Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты
2.61K subscribers
3.26K photos
203 videos
153 files
1.39K links
Бул каналымызда Қарақалпақ халқының бай тарийхы, әжайып этнографиясы, салт-дәстүрлери ҳәм мәденияты менен танысып барасыз.
Байланыс ушын:
@Allamuratova1512
Download Telegram
Сейтназар ҳажы Ерназаровтың өмири ҳәм жәмийетлик искерлиги

t.me/kketnografiya
❤4🔥1
Сейтназар ҳажы Ерназаровтың өмири ҳәм жәмийетлик искерлиги

Сейтназар ҳажы Ерназаров — XIX әсирдиң екинши ярымы ҳәм XX әсирдиң басында
Кегейли районы (бурынғы «Жаңабазар» болыслығының 5-аўылы) «Ақ тоғын» аўылында жасаған, Қарақалпақстанның
жәмийетлик-сиясий турмысында айрықша из қалдырған, өз дәўириниң абыройлы мәмлекетлик ғайраткерлериниң бири есапланады. Оның узақ жыллық басқарыў хызмети Хийўа ханлығының соңғы дәўирлерин, Патша Россиясының колониялық системасын ҳәм Кеңес ҳүкиметиниң орнаў дәўирин өз ишине алып, усы жылларда халықтың тынышлығын ҳәм аймақтың социаллық-экономикалық тең салмақлылығын сақлаўға қаратылды.
Сейтназар ҳажы өзиниң сиясий жолын дәслеп Хийўа ханлығы дәўиринде қарақалпақ халқының кенегес руўының бийи лаўазымынан баслады. Ол усы дәўирде өз руўласларының ишки мәселелерин әдил шешиў, халықтың ҳуқықларын қорғаў ҳәм ханлық ҳәкимияти менен байланыслы муўапықластырыў бағдарында үлкен ел басқарыў тәжрийбесин арттырды.
Сейтназар ҳажының келешекте ел арасында абыройлы ҳәм халыққа хызмет ететуғын тулға болып қәлиплесиўи ҳаққында халық арасында сақланған аңыз-әпсаналар да бар. Сейтназардың әкеси Ерназар аталық өз дәўириниң белгили адамларының бири болған Қыпшақ Ережеп тентекти үйине шақырып, қонақ етипти ҳәм балаларын сынап, олар ҳаққында пикир билдириўин сорапты.
Сонда Ережеп тентек Сейтназарға қарап: «Мына бала жүдә хош ҳаўаз болады, лекин оны халыққа жәрия етпейди», — деген екен. Халық есинде сақланған бул сөзлер кейинги дәўирдеги Сейтназардың жаслық дәўиринен-ақ оның айрықша тулға болыўын, келешекте халық арасында өз орны бар, елге хызмет ететуғын абыройлы ҳәм мәртебели инсан болып жетилискенин көрсетеди.
Оның халық арасындағы жоқары абыройы Патша Россиясы империясының басқарыў сиясаты орнағаннан соң да исенимли лаўазымларды ийелеўине тийкар салды.
1873-жылғы Гандемиан шәртнамасынан соң Әмиўдәрьяның оң жағалаўында Россия империясының Әмиўдәрья бөлими шөлкемлестирилгеннен кейин, Патша ҳүкимети жергиликли халықты басқарыў ушын тәжрийбели тулғаларға сүйенди ҳәм нәтийжеде Сейтназар ҳажы 1876-жылы өткерилген болыс сайлаўында «Кегейли» болыслығының биринши болысы болып сайланды. Бул жаңа административлик басқарыў системасындағы жетискенлигинен соң, 1876-жылдың август айында ол Шымбай қаласының ҳәм базарының ақсақалы болып сайланды. Бул лаўазым ол дәўирде тек саўда-сатықты қадағалаў емес, ал қала ишиндеги ишки тәртипти, бажы ҳәм салық түсимлерин қадағалайтуғын ең жуўапкерли хызметлердиң бири еди.
Халықты басқарыў тәжрийбеси арқанлығы ҳәм уқыплылығы себепли ол XX әсирдиң басында аймақта жаңадан шөлкемлестирилген «Жаңабазар» болыслығының биринши болысы болып искерлигин даўам етти.
Өзиниң басқышпа-басқыш артқан сиясий билими ҳәм шөлкемлестириўшилик қәбилети арқасында 1916-жыллары Сейтназар ҳажы Шымбай уезди баслығының орынбасары лаўазымына шекем көтерилди. Биринши дүнья жүзлик урыс қызған ҳәм патшалықтың халықты мардикарликке алыў сиясаты күшейген усы аўыр жылларда оған уездге қараслы 12 болыслықтың салық ислерин басқарыў ҳәм қадағалаў жумысы жүкленди.
Тарийхый дереклерге қарағанда, Сейтназар ҳажы 1916-жылдың 25-июль күни Шымбай қаласында ояздың ең абыройлы ақсақаллары ҳәм бийлери болған Өтеп Қасым улы, Сырымбет ақсақал, Мәмбетназар қазы улы, Әбдимурат ақсақал, Изеке ақсақал, Темирхан аға, Жақсымурат болыс, Юнус қазы, Мағзам ийшанлардан ибарат жәми 11 адам Шымбай приставының қабыллаўына барған. Олардың баслы мақсети патша ҳүкиметиниң халықтан мардикар алыў ҳаққындағы қарарына болған наразылықты урыссыз ҳәм дипломатиялық жол менен мәселениниң халық мәплерин есапқа алған жағдайда шешилиўине ерисиў еди.

Бирақ жергиликли патша чиновниклери оларды қабылламаған. Сейтназар ҳажының усы делегация қурамында ояздың ең тәсирли 11 ақсақалы ҳәм бийиниң бири сыпатында қатнасыўы оның халық арасындағы жоқары сиясий абыройын көрсетеди. Демек, ол халықтың тилек ҳәм өтинишлерин жоқары ҳәкимият ўәкиллерине жеткериўге умтылған жергиликли жетекшилердиң бири болған.
❤6🔥3
1917-жылдың октябринен 1918-жылдың сентябрине шекемги дәўирде аймақта түрли сиясий ҳәм қураллы күшлер пайда болды. Информатор Смағул Жумағалиевтиң еслеўлеринде усы дәўирде жергиликли ҳәкимият ҳәм халықты қорғаў ўазыйпасының бир бөлими өзин-өзи қорғаў отрядларының қолында болғаны айтылады. Бул отрядлар қатарында атаман Михаил Фильчев басқарып отырған Петро-Александровск, Нөкис ҳәм Заирдиң урал казаклары, Нөкис болыслығы аймағында болыс басқарыўшысы Иният Ниязовтың жигитлери, Шымбай болыслығында болыс баслығы Ибрайим Адиловтың жигитлери, Шымбай қаласында саўдагер Халмурат Қурбановтың жигитлери, Қоңыратта Балабий, яғный Қутлымурат бий Тәжимуратовтың жигитлери ҳәм Ийшан қалада Хан Мақсым Убайдулла Баҳаўаддиновтың жигитлеринен дүзилген отрядлар болған. Усы қыйын сиясий жағдайда Кегейли болыслығы аймағында халықтың қорғаныўын шөлкемлестириў Сейтназар ҳажыға байланыслы атлы жигитлериниң хызмети арқалы әмелге асырылған. Оның жигитлерден дүзилген отряды жергиликли халықтың, елдиң мал-мүлкиниң ҳәм аймақтың қәўипсизлигин тәмийинлеген. Сейтназар ҳажының өз аймағында бундай отрядты шөлкемлестириўи оның жәмийетлик абыройының тек бийлик ўақыттағы басқарыўшылық хызмети менен шекленбей, сиясий дағдарыс жағдайында да халықты бирлестире алғанын көрсетеди.
Кеңес ҳүкиметин орнатыў процеси кескин қураллы қағыслар менен қыйын дәўирде Сейтназар ҳажы ел ағасы сыпатында урыстың алдын алыў ушын дипломатиялық миссияны өз мойнына алады. Ол 1920-жылдың 7-февралында Есен қазы менен бирге Кеңес ҳүкиметиниң әскерий сардары Н.А.Шайдаков пенен урысты тоқтатыў бойынша договор дүзиўде жергиликли гуўа ўәкил ретинде қатнасып, елде тынышлық орнатылыўына үлкен үлес қосқан.
Соның менен бирге, Сейтназар ҳажының искерлиги тек административлик-басқарыў саласы менен шекленбейди. 1910–1915-жыллар аралығында Шымбайда май заводының қурылыўын шөлкемлестириўи оның аймақтағы санаат-экономикалық процеслерге де белсене қатнасқанын көрсетеди. Үлкен улы Қудайназар қандилеттиң басшылығында қурылған бул заводтың Хорезм оазисинде экспортқа өним шығарыўшы санаат кәрханаларының бири болғаны аймақта қайта ислеў санаатының қәлиплесиўинде әҳмийетли орын тутқанын көрсетеди.
1912-жылғы тәрийхта қалған «Ақ қапшық» жылы Сейтназар ҳажының халықшыл ҳәм қайырқомлық искерлигин айқын көрсеткен тарийхый дәўир болды. Сол жыллары ол Асқарбай, Шынықул бай ҳәм Лепесбай сыяқлы ел арасында абыройлы байлар менен биргеликте Оренбургқа түйе кәрўанларын қатнатыўды шөлкемлестирди. Кәрўанлар арқалы аймаққа ун ҳәм басқа да азық-аўқат өнимлерин алдырып халықты ашлықтан сақлаған. Сол ашаршылық жыллары қазақ далаларынан көп қазақлар қарақалпақ жерлерине көшип келеди. Ашлықтың себебинен көп адамларынан айырылады. Тири қалғанларының шуўлап жылаған даўысларын еситип аўыл адамлары Сейтназар ҳажыға хабарлайды. Ҳажы аўыл адамларын жыйнап сол жерге жетип барады. Өлген адамлардың ҳәр бирине арнап бөлек-бөлек қәбир қазып жерлейди. Ҳәзирги Кегейли районы, бесинши аўыл аймағында "Қазақ аўлие" деп аталатуғын қойымшылықтың орны елеге дейин бар.
Сол жерде тири қалғанлардың барлығын изине ертип аўылға алып барады. Жетим қалған балаларды ҳәм қызларды өзлериниң туўған балалары ҳәм қызларындай жақсы көрип бағыў ҳәм тәрбиялаў, және оларды өз алдына бөлек хожалық етип жибериўди миннетли ўазыйпа етип белгилеп аўылдағы үйлерге бөлистирип береди. Тири қалған ересек адамларға жасаў ушын бас пана қурыўда да аўыл адамлары үлкен жәрдем береди.
Сондай-ақ, оның хожалығында удайы тәризде «шүлен қазан» қайнап турған болып, бул орын усы аймақтан өткен жолаўшылар, жарлы-жақыбайлар ҳәм жәрдемге мүтәж инсанлар ушын турақлы аўқатланыў мәканы хызметин атқарған.

Сейтназар мусылманшылықтың парызы есапланған ҳаж зыяратына үш мәрте барған. Кеңес ҳүкимети орнамастан алдын ҳәм орнағаннан кейин 1917-жылы ҳажы сапарына барып ҳажы атанған. Елге келгеннен кейин Сейтназар ҳажы Ақ қыпшақ аўылынан шыққан Жақсымурат ахунға Ақтоғын аўылдан 40—50 бала оқығандай мешит салып берген. Жақсымурат ахун ол мешитте балаларға араб, парсы, латын тиллери менен бирге әдеп-икрамлылық, есап-санақ сабақларын да үйреткен.
❤4🔥2
Бала оқытқан мийнет ҳақысына жылына бир мал берип турған. Бул оның тек ғана сиясий емес, ал халық арасында руўхий ҳәм диний жақтан да жүдә жоқары мәртебеге ҳәм абыройға ийе тулға болғанлығын тастыйықлайды.
Аймақтың негизги хожалық тараўлары болған дийханшылық, шарўашылық, ирригация тармақлары ҳәм саўда-сатықтың турақлы ислеўи жергиликли басқарыўдың әҳмийетли ўазыйпаларының бири еди. Сейтназар ҳажының экономикалық басламалары арасында суўғарыў ислери айрықша орын тутады. Ол Абат жаптан саға алатуғын «Жаңа Сейтназар жармыш» каналын қаздырған. Бул каналдың қазылыўы аймақтағы дийханшылық майданларын суў менен тәмийинлеў, суў ресурсларын пайдаланыўды кеңейтиў ҳәм халықтың хожалық жағдайын жақсылаў менен байланыслы болды. Каналдағы суўды ретли түрде пайдаланыў ҳәм егин майданларына бөлистириў жумысларын мурабы Қанназар алып барған. Мурабтың хызмети суўды каналлар арқалы дийханшылық майданларына жеткериў, суўдың бөлистирилиўин қадағалаў ҳәм суў жетиспеўшилигиниң алдын алыўға жуўапкер болған. Бул мағлыўматлар Сейтназар ҳажының басқарыўшылық искерлигиниң тек сиясий-административлик тараў менен шекленбей, халықтың күнделикли хожалық турмысын тәмийинлейтуғын ирригациялық системаны қоллап-қуўатлаў менен де байланыслы болғанын көрсетеди.
Сейтназар ҳажының хожалығында ҳәр қыйлы кәсип ийелериниң хызмет етиўи сол дәўирдеги этнографиялық турмысты үйрениў ушын да әҳмийетли дерек болып табылады. Мәселен, шебер устасы Сейтимбет ҳажының шаңарағында күнделикли турмысқа зәрүр болған аяқ кийим ҳәм кийим-кешеклерди тиккен, соның ишинде мәсини ҳәм белге тағылатуғын арнаўлы камарды таярлаған. Ол былғарыдан түрли буйымлар ислеп, аттың безеўлерин таярлаў менен де шуғылланған.
Сейтназар ҳажының жәмийетлик мәртебесин оның айланасында топланған исенимли адамлары да айқын көрсетеди. Суд ислери ҳәм диний-ҳуқықый мәселелерди қазысы Қутлымуратов Тәжимурат алып барған болса, оның өмир бойы қасынан қалмай, садықлық пенен хызмет еткен атқосшысы Қайып қараша Пирлепес улы болған.
Сейтназар ҳажының «Ялта» атлы жүйрик ярым тулпарының болғаны ҳәм оны 1905-жылы туўылған сейиси Серназар махары тәрбиялап, бәйгилерге таярлағаны да сол дәўирдеги ат спорты мәдениятының әҳмийетин көрсететуғын этнографиялық дереклердиң бири болып табылады. Сейтназар ҳажының жүйрик ат сақлаўы ҳәм оны арнаўлы сейиске тапсырғаны оның хожалығында ат спорты ҳәм ат бағыў дәстүрлериниң де орын алғанын көрсетеди.
Бундай байланыслар қарақалпақ жәмийетиндеги ел ағаларының айланасында қәлиплескен қазы, атқосшы, мураб, уста, сейис сыяқлы түрли кәсип ийелериниң өз-ара байланысын түсиниўге имкан береди.
Солай етип, Сейтназар ҳажы Ерназаровтың тарийхый портрети оның мәмлекетлик хызмети, басқарыў уқыплылығы, қайырқомлық ҳәм халықшыл искерлиги, халық ушын ең қәўипли дәўирде патша ҳәкимияты менен сөйлесиўлерге батыл барған дипломат ҳәм пуқаралық урысы жылларында елдиң тынышлығын сақлаў ушын өзин-өзи қорғаў отрядларын дүзген миллий жетекши, диний мәртебеси ҳәм экономикалық басламалары менен қарақалпақ халқының тарийхында айрықша орын тутатуғын белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер екенин тастыйықлайды.

Сондай-ақ, өмириниң ақырына шекем өз халқының азатлығы ҳәм абаданлығы жолында хызмет еткен уллы тулғаның өмир жолы өз дәўириниң сиясий қарама-қарсылықларына толы болды. Сол аласыпаранлы жыллары НКВД ның адамлары ҳажыны қуўдалап қоймаған. Сонда оның тәўиби ҳажының өмирин аман алып қалыў ушын ҳажыға: «Сеңсең тонларды пардозлап бойайтуғын ойран бояаўдың тақанын ислеп береди. Усыны аўзыңызға салың да, жата бериң, тек жутып қоймаң, сиз аўырып атырман," деп жата бересиз, қорқпаң, буның сизге ҳеш қандай зыяны жоқ», – дейди. Қасына ләген қойдырады. Бул сырды – ойран бояаўдың тақанын ҳеш ким билип қоймасын деп ескертеди. Көп узамай-ақ, ҳажыны алып кетиў ушын үйине НКВД ның адамлары кирип келеди. Келсе, ҳажы қусып шалқасына жатырған. Сонда олар "Е, бул түбинде өледи екен, өлетуғын адам екен. Машинаға жарамайды ғой," деп, алып кетпей, таслап кеткен. Сөйтип, ҳажы тәўиптиң көрегенлиги ҳәм кәраматы арқалы аман қалады.
❤5🔥2
Ол қартайған шағында қуўдалаўшылық ҳәм тексериўлер жәбирин тартып, 1935-жылы қорқыныш сезимлер менен қайтыс болды.
Сейтназар ҳажының шежиреси: Қудайназар кандилет, Досжан, Абдулла атлы уллары, Дәмегул (Дәмеш болыс), Сапура, Улзада, Алмахан атлы қызлары болған.

Белгили тарийхшы-илимпаз ҳәм жазыўшылар:
Оңғарбай Юсупов, Шарип Бабашев, Алишер Қудияров, Қыпшақбай Матмуратов, Жийенбай Моянов, Аманияз Жүзимбетов, Турдыгул Пирниязова, Ҳакимбай Өтегеновлардың мийнетлери тийкарында мағлыўматларды топлаған ҳәм таярлаған:

Шахзада Алламуратова

t.me/kketnografiya
❤8🔥2👍1
#архив
Оразгүл Қурбаниязова. Қарақалпақстан АССР Нөкис районындағы «Нөкис» совхозында сүт-товар фермасында саўыншы болып ислейди. Ол өзине бекитилген 19 бас сыйырдың ҳәр биринен 3000 килограммнан сүт саўып алыў миннетлемесин алған.

1975-жыл, «Саодат» журналы, №5 саны.

Үйимдеги ески альбомларды көрип отырсам, усы сүўретти қыйып алып, альбомда сақлап қойған екенмен.

Shahzoda Allamuratova

https://t.me/kketnografiya
👏10❤3👍3
Аққаладағы ыдыслар.

     Бул ыдыслар Қазақдәрьяның арқасы, Аққала тәрепте, асфальт жолдан арқаға қарай 15–16 км жердеги «Қозы ийшан» қойымшылығына жақын жерде усы ҳалда жатыр. Қойымшылықтың атын жергиликли турғынлар усылай деп атап айтқан. Ыдыслар қайдан келип шыққан, ким таўып, жыйнап қойған ол ҳаққында жергиликли турғынлар да хабарсыз екенин айтқан.
      Ыдыслар ҳаққында сол жерлерде геофизиклер менен бирге жумыс ислеп атырған, халқымыздың тарийхына, мийрасына қызығыўшы Рамазан Тилепбаев хабар берди.

      Бул ыдыслар ҳақыйқатында да антик мийраслар ма, ямаса  басқа бир мақсетте биреўлердиң гүлалшылық жумыслары ма, соны тийисли орынлар анықлап, егер биз күткендей антик мийраслар болса, мүмкин музейге алынар деген ой менен жәриялап көриўди мақул деп таптық.

t.me/kketnografiya
👍15❤5
Қўчқор Норқобил, «Қорақалпоғим»

t.me/kketnografiya
👍3😢1
ҚОРАҚАЛПОҒИМ
Кўчқор НОРҚОБИЛ

Кўнглини дастурхон қилиб очунда
Мард турган, борлиғи нарзи-ниёзсан.
Ўтовингда офтоб ухлайди тунда
Юлдуздан шеър тизган Ажиниёзсан...

Термулсам, кўзларинг жовдиратасан,
Ўзбекка қўл тутган юраги оқсан!
Довруқлим, дунёни довдиратасан
Оловдан сўз узиб олган Бердақсан...

Мен Сени эсласам юрагим тўлиб
Ўзим ҳам ўзимдан бораман ўсиб...
Жайҳун шамолларин эгнига илиб
Ёнимда туради Ибройим Юсуп.

Гоҳида куйгансан заҳар-заққуда,
гоҳида кўксингга тўлиб ургансан...
Чақмоқ талаш этган мангу чўққида
Қалпоғин кийгизган Тулепбергансан...

Лочинсан, шунқорсан, улли мергансан,
Қадимдан дўстга жуфт, душманга тоқсан!
Сенга бир жон тутсам, ўн жон бергансан,
Ўзбекнинг юраги Қорақалпоқсан!..

https://t.me/kketnografiya
❤10🔥3🤬3👍2
«Қудайназар кәндилет Сейтназар улының өмири ҳәм жәмийетлик искерлиги»

t.me/kketnografiya
🔥6
Қудайназар кәндилет Сейтназар улының өмири ҳәм жәмийетлик искерлиги
ХХ әсирдиң басындағы Қарақалпақстан тарийхында елдиң социаллық-экономикалық раўажланыўына үлес қосқан, жәмийетлик-сиясий турмыста белсене қатнасқан ҳәм кейинги дәўирлерде қуўдалаўға ушыраған бир қатар тарийхый тулғалардың өмири айрықша из қалдырған. Солардың қатарында Шымбай аймағында жасаған Қудайназар кәндилет Сейтназаровтың да орны бар. Оның өмири ҳәм хызмети арқалы ХХ әсирдиң басындағы Қарақалпақстанның экономикалық турмысын, жергиликли басқарыў системасындағы өзгерислерди, совет ҳәкимиятының дәслепки жылларындағы жәмийетлик-сиясий жағдайды ҳәм кейинги репрессиялардың адам тағдирине тийгизген тәсирин түсиниўге болады.
Қудайназар кәндилет Сейтназар ҳажының үлкен улы болып, жаслығынан зийреклиги, шөлкемлестириўшилик уқыплылығы ҳәм жаңалыққа умтылыўы менен ажыралып турған. Ол өз дәўириндеги халықлық жыйналыслар, тойлар ҳәм басқа да көпшилик илажларды шөлкемлестириўге белсене қатнасқан. Әсиресе, ылақ ойыны, ат шабыслары, гүрес жарыслары сыяқлы халықлық тамашаларды басқарыўда уқыплы болған. Бул қәсийетлери оның тек көпшилик арасында абыройға ийе инсан болғанын ғана емес, ал жәмийетлик ислерди басқара алатуғын, шөлкемлестириўшилик қабилетке ийе тулға болғанын да көрсетеди.
Қудайназар кәндилеттиң хызметиндеги әҳмийетли бағдарлардың бири Шымбайда санаат өндирисин раўажландырыў менен байланыслы. Әкесиниң ийелигиндеги қаржы ҳәм мүмкиншиликлерден пайдаланып, ол Шымбайда пахта тазалаў заводын қурдырыўға басшылық еткен. Заводтың машиналары менен техникалық үскенелерин Россиядан алдырып, оларды орнатыў ҳәм өндиристи жолға қойыў ушын сырттан қәнигелер шақыртылған. Кәрхана Кегейли каналының шеп жағасында, ҳәзирги 22-санлы балалар бақшасы жайласқан орында болғаны айтылады. Оның айырым темир қалдықларының усы күнге шекем сол әтираптағы үйлердиң дөгерегинде ушырасатуғыны жергиликли тарийхый естеликлердиң бири сыпатында әҳмийетли.
Пахта тазалаў заводы бийиклиги бир неше метрге жететуғын дийўал менен қоршалған. Дийўалды салыў жумысларына жергиликли усталар қатнасқан. Мағлыўматларға қарағанда, завод 1913-жылы иске түсирилген ҳәм сол дәўирде Хорезм оазисинде сыртқы базарға өним шығарыўға бағдарланған санаат кәрханаларының бири болған. Кәрханада он жумысшы мийнет еткен. Заводтың техникалық жағдайы ҳәм өндиристи шөлкемлестириў дәрежеси ҳаққында сол дәўирдеги ҳүжжетлерде де мағлыўматлар сақланған. 1913-жылы 26-августта Рус-Азия банкиниң Жаңа Үргениш бөлиминиң директоры Шымбай заводына барғаннан кейин оның жағдайына баҳа берген. Оның жазыўынша: заводтың техникалық тәмийинлениўи, имаратларының сапасы, суў тәмийинаты, жумысшылар ушын жаратылған турақ жайлар ҳәм хызмет бөлмелериниң тазалығы атап көрсетилген. Машиналардың жақсы сақланыўы, заводтағы ески желпиўишлердиң оңланыўы ҳәм устахананың жетерли әсбап-үскенелер менен тәмийинленгени де айрықша атап өтилген. Соның менен бирге, кәрханаға кишкене токарьлық станогын орнатыў зәрүрлиги көрсетилген. Бул пикирлер Шымбайдағы заводтың сол дәўирдеги техникалық мүмкиншиликлери ҳәм өндиристи басқарыў тәртиби ҳаққында мағлыўмат береди. Кейин ала пахтаның жетиспей қалыўына байланыслы заводтың өндирис бағдарында өзгерис жүз берген. Дәслеп пахта тазалаўға арналған кәрхана жоңышқа туқымын тазалаўға бейимлестирилген. Кеңес ҳәкимияты орнағаннан кейин, 1919-жылдың июнь айында завод мәмлекет қарамағына алынғаны көрсетиледи. Ал 1930-жылы Шымбайда Қудайназар кәндилеттиң пахта заводы тийкарында жаңа пахта тазалаў кәрханасы қурылып, өндирис заманагөй орынға көширилген. Бул мағлыўматлар Қудайназар кәндилеттиң исбилерменлик хызмети тек жеке мүлк шеңберинде қалып қоймай, аймақтағы санаат өндирисиниң қәлиплесиў тарийхы менен де байланыслы болғанын аңлатады.

1917-жылғы революциялық өзгерислерден кейин Түркистан аймағында басқарыў системасы түпкиликли өзгерислерге ушырады.
Жергиликли басқарыў органларының орнына жаңа советлик ҳәкимият мекемелери қәлиплесе баслады.
🔥6❤2
Бирақ жаңа ҳәкимияттың жергиликли халық пенен байланысын орнатыўы, салық жыйнаўды жолға қойыўы ҳәм аймақларда турақлылықты тәмийинлеўи ушын ески басқарыў тәжрийбесине ийе адамлардың билими менен жергиликли абыройынан да пайдаланылған. Қудайназар Сейтназаровтың 1920-жыллардағы жәмийетлик-сиясий хызметин усы тарийхый жағдайдан аңлаўға болады.
Тарийхый изертлеўлерде келтирилген мағлыўматларға қарағанда, 1920-жылы Шымбай аймағында Худайназар Сейтназаров Убби болыс Ибрагимов пенен бир қатарда жаңа ҳәкимияттың «ҳәким-басқарыўшысы» лаўазымына бекитилген. Бул лаўазым советлик атқарыў комитетлери толық қәлиплескенге шекем жергиликли жерлерде басқарыўшылық ўазыйпаларды атқарыў менен байланыслы болған. Усы хызметтиң тийкарғы мақсети халық пенен байланысты сақлаў, жергиликли басқарыў ислерин жолға қойыў ҳәм жаңа ҳәкимияттың қарарларын орынлаўға жәрдемлесиўден ибарат еди.
Соның менен бирге, Қудайназар кәндилет Сейтназаров «Жаңабазар» болыслық атқарыў комитетин басқарып, болыслықты басқарыўда да белсене қатнасқан. Ол сол дәўирдеги болыслықтағы белгили жәмийетлик белсендилердиң бири болған. Бул оның жаңа ҳәкимият дәўириндеги жәмийетлик-сиясий хызметиниң әҳмийетли бағдарларының бири сыпатында баҳаланады.
1920-жылдың 12–13-май күнлери болып өткен Шымбай уезди Советлериниң съезди аймақтың жәмийетлик-сиясий турмысындағы әҳмийетли ўақыялардың бири болды. Съезд нәтийжесинде сайланған атқарыў комитетиниң қурамына Турман Қаржаўбаев, Худайназар кәндилет Сейтназаров, Жүгинис Бейимбетов, Асан Айтымов, Алланазар Халекеев, Атамурат Исмайылов ҳәм Худайберген Дәрменов сыяқлы инсанлар кирген. Олардың айырымлары диний билимге, жергиликли халық арасында абыройға ҳәм жәмийетлик басқарыў тәжрийбесине ийе болған. Кейинги тарийхый әдебиятларда усы дәўирдеги айырым диний ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер «мусылман коммунистлери» деп аталған. Бул атама сол ўақыттағы диний орталықлар менен жаңа советлик ҳәкимият арасындағы қатнаслардың өзине тән өзгешеликлерин түсиниўде әҳмийетли.
1920-жылдың орталарында Әмиўдәрья айрықша революциялық комитетиниң мәжилислеринде де Шымбай аймағынан келген ўәкиллер қатнасқан. Архивлик материалларға сүйенген изертлеўлерде Худайназар Сейтназаровтың аты Шымбайдан келген ўәкил сыпатында тилге алынады. Кегейлиден Абдимурат болыс Серекеев те усы мәжилислерге қатнасқан жергиликли басшылардың бири болған. Келтирилген мағлыўматларға қарағанда, олардың алдына қойылған ўазыйпалар қатарында азық-аўқат салығын жыйнаў барысында халық арасында наразылықтың күшейип кетиўине жол қоймаў, жергиликли тынышлықты сақлаў ҳәм Хийўа тәрептен келиўи мүмкин болған қураллы топлардың қәўпиниң алдын алыў мәселелери болған.
Қудайназар кәндилеттиң өмири тек санаат өндирисин раўажландырыў ҳәм мәмлекетлик басқарыў менен шекленбеген. Жергиликли халықтың еслеўинше оның халықлық дәстүрлерге, спорт жарысларға ҳәм ел арасында абыройға ийе палўанларға жақын болғаны айтылады. Ол өз заманында гүрес жарысларын шөлкемлестириўге, атақлы палўанлар менен шабандозларды жарысларға шақырыўға ҳәм тойларда көпшилик тамашаларын басқарыўға қатнасқан. Қудайназар кәндилеттиң өзиниң жездеси Сапар болыстың (Дәмеш болыстың күйеўи) тойында белгили Жаңабай палўанды атақлы шабандоз Сабыр «дәў» менен гүрестириўди шөлкемлестиргени усыған мысал бола алады. Сол жарысты жасы үлкен «Болыс аўыл»дағы Исмайыл ақсақалдың басқарып жүргенлиги де айтылады.
Шымбайдағы Асқар байдың тойында Жаңабай палўанның гүреске түсип, Қудайназар кәндилетке абырой алып келгенлиги ҳаққындағы мағлыўматлар да жергиликли халықтың ядында сақланған. Қудайназар кәндилет Жаңабай палўанды өзине жақын тутып, «жийеним» деп атаған. Олардың руўлас туўысқанлық байланысы болғаны, бирге аң аўлаўға шыққаны ҳәм Хийўа ханлығындағы гүрес жарысларына бирге барғаны айтылады.

Қудайназар кәндилеттиң өмир жолында суў хожалығы тараўындағы хызмети де айрықша орын алған. Мағлыўматларға қарағанда, ол өмириниң кейинги жылларында республикадағы суў тараўында ислеген ҳәм ҳәзирги Дослық каналы деп аталатуғын сол дәўирдеги Қызкеткен каналын қаздырыў жумысларына басшылық еткен. Каналдың сағасы Абат жаптан алынғаны да айтылады.
🔥4❤2
Бул оның исбилерменлик ҳәм шөлкемлестириўшилик қабилетлери менен бирге, аймақтың аўыл хожалығы ушын әҳмийетли болған суў тәмийинаты мәселелерине де қатнасқанын көрсетеди.
ХХ әсирдиң 20–30-жылларында совет ҳәкимиятының социаллық-экономикалық сиясаты күшейип, жеке меншик ийелерине, ел басшыларына, диний ғайраткерлерге ҳәм бурынғы басқарыў системасына байланыслы адамларға болған қатнас барған сайын аўырласты. Бул жағдай Қарақалпақстанда да көплеген шаңарақлардың тәғдири менен мүлкине тәсир етти.
Қудайназар кәндилеттиң перзентлериниң тәғдири де усы қуўдалаўшылық дәўири менен байланыслы. Мағлыўматларға қарағанда, оның улы Мәмбетназар Қудайназаров 1929-жылдың 16-октябринде Қарақалпақстан ОГПУ тәрепинен қамаққа алынған. Сол жылдың 4-декабриндеги қарар менен ол совет ҳәкимиятына қарсы қураллы көтерилиске қатнасты деген айып пенен өлим жазасына ҳүким етилген. Ҳүким 1930-жылдың 24-январында Шымбай қаласында орынланған. Сол ўақытта 18 жаста болған Мәмбетназар Қудайназаров тек 2003-жылдың 20-январында ғана рәсмий түрде ақланғаны көрсетиледи. Оның тәғдири советлик жазалаў системасының жас адамларға да аяаўсыз болғанын ҳәм ақлаў процесиниң көп жылларға созылғанын аңлатады.
Сейтназар ҳажы шаңарағына байланыслы тағы бир дерек Шайхы Қудайназарович Сейтназаровтың аты менен байланыслы. Мағлыўматларда оның 1919-жылғы Ораллылар көтерилисине қатнасқанлығы ҳәм өз мүлкинде мешити болғанлығы себепли ОГПУ тәрепинен совет ҳүкиметине қарсы деп айыпланып, атыў жазасына ҳүким етилгени айтылады.
Репрессиялардың тәсири тек ер адамлар менен шекленбей, ҳаял-қызлардың да тәғдирин қыйынластырған. Соның бир мысалы сыпатында Жәлел мақсымның қызы, Ерназар аталықтың келини Наржан Қудайназарованың аты келтириледи. Мағлыўматларға қарағанда, ол 19 жасында мәмлекетлик пахта тапсырмасын орынламағаны ушын Халық судының қарары менен пуқаралық ҳуқықларынан айырылып, сүргинге жиберилген. Бул жағдай сол дәўирде экономикалық талаплардың орынланбаўы да жазалаўға себеп болғанын, мәмлекетлик жобалар халықтың күнделикли турмысына күшли қысым өткергенлигин көрсетеди.
Қудайназар кәндилеттиң өз өмириниң ақырғы дәўири ҳаққында мағлыўматлар аз. 1930-жылларда Шымбайда завод әтирапында жасаған Хошмурат Дилимбетовтың айтыўына қарағанда Қудайназар кәндилет 1925-жыллары, шама менен 40–45 жасларында қайтыс болған. Бул мағлыўмат оның туўылған жылын шамалап анықлаўға мүмкиншилик бергени менен, анық туўылған ҳәм қайтыс болған жылларын белгилеў ушын қосымша дереклер талап етиледи. Оның өмириниң соңғы жыллары, суў хожалығы тараўындағы хызметиниң хронологиясы ҳәм қайтыс болыў жағдайлары да келешекте тереңирек изертлеўди талап ететуғын мәселелер қатарында турады.
Жуўмақлап айтқанда, Қудайназар кәндилет Сейтназаровтың өмири ХХ әсирдиң басындағы Қарақалпақстанның экономикалық, социаллық ҳәм жәмийетлик-сиясий тарийхы менен тығыз байланыслы. Оның Шымбайда пахта тазалаў заводын шөлкемлестириўге басшылық етиўи, санаат өндирисин раўажландырыўға қатнасыўы, жергиликли басқарыў системасында хызмет атқарыўы ҳәм суў хожалығы тараўындағы жумыслары оны өз дәўириниң белсенди инсанларының бири сыпатында танытады. Халықлық дәстүрлерге жақынлығы, палўанлар ҳәм шабандозлар менен байланысы оның жәмийетлик турмыстағы орнын толықтырады.
Соның менен бирге, оның шаңарақ ағзаларына байланыслы келтирилген репрессия дереклери тоталитарлық системаның жеке адамлар менен бирге пүтин шаңарақлардың да тәғдирине тәсир еткенин көрсетеди. Мәмбетназар Қудайназаровтың атылыўы ҳәм көп жыллардан кейин ақланыўы, Шайхы Сейтназаровқа байланыслы келтирилген мағлыўматлар, сондай-ақ Наржан Қудайназарованың сүргинге жиберилиўи сол дәўирдеги жазалаў саясатының түрли көрнислерин аңлатады.

Қудайназар кәндилет Сейтназаровтың өмир жолын үйрениў тек бир тарийхый инсанның биографиясын тиклеў менен шекленбейди. Ол арқалы Шымбайда санаат раўажланыўын, басқарыў системасынан советлик басқарыўға өтиў процессин, халықтың социаллық турмысын ҳәм репрессиялардың жергиликли жәмийетке тийгизген тәсирин тереңирек түсиниўге болады.
🔥3❤2
Сол себепли Қудайназар кәндилет ҳәм оның шаңарағы ҳаққындағы дереклерди жыйнаў, оларды илимий жақтан салыстырыў ҳәм архив материаллары менен толықтырыў Қарақалпақстанның ХХ әсир басындағы тарийхын үйрениўдеги әҳмийетли ўазыйпалардың бири болып табылады.


Оңғарбай Юсупов
Шерип Бабашев
Алишер Қудияров
Алламберген Даўлетмуратов
Аманияз Жүзимбетов
Нуратдин Зинатдиновлардың мийнетлери тийкарында таярлаған Шахзода Алламуратова


https://t.me/kketnografiya
🔥6❤3
«Қорақалпоқ бўлганим»

t.me/kketnografiya
Қорақалпоқ бўлганим
Самолет Қизилқум саҳроси узра учиб борарди. Думалоқ ойнадан оппоқ булутлар сузаётгани, пастда чексиз қумликлар ястаниб ётгани кўзга ташланарди. Баҳор кечикканига қарамасдан Тошкентда майсалар тупроқ бағрини ёриб бош кўтараётган, дов-дарахтларнинг куртаклари аразлаган келинчак дудоғи мисол бўртган пайт. Қўналғага пасайиш чоғида Нукус шаҳрида эса деярли яшиллик кўринмасди. Уни қиш тутқунликда тутиб тургандек гўё.

Хизматсафарига келгандим. Мени фасл алмашиш жараёнидан кўра вазифани бажариш ташвиши чулғаб олганди. Вазирликнинг шаҳар марказий кўчасидаги икки қаватли, кўп йилларни кўрган биносига келдим.

Камтарона хизмат хонасида баланд бўйли, оқ-сариқдан келган, кийим-боши ўзига ярашиб турган вазир генерал-майор Махсет Бабаниязов илиқ қарши олиб, сафар режалари ва исм-шарифим билан танишди. Меҳмон ташрифи маҳалида ҳаракат хавфсизлигини таъминлаш масаласи муҳокамаси тугагандан сўнг ўрнимдан қўзғалиб, икки-уч қадам ташлашга улгурдим.

-Қайрат аға, Сизде қарақалпақми?

Генералнинг баланд овозиданми ёки кутилмаган савол ғалатилигиданми жойимда таққа тўхтаб, ортимга ўгирилдим. Махсет оға сирли жилмайиб турарди.

- Жўқ, ўзбекмен,-деб мен ҳам ўзимча қорақалпоқ тилида кулимсираб жавоб қайтардим.

- Отингиз Қайрат, фамилиянгиз Болтабоев экан, қорақалпоқ бўласизда. Тошкент вилоятида қорақалпоқ қишлоқлари кўп.

Ичимда менга бунчалик ёпишиб олганига ғашлансамда, ташимда адашганидан хурсандчилигимни яширмадим.

- Мен Фарғонаданман...

- Ие, водийда қорақалпоқлар йўқми?

-Бор, Ёзёвон туманида яшайдилар, кейин Данғара туманида Қорақалпоқ қишлоғи бор.

Генералнинг юзи ёришди. Кўрдингизми дегандай қошларини маъноли чимирди.

- Т. Қаипбергеновнинг трилогиясида водийга улар кўчишгани айтилган. Лекин биз томонларга келгани эҳтимолдан йироқ.

- Ана, холос! Бизнинг адабиётдан хабардор экансиз...

Унинг мақтовга чоғланганини сезиб, гапимдан тўхтамадим.

- Лекин ота қишлоғим мен айтган жойлардан анча узоқда, Сўх тоғлари этагидаги даштда жойлашган.

- Аждодларингизни яхши биласизми?

Вақт ўтиб борарди. Шахсий таркибга йўриқнома, йўналишни ва транспорт воситаларини кўрикдан ўтказиш... Тезроқ ишга киришиш керак...

Шундай дамда бу одамга уруғ-аймоғимнинг нима қизиғи бор экан? Ҳайратим ортганда ортарди.

- Бизда уруғ сурилмайди. Лекин уларнинг номлари жой атамаларида сақланиб қолган. Отам Дўрмон, онам Жалойир, бувимнинг бири Ўйрат, иккинчиси Кенагас қишлоғидан.

- Ҳа, бу уруғларнинг ҳаммаси бизда бор. Ёнингиздаги майор Фарҳод Санқибаевнинг аёли Жалойир. Демак она томондан қариндош бўласизлар.

У десам, бу дейди... Хуллас, қорақалпоқ эканлигимга иқрорлигимни изҳор этганимдан, салкам эллик ёшимда қорақалпоқлигимни билиб олганимдан бениҳоя қувончимни яширмаганимдан сўнггина генералнинг хонасидан чиқишга муваффақ бўлдим.

Маҳсет оғанинг тарихдан яхши хабардорлиги, туркий уруғларга таърифу тасниф бера олиши, ярим ҳазил, ярим чин суҳбат қуриши унга ҳурматимни янада оширди.

Орадан йиллар ўтди. Вазирликнинг Тошкентдаги бош биносида эски танишим Абат Утамбетовни учратиб, янги лавозим билан қутладим.

- Ғайрат ака, вазирликда қорақалпоқлардан икки киши бўлдик. Сизнинг қўл остингиздаги Раҳмет ҳам нукуслик.

- Адашдингиз, уч киши бўлдик. Нега мени ҳисобга қўшмаяпсиз?

Абат қулоғига ишонмадими, хайрон бўлиб қолди. Маҳсет оға билан илк мулоқатимиз натижаси ҳақида сўзлаб бердим. Мириқиб кулишиб олдик.

Мени кўнгли пок, ғурурли, ўта самимий, меҳмондўст қорақалпоқ қардошларим қаторига қабул қилишганидан ҳозиргача ғурурланиб юраман.

Ғайратжон Болтабоев

https://t.me/kketnografiya
👍6❤4🔥3👏1
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#ретро

«Ләйлим»_Даўытбай_Қайыпов.

@ЖАЙХУНСАМАЛЫ Youtube каналы

https://t.me/shahzoda_allamuratova
❤13
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
«Қырық қыз~«Сорок девушек»
«Қырық қыз»~«Сорок девушек». Великий героический дастан каракалпакского народа.

Видео создано с помощью искусственного интеллекта как художественная реконструкция по мотивам дастана.

Легенду о сорока девушках знают и в соседних странах, в Туркменстане есть каньон «Кырк кыз», в Каракалпакстане–крепости с этим именам, у кыргызов–предание происхождение рода.

Знаете ли вы эту легенду?

#aivideo

«Каракалпакский дастан «Қырық қыз қыз» задокументирован и опубликован как произведение каракалпакского народного творчества ещё в середине ХХ века. Да, у казахов, кыргызов, туркменов и других народов тоже есть легенды о сорока девушках. Но похожие легенды не означают, что все они принадлежат одному народу. У каждого народа есть своя история–давайте уважать её, а не устраивать соревнование, кому принадлежит всё на свете.

post.art.olga~Инстаграм
❤14🔥1