиўи анықланған.

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍4
🍇 Гүз мәўсиминде жеў керек болған ең жақсы мийўелер — әйне усы мәўсимде писетуғын: хурма, айва, жүзим…

❗️Мийўелерге тойып алыў керек!

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍17
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Таңғы тилек


БҮГИНГИ БАСЛАНЫП АТЫРҒАН КҮНИҢИЗДЕ

🍂 Денсаўлығыңыз беккем

🍂 Несийбеңиз мол

🍂 Күниңиз әўметли

🍂 Жақсылыққа ҳәм жақсыларға толы болсын.

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍10👏1
БАЎЫР САЛАМАТЛЫҒЫ УШЫН

✔️ Қабақларды түрли көринислерде: Сомса, манты, өзин суўда писирип, түрли салатларға қосып жеўге болады. Ҳәттеки оны бир жасқа шекемги болған балаларға писирип, езип бериў мүмкин.

✔️ Қабақтың қурамында күшли антиоксидант — флаваноидлар жүдә көп. Бул затлар баўыр клеткаларын түрли токсинлерден қорғайды ҳәм тиклейди.

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍10
ЕГЕР ҮЙДЕ КАКТУС БОЛСА, СИЗ САЛАМАТСЫЗ!

✅ Катусты үйде сақлаў тынышландырыўы, дыққатты жәмлеўи ҳәм уйқы сыпатын жақсылаўы мүмкин, солай екен үйиңизде кактус болса:

• Кейпиятты жақсылаўға жәрдем береди,
• Стрессти кемейтиў ушын хызмет етеди,
• Есте сақлаўды күшейтиўге жәрдем береди,
• Үйдеги ҳаўаны тазалаў ўазыйпасын атқарады,
• Уйқы сыпатын жақсылаўға жәрдем береди ҳәм дем алыў жолларының исиниўин кемейтиўге жәрдем береди.

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍9❤3
❓Аўқатланыў ушын ең қолай болған ўақытлар қайси?

Азанғы ас: саат 07:00 — 08:30 аралығында жеў керек. Бирақ 10:00 ден кеш қалмаў керек.

Түслик: саат 12:30 — 14:00 аралығы. Бирақ 16:00 ден кешикпеўи керек.

Кешки аўқат: 18:00 — 19:30 аралығында аўқатланың. Бирақ 21:00 ден кеш болмаўы керек. Уйқылаўдан 3 саат алдын аўқатланған асқазан-ишек системасына зыян жеткермейди.

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍13👀1
❤️ Жүрек ҳәм қан айланыўы ҳаққында қызықлы фактлар

🔷 Үлкен адам денесиндеги қан тамырларының улыўма узынлығы 100 мың километрге жетеди.

🔷 Жүрек үлкен жаслы адамның өмири даўамында шама менен 175 миллион литр қанды айландырады.

🔷 Инсан қан айлыныў системасы ең киши элементлери болған капиллярлардың диаметри шаш диаметринен шама менен 50 мәрте киши.

🔷 Жүрек күнине шама менен 7-10 мың литр қанды айландырады.

🔷 Инсан жүреги өмири даўамында шама менен 2,5 миллиард мәрте қысқарады.

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍8
❗️ГИПЕРТОНИЯДА көп муғдарда суў ишиў усыныс етилмейди.

Дене салмағы 100 кг ға шекем болғанлар күнине 1,5 литрге шекем (6 стакан), 100 кг нан артық салмақта 2 литрге шекем (8 стакан) ишиўге болады.

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍5
🩸ҚАННЫҢ ҚОЙЫЎЛАСЫЎЫНЫҢ АЛДЫН АЛЫЎ

Рецепт:

✅ Жетерли (күнине кеминде 6-7 стакан) суў ишиң. Қанның 60% бөлими суўдан ибарат, егер организмде суў кемейсе дәслеп қандағы суў кемейеди ҳәм қан қойыўласады.

✅ Суўға бай мийўе ҳәм палыз өнимлерин күнде (2-3 дана) 400-500 грамм жеў керек.

📍Жақынларға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍10
❗️Қурманың организм ушын пайдалы қәсийетлери.

✔️Күнине тек ғана 4 дана қурма иммунитет ҳәм де сүйеклерди беккемлеў ҳәм қан басымын нормалластырыўға жәрдем береди.

✔️Қурма аўқаттың сиңирилиўин жақсылайды, темир дәрежесин асырады, жүректиң саламатлығын жақсылайды ҳәм аллергияны жеңиллестиреди.

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍10
Қыс мәўсиминде қандай аўқатланыўымыз керек?

☑️ Қыста мәўсимлик өнимлерди қабыллаған пайдалы. Себеби олардың көбисинде C витамини (иммунитетти асырыўда жәрдем береди) ҳәм фолий кислотасы (жүрек қан-тамыр, нерв ҳәм репродуктив системалардың жумысына пайдалы тәсир көрсетеди) бар. Усы өнимлерди ҳәр күнлик аўқатланыўыңызға қосып қойған мақул:

🔹 Қурма суўықта айнымайтуғын бирден бир мийўе. Тәбиғий антиоксидант болған бета-каротин усы мийўеге «қуяш» реңин береди. Буннан тысқары, қурма А, Б ҳәм C витаминлерине бай.

🔹 Дузланған капуста өзинде барлық өнимлерден көбирек C витаминин сақлайды. Буннан басқа, оның қурамында жүрек урыўын ҳәм қан басымын нормалластыратуғын калий бар.

🔹 Лимонлы шай тийкарынан С витаминине бай болып, грипп ҳәм ӨРВИ кеселликлеринде жүдә пайдалы есапланады.

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍11
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Ыдыс жуўыў, шомылыў, бетти тазалаў ушын тәбиий мочалка, ол антибактериал қәсийетке ийе.

❓Усы кимниң ядында, халық тилинде қандай аталатуғын еди?

🚀Каналға ағза болың

👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍17
ЖАСЛЫҚ ЭЛЕКСИРИН ТАЯРЛАЎДЫҢ ӘПИЎАЙЫ УСЫЛЫ

▫️100 мл. лимон шербети.
▫️200 гр пал.
▫️50 мл. зайтун майы.

🍃
Барлық затларды араластырамыз ҳәм аўқатланыўдан 1 саат алдын қабыллаў керек.

✅ Нәтийжеде көз нуры жақсыланады, тери реңи жақсыланады ҳәм жумсарады.
▪️ Иш қатыўында жәрдем береди.
▪️Есте сақлаўды беккемлейди.

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍8
📍Шаш түсиўине қарсы әжайып нықап

✅ Қурамы:
➖1 ампула Б6 витамини;
➖1 ампула Б12 витамини;
➖1 гр С витамини;
➖2 ст. касторовой ёки репейной масло;
➖2 ст. пал;
➖2 ст. ҳәр қандай шаш бальзамы.
(ст - стакан)

✅ Ҳәммесин араластырамыз. Алдын шаштың түбине, кейин болса жуўыўдан 1 саат алдын ҳәмме шашларға сүртемиз. Соң басымызға салафан орап ҳәм оны сүлги менен орап аламыз. Бул нықап жүдә жақсы жуўылады, бальзам қурамына қосылғанлығы себепли май аңсат кетеди.

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍8