Саламатлық ушын 🩺
3.01K subscribers
3.27K photos
1.24K videos
195 files
4.37K links
ДЕНСАЎЛЫҚ - ТЕРЕҢ БАЙЛЫҚ

Аўырыў азабын саў билмес төсек тартып жатпағанша.
Аш қәдирин тоқ билмес ашлық зарын тартпағанша.

❗Каналдағы рецептлерди шыпакер менен мәсләҳәтлесип қолланғаныңыз мақул.

📝Байланыс ушын➡ @Ikmetov
Download Telegram
Жүзди тегис ҳәм тынық қылыў ушын рецепт:

✅ РЕЦЕПТ ҲӘМ ҚОЛЛАЎ УСЫЛЫ;
•1 шай қасық лимон шербети;
•25 гр дрож;
•1 ас қасық қам сүт;

✅ Ҳәмме өнимлерди жақсылап араластырып, жүзге жағамыз ҳәм 20 минүт күтемиз. Кейин жүзимизди жыллы суў менен жуўып таслаймыз.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болыў ушын
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤3
ҚАНДЫ ТАЗАЛАЎ ҲӘМ АЗЫЎ УШЫН ӘЖАЙЫП РЕЦЕПТ!

✅ Таярлаў:
0,5 кг чеснокты майдалаң ҳәм 24 дана лимонды сығып алың. Араласпаны аўызы кең ыдысқа (банка) салың ҳәм азық-аўқат плёнкасы менен жабың.

✅ 24 күн күтиң. Соң қабыллаўдан алдын шайқаң! Күнине бир мезгил жатардан алдын 1 шай қасық араласпаны ярым стакан суўға салып, араластырып қабыллаң.

✅10-14 күннен кейин сиз...
➖салмақ таслайсыз
➖шаршаўларыңыз кетеди, тетиклесесиз
➖уйқы жақсыланады

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болыў ушын
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍7❤2
☝️Пайдалы...

1️⃣ Телефон ҳәм уялы телефонларды шеп қулағыңызға тутып сөйлесиң.

2️⃣ Кофени күнине бир мәрте ишиң.

3️⃣ Таблетка, капсула сыяқлы дәрилерди муздай суў менен ишпең.

4️⃣ Кешки саат 17:00 ден кейин аўқатты көп муғдарда қабыл етпең.

5️⃣ Майда қуўырылған, сиңиўи қыйын болған аўқатларды азайтың.

6️⃣ Күндизи көбирек суў ишип, түнде азырақ ишиң.

7️⃣ Уялы телефонды қуўатландырып атырғаныңызда өзиңизден узаққа қойың. Егер қол телефоныңыздың қуўаты 15-20% тен аз болса (әсиресе, интернет қосыўлы турғанда) пайдаланбаң. Себеби бул жағдайда нурланыў 1000 есеге күшейеди.

8️⃣ Қулақшынлардан (наушники) узақ ўақыт пайдаланбаң. Еситиў қәбилетине зыяны бар екенин билесиз.

9️⃣ Уйқылаў ушын ең мақул ўақыт 22:00 ден таңғы 06:00 ға дейин.

🔟 Уйқыдан алдын қабыл еткен болсаңыз, дәрриў жатып алмаң.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болыў ушын
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤8👍1
🥒 Ҳәр күни қыяр жесеңиз, организмде қандай өзгерислер болады?

✓ Организмдеги суў балансы нормаға келеди. Қыярдың 95% и суўдан ибарат.

✓ Асқазан-ишек машқалалары ҳаққында умытасыз. Қыяр клетчаткаға бай болып, ишек искерлигине унамлы тәсир көрсетеди, иш қатыўы ҳәм басқа машқалалардың алдын алады.

✓ Азыў ушын әжайып таңлаў.
Бул палыз өниминде жүдә көп азықлық затлар болыўына қарамай, калориясы жүдә төмен (16 ккал) болады. Көп муғдардағы клетчаткалар болса, артықша аўқатланыўдан сақлайды. Кешқурын аш болсаңыз қыяр жең, сол тәризде салмағыңызды бақлап барсаңыз болады.

✓ Тери жағдайын жақсылайды. Қыярға цинк, калий, В, С витаминлери ҳәм жүз терисине унамлы тәсир көрсететуғын ҳәм де қартайыў белгилерине қарсы гүресетуғын элементлер бар.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤14
💧Суўды көп ишиў кереклиги ҳаққында дерлик ҳәр күни еситемиз. Бирақ суў организмде қандай ўазыйпаны орынлаўын ҳәмме де биле бермесе керек.

🔹 Шөллеўди сезгениңизде әллеқашан суўсызланып қалған боласыз.

🔹 Азанғы аўқат, түслик, кешки аўқаттан алдын 2 стакан суў ҳәм де порцияны азайттырыў тез азыў ҳәм қәдди-қәўметли болыў гиреўи.

🔹 Есап-китапларға көре, күнлик қабыллаўын 1,5 литрге көбейтиргенде адам бир жыл ишинде 17 400 килокалория кеткизеди ҳәм шамалап 2,5 килоға азады.

🔹 Муздай суў метоболизмди тезлестиреди хәм калория кеткизиў тезлигин асырады. Зат алмасыўы суў ишкеннен 10 минут өткеннен кейин, активлеседи ҳәм ярым саатта ең шоққысына шығады.

🔹 Шөлиңизди таза суў менен қандырың. Мазалы газленген ишимликлер ҳәм мийўели компотлар – артықша калория дереги.

🔹 Бары-жоғы 1 банка мазалы газленген ишимлик – 35 грамм қант ҳәм 140 килокалория дегени.

🔹 1 стакан суў – бул 0 грамм қант ҳәм 0 калория дегени!

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🙏11❤9👍3
70 жасқа толғанымда, креслога отырып, өткен өмир жолыма нәзер тасладым ҳәм былай ойладым:
Мине, дерлик финиш сызығына жетип келдим."
Ал, не болды?
Исенип жүрген көп нәрселер әпиўайы иллюзия болып шықты.
Балалар ма? Олардың өз өмири бар.
Денсаулық па? Тесик шелектен ағып кеткен суўдай тез қолдан кетип баратыр.
Мәмлекет пе? Тек жаңалықлардағы санлар ҳәм ўәделер ғана.
Ғаррылық аямайды.
Ол ең аўыр жерден - үмитлерден узеди.
Мен жуўмақ шығардым.
Қатты, ашшы, бирақ сақлап қалыўшы жуўмақ.
Балалар жалғызлықтан қутқармайды
Биз былай үйренгенбиз:
"Балаларды өсирсек, ғаррылық бахытлы болады деп. Олар бизлердин жанымызда болады, қоллап-қуўатлайды." дегенбиз.
Гәп сулыў, бирақ өмир басқаша.
Балалардың өз өмири бар: жумыс, кредитлери, тәшўишлери, өз балалары.
Ал сен қоңыраўды байрамдай күтесең.
Телефон ҳәптелеп үнсиз.
Кейин қысқаша хабар келеди:
"Сәлем, ата я апа. Ҳәммеси жақсы."
Сен екранға қарап отырасаң.
Мисли шадлысаң - тири, саў.
Бирақ бослық кемеймейди.
Мен әпиўайы ҳақыйқатлықты түсиндим:
балалар - жалғызлықта сүйениш емес.
Олар қуўаныш, бирақ сүйенетуғын таяқ емес.
Денсаулық мәңги емес
Бурын кустай секирип барған жерлерге енди барғың да келмейди.
Сонда түсинесең:
денсаўлық - фон емес, сениң тийкарғы капиталың.
Пенсия ҳәм пул
Бул жерде сөзсиз ҳәмме түсинеди.
Пенсия - өмир емес, масқара.
Егер мәмлекетке сүйенсең - өзиңе шуқыр (ой) қазып атырсаң.
Мен де жыллар даўамында исендим:
"Мәмлекет таслап қоймайды.
-Пенсия коммуналлық төлемлер ҳәм дәри-дәрмаққа жетеди.
Қалғаны ушын - қалай болса да өзиңди епле дегени.
✍️Қандай қағыйдалар мүнәсип жасаўға жәрдем береди?
📚Мине, өзим ушын шығарған қағыйдаларым:
қатты, гейде ашшы, бирақ рас.
Турмыстың 5 қатаң қағыйдасы
1-қағыйда. Пул ✓ балалардан исенимлирек
Қапа болмаң, бирақ ҳақыйқат бул:
балалар - муҳаббат ҳәм қуўаныш, бирақ пенсия қоры емес.
Жуўмақ биреў:
өзиң жыйна.
Исле, жыйна, өзиң ҳаққында ойла.
Кишкене болса да, өзиниң "қәўипсизлик көпшигин" болсын.
Бул - еркинлик🏆
2-қағыйда. Денсаўлық - сениң тийкарғы жумысың
Егер төсектен турыўға күшиң болмаса, қалғаны бийкар.
Дене тәрбиясын басла, бассейнге бар, фитнеске, йогага катнас.
Азанда 10 мәрте отырып-турыў, әпиўайы жүриў, дузды кемейттиреди, қантты аз пайдаланыў - әпиўайы, бирақ ислеуге болады.
Кеселлик бай-кәмбағалды танып я сорап келмейди.
Бирақ өзин асырағанларды шетлеп өтеди.
Денсаўлық - ҳәмме нәрседен устин.❤️
3-қағыйда. Өзиң қуўаныўды үйрен
Күтиў - ең жаман душпан.
Қоңыраў күтесең, итибар күтесең -
ҳәм және-жаңа кеўилсизликлер.
Бахытты өзиң жаратыўың керек.
Майда нәрселерден:
жаксы аўқат, китап, жақсы музыка.
Өзиң қуўаныўды билиў😍 - түскинликтен қашыў.
4-қағыйда. Ғаррылық - әззиликке баҳана емес
Мен базы теңлеслеримди көрдим:
мудамы налынады - "аўырады," "жәрдем бериң," "ҳәмме айыплы."
Не болатуғынын билесиз бе?
Олардан ҳәтте жақынлары да қашады.
Әззилик аяныш оятпайды.
Ол стресс пайда етеди.
Адамлар қыйын ўақытта да өзин тута билгенлерди ҳүрметлейди.
5-қағыйда. Өтмишти жибер ҳәм ҳәзир менен жаса
Ең қәўипли дузақ - "алдынлары."
Бурынлары деген созди тилине алма, бурын жаксылаў еди деген гапти умыт.
Бирақ "бурынлары" жоқ.
Тек "ҳәзир" бар.
Ал хазир.
Өтмишти қойып жибериўди үйренип атырман.
Турмыс және 80-жыллардағыдай болыўын күтпеймен.
Ол әллеқашан басқаша.
Мениң ўазыйпам - усы өмирде жасаў.
Еркинлик ҳәм күш сениң қолында
Ғаррылық - имтихан.
Оны сениң орныңа ҳеш ким тапсырмайды.
Я өмирди қандай болса сондай қабыл етип, жаңа қағыйдалар менен жасайсаң.
Я диванда отырып, налыйсаң ҳәм кимдур келип қутқаратуғынын күтесең.
ҳеш ким келмейди.
Бул қартайыў
Көп кеселликлер тийкарында кеселлик емес -
бул қартайыў процесиниң өзи.
Пекиндеги емлеўхана директоры кекселерге төмендегише мәсләҳәт береди:
Сиз кесел емессиз - сиз қартайып атырсыз.
Сиз кесел деп ойлап атырған көп жағдайлар -
бул организмниң қартайып атырғанының белгилери болып есапланады.
Сизлерге тест:
егер сиз бул хабарды ҳеш кимге жибермесеңиз -
демек, сиз бахытсыз, жалғыз адамсыз ҳәм досларыңыз жоқ.
Сонын ушын усындай жаксы хабарларды жибергенди алатугын досларымыз коп болсын. Бир Яшулкеннин жазыуы

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤21👍10
❓Тилге қарап диагноз қойыў мүмкин бе?

👅 Тил организмниң – айнасы. Оған қарап сизди қайсы кеселлик мазалап атырғанлығын билиў мүмкин.

1️⃣ Қулпынай-қызыл реңли тил. Авитаминоз, инфекциялық кеселликлерде, әсиресе, темир ҳәм В12 витамини жетиспеўшилигинде гүзетиледи.

2️⃣ Ақ дақлар басқан тил. Ашытқы инфекциясы, кандидоз ҳәм қан басымы көтерилгенде гүзетиледи.

3️⃣ Сары дақлар менен қапланған тил. Ҳаялларда климакс дәўири тилде ашыў сезими пайда болыўы менен бақланады, ас сиңириў системасы ҳәм баўыр кеселликлеринде гүзетиледи.

4️⃣ Аўырыў менен характерлениўши жаралы тил. Стоматитте гүзетиледи ҳәм тийкарынан балаларда ушырасады.

5️⃣ Ашық қызғыш реңли тил. Саламат тилдиң көриниси.

6️⃣ Күлрең тил. Ас сиңириў системасы кеселликлеринде бақланады.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤8
🥜 Ғозаның денсаўлық ушын пайдалы тәреплери?

— Калифорниялы илимпазлар сондай жуўмаққа келди - егер инсан ҳəптесине 5 дана ғоза жесе, ол инсан өмирин шама менен 7 жылға узайтырады. Бул адамның жүрек -қан тамыр системасын холестеринниң зыянлы тəсиринен қорғайтуғын ғозаның қурамындағы арнаўлы элементлер менен байланыслы.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤6👍4
Тамағымыз аўырғанда төмендегилерге әмел етиўимиз керек ?

✔️ Бул органымыз аўырған ўақытта қаймақ жәрдем береди. Буның ушын күнине 2 рет азанда ҳәм кешки ўақытта 50 грамнан қаймақты жыллы етип жеў керек. Қаймақты дәрриў жемей, аўызда услап турып, әстен-әстен жеў керек.
✔️ Егер бурышты пал менен 1:2 қатнаста қосып, таңлайға сүрилсе, тамақ аўырыўына ем болады ҳәм өкпени тазалайды.
✔️ 1 пияздиң қабығын 0,5литр суўға салып, 5 минут қайнатылады. Қайнатпа жыллы ҳалға келгеннен кейин аўыз ҳәм тамақ шайылады (буны тамақ тәўир болғанға шекем даўам етиў
керек).
✔️ Қызыл ләблебиниң суўын сығып алып, оның менен тамақты шайыў да пайдалы. Бул усыл бир күнде бирнеше рет тәкирарланады ҳәм 3-4 қасықтан ишиледи ( 12 күн даўамында).

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤9
❗️КЕШ УЙҚЫЛАЎ – ЖҮРЕК УШЫН ҚӘЎИПЛИ

🫀Алымлар кеш уйқылаў жүрек приступы ҳәм инсульт қәўипин арттырыўын анықлады.

Кеш уйқылаў – жүрек кеселликлерине шалыныў итималын 25% ке асырады.

Ең жақсы уйқы ўақты: 22:00 – 23:00

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤3
🌿 Баўырыңыз ҳәм денедеги майлардың тазаланыўы ушын бир стакан ишиң!

Кеште яки жатардан алдын төмендеги ишимликти таярлап, ишиң:

🥄 4–5 дана жаңа имбирь бөлеклерин суўға салып 10 минут қайнатың.
🫖 Азғана суўытың ҳәм жыллы етип ишиң.

✅ Баўырыңыздағы майларды еритиўде жәрдем береди
✅ Организмдеги исиниўди азайдаты
✅ Уйқыңыз жақсыланады
✅ Метаболизм тезлеседи, салмақты азайтыў аңсатласады.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤10👍3
Артритти - яғный буўын аўырыўын емлеўдиң тәбиий усыллары.

🧄 Чеснокты езип суўын шығарың. Сүтке 10 тамшы тамызып күнине 4 мезгил ишиң.

🍥 Дизеге қойдың майы, порсықтың майын яки айыўдың майын сүртип, чесноктың суўына 4 қабат сийлени ығаллап жатардан алдын байлап жатыў керек.

🧄 Бир бас чеснокты езип 0,5 литр спиртке салың. 10 күн қараңғы жерде сақлаң. Аўқаттан 30 минут алдын 3 мезгил 1 шай қасықтан ишиў керек.

🥕 Ҳәр күни 0,5 -1 стаканнан геширдиң согын ишиў керек;

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤3
❗️МУРЫННАН ҚАН КЕТКЕНДЕ БАСТЫ АРҚАҒА ШАЛҚАЙТПАҢ!

🔶 Мурыннан қан аққанда наўқас басын жоқарыға яки арқаға шалқайтса қан аўыз-жутқыншақ арқалы дем алыў ҳәм ас сиңириў ағзаларына ағыўды баслайды, бул кеўил айныўы ҳәм қусыў рефлексин келтирип шығарыўы мүмкин.

🔷 Екиншиден, бул жағдайда наўқас қанша муғдарда қан жоғалтқаны да белгисиз болады, нәтийжеде наўқастың реал жағдайын баҳалаў имкәни кемейеди.

❗️Мурыннан қан кеткенде басты төменге қаратып, наўқастың бет ҳәм маңлай бөлимлерине музлы қалташа яки суўық суў менен ығалланған материал қойыў керек. Егер қан кетиўи 5-10 минут даўамында да тоқтамаса, тезлик пенен шыпакерге мүрәжәт етиў керек!

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤5
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
❓Неге ҳәжетхана қақпағын суў ағызыўдан бурын жабыў керек?

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍2❤1
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚠️ Горилланы (энергетик) турақлы түрде ишиў қантлы диабет, гипертония, атеросклероз сыяқлы кеселликлерди келтирип шығарады.

Алланың аманаты болған денсаўлығыңызды сақлаң.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤4👍2
104 жыл өмир көрген хирург Федор Угловтан алтын қағыйдалар.

— Столдан қарныңыз еле бираз ашлығында турып кетиң.
— Соңғы аўқатланыўыңыз сағат 20:00 ден кеш болмаслығы ҳәм 1 стакан қатық менен тамамланыўы керек.
— Көбирек творог, гөш, балық, мийўе, палыз өнимлери ҳәм басқа да түрдеги витаминли өнимлерди қабыл етиң. Суйықлық муғдары шекленбеген.
— Ақ нан, мазалы затлардан өзиңизди тыйың.
— Ҳешқашан аўқатланып болған соң уйқыламаң.

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤13
Аўқатланыў тәртиби

• Аўқатты тек аш болғаныңызда жеў керек.
• Жаңа писирилген (свежий) аўқатты жеўге ҳәрекет етиң.
• Аўқатлардың ҳәр түрлилигине итибар бериң.
• Аўқатты рухый ҳәм физикалық тыныш жағдайда қабыл етиң.
• Аўқатты әсте ақырын, жақсылап шайнап жең.
• Көп аўқат жеўден сақланың.

Ибн Сино "Тиб қонунлари" кытабынан

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤7👍5
Буўынлар ушын пайдалы рецепт.

✅ Буның ушын керек болады:
▪️1 ас қасық пал, 1 ас қасық қурғақ горчичник (хантал) ҳәм 1 ас қасық өсимлик майы. Ҳәмме затларды араластырың ҳәм қайнатып алың.

✔️Араласпаны таза материал жәрдеминде кесел буўын тараўына компресс қылып қойың.

🔹Үстинен қалың материал менен орап, 1,5-2 саат услап турың. 

🎗Итибар бериң, азғана қызыў сезими пайда болыўы мүмкин, бирақ қорқыўдың қәжети жоқ. Бул тәбийғый процесс болып, процедура даўамында сезилмей кетеди.

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤2👍2
🥚 Қайнатылған мәйектиң 7 түрли пайдасы

🔸 Көриў өткирлигин асырады
🔸 Тырнақларды беккем ҳәм саламат қылады
🔸 Денедеги клеткалардың тиклениўине жәрдем береди
🔸 Қан айланыўын жақсылайды
🔸 Омега-3 арқалы жүректи қорғайды
🔸 Шаш төгилиўине қарсы нәтийжели гүреседи
🔸 Сүйеклерди беккемлейди

Қайнатылған мәйекти турақлы түрде жеп турыў — айырым қәўипли кеселликлер, яғный, рак кеселликлериниң раўажланыў қәўипин азайтады.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤9👍7