QARAQALPAQ SHAYÍRLARÍ TELEGRAM KANALÍ
3.02K subscribers
2.19K photos
603 videos
136 files
1.1K links
Maqsetim:
"Qaraqalpaq 🤵shayır hám 👩‍💼shayıraların tanıtıw".
Siz óz qosıqlarıńızdı kanalımızģa jaylastırmaqshı bolsańız
Bot mánzilimizge jazıń:
➡️ @qqshayirbot

Kanal 2017-jıl 1-iyunda ashıldı.
Download Telegram
ҚАРАҚАЛПАҚТЫҢ

(1993-жыл 9-апрель Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герби қабыл етилген күн)

Тарийхта жазылған халқымның аты,
Ҳақ кеўил, мәртлиги қәдир-қымбаты,
Бүгин суверенли ел салтанаты,
Гербине мөрленген Қарақалпақтың.

Салы масақлары қуяш нурындай,
Ақ пахта, ақ кеўли сулыўлығындай,
Дәрья, теңиз Әмиў, Арал суўындай,
Гербине жарасқан Қарақалпақтың.

Сегиз қырлы сүўрет, бирликтен нышан,
Ярым ай ҳәм жулдыз, халқым мусылман,
Сақыйлықтан дәрек берер ҳәр қашан,
Гербинде Қумай қус Қарақалпақтың.

Өтмиштен сөз ашар «Шылпық» қорғаны,
Сәният, кеўилде алтын шуғлалы,
Суверенли ел атағын алғаны,
Гербине жазылған Қарақалпақтың.

Раўаж Отарбаев✍

Канал👉
@qqshayirlar
🔥19🥰4❤1👎1🆒1😘1
#ҳикмет

Анаңды өмир бойы ийниңде көтерип жүрсең де, сени тоғыз ай көтергениниң ҳақысын орынлай алмайсаң!
Аллаҳым! Мениң анама да, барлық мусылманлардың аналарына да жәннетти несип ет!

Дерек:
paziylet.uz

Канал👉
@qqshayirlar
🙏35🔥12🥰12💯6💘5⚡3❤1
#_Qaraqalpaq_ádebiyatınıń_qos_bayterekleri_97_jasta

SU’YMEGENGE SA’LEM JOQDUR... 


Ashıqlıqtın’ o’z jolı bar, 
Su’ymegenge sa’lem joqdur. 
Sulıwlıqta senin’ menen 
Ba’s baylasar sa’nem joqdur. 


Ashıq baqbas o’z halına, 
Qanat piter qıyalına. 
Mashaqatsız visalın’a
Jetsem degen da’mem joqdur. 


Kelmeli-ketpeli da’wran, 
Bizden o’tip, sizde qalg’an. 
Men g’a’rip da’rtin’nen jang’an, 
Biyda’rtlerge ba’len’ joqdur. 


Bu’lbil an’sar gu’l jamalın, 
Sırtım pu’tin, ishte jalın. 
Ashıq Ayazdın’ ahwalın 
Xatqa salar qa’lem joqdur.


✍Ibrayım Yusupov

Kisiniń bergen qaymaǵınan óz anań bergen ashshı ayran abzalıraq.

✍Tólepbergen Qayıpbergenov
"Qaraqalpaqnama"

Kanal👉
@qqshayirlar
❤‍🔥15❤7🔥2🥰1👌1
25-май сәнесин соңғы қоңыраў сыпатында белгилеў қашаннан басланған?

Соңғы қоңыраўды 25-май сәнесинде белгилеў 1948-жылы Россияда  басланған. Бул дәстүр Краснодар қаласындағы 182-санлы мектеп директоры Фёдор Брюховецкий басламасы менен жолға қойылған.

Канал👉
@qqshayirlar
👍17⚡4❤4
QARAQALPAQ SHAYÍRLARÍ TELEGRAM KANALÍ
25-май сәнесин соңғы қоңыраў сыпатында белгилеў қашаннан басланған? Соңғы қоңыраўды 25-май сәнесинде белгилеў 1948-жылы Россияда  басланған. Бул дәстүр Краснодар қаласындағы 182-санлы мектеп директоры Фёдор Брюховецкий басламасы менен жолға қойылған. Канал👉…
Бугин қағылмақта соңғы қоңыраў,
Мине, питти бугин соңғы сабақлар.
Жазда басыңызға туспесин қыраў,
Шадлы өтсин бул айралық саатлар.

Он жыл сизге тәлим-тәрбия берген,
Он жыл әлпешлеген өз баласындай,
Он жыл билим бақшасынан гул терген-
Устазларды сезиң көз қарасындай!

Олар машақатлы жоллардан өтти,
Олар сизлер ушын бузды тынышын.
Олар өзлерин де умытып кетти,
Сизлерге бир ҳәрип уйретиў ушын!

Кеше емес пе еди туңғыш қоңыраўдың
Мектеп әтирапында шыңғырлағаны?
Дем де шыңларына өрмелеп таўдың,
Тәрк етпек боп турсыз мектеп-ананы.

Енди жаңа жоллар сынайды сизди,
Атлайсызлар жаслық босағасынан.
Он жыл бойы алған билимиңизди
Ядқа тусиресиз тағы басынан.

Ертең ВУЗ лар күтер, күтер уллы өмир,
Күтер жаңа устазлар, жаңа соқпақлар.
Күтер қызғын гурес, машақат не бир.   
Күтер сизлер ушын биймәлим жақлар.

✍Кеңесбай Рахманов

Канал👉
@qqshayirlar
❤19👍6
1-Июнь балалар байрамы байрам сыпатында қашаннан баслап белгилеп келинбекте?

1925-жылы Женевада балалар пәраўанлығына арналған Пүткил дүнья конференциясында шөлкемлестирилген болса, арадан 25 жыл өтип, яғный 1950-жылдан байрам сыпатында белгиленип келинеди.

Әзиз ҳәм қәдирли балалар!

Сизлерди "1-июнь - Халықаралық балаларды қорғаў күни" мүнәсибети менен
@qqshayirlar каналы атынан қызғын қутлықлаймыз.

        ЭХ, БАЛАЛЫҚ...

Ғулы-ғулық жағып аяғымызға,
Тисленип турып хәсс, жуўырар едик.
Лак әрман, бояуға тырнағымызға,
Жас жантақтың суўын жағып мәс едик.

Ылайдан соққанбыз кесе-шәйнекти,
Суўдың жибин "скакалька" қылғанбыз.
Сыпырықтан таўып сынық әйнекти,
Сүтилмек сүтинен саққыз соққанбыз.

Таң атқаннан күн батқанша тынбастан,
Ойнар едик көрместен үй қарасын.
Ерер едик шубырысып қалмастан,
Ишиў ушын кемпир апам жармасын.

Эх, балалық сенде айтар қызық көп,
Айтып кеттим бирли-жарым яднама.
Бийтәшуиш дем еслегенди билдим еп,
Бийғам дәўир, сағынбастан бола ма...

  Г. Нурымбетова

Канал👉
@qqshayirlar
👍12❤3🤩1
@qqshayirlar телеграмм каналы бүгин 9 жаста.

Каналымыздың ашылғанына 9 жыл толыў мүнәсибети менен бәршеңизди қутлықлаймыз
.

    Бизди бақлап барың.


Канал👉
@qqshayirlar
🎉14❤9👍5🤝2
Ассалаума алейкум!🤝

#_ТАҢЛАЎ

Бир инсан пүткил өмири даўамында бахытлы жасапты. Ол ҳәмме ўақыт күлимсирейди, күледи, ҳеш ким ҳәм ҳеш қашан оны қапа ҳалда көрмейди екен. Гейде адамлар бул туўралы оған түрли сораўлар беретуғын еди.

- Неге сиз ҳеш қашан қапа болмайсыз? Қалайынша бәрқулла кеўилли жүресиз? Бахтыңыздың сыры неде?
- Бир ўақытлары мен де сен сыяқлы қайғылы едим. Сонда бирден аңлап қалдым: ақыры бул мениң таңлаўым, мениң өмирим! Бул таңлаў меники: ҳәр күни, ҳәр саат, ҳәр минутта. Сол ўақыттан баслап ҳәр таң, уйқыдан турып, мен өзиме сораў беремен: "Хош, мен бүгин нени таңлайман: қайғы ма яки қуўаныш па?" ҳәм ҳәр күни солай болады, мен қуўанышты таңлайман. Ал, сиз ше? Сиз нени таңлайсыз, қайғыны ма яки қуўанышты ма?

"Қәлбге тәселле жазыўлар" китабынан.

Дерек:
paziylet.uz

Канал👉
@qqshayirlar
❤12💯11
Ҳәр кимниң өзинше өлшеў тасы бар,
Салмағың ол тасқа туўры келмейди,
Жеңил келсең ол күлиўге асығар,
Аўыр келсең, жақтырмайды күнлейди.

✍Ибрайым Юсупов

Канал👉
@qqshayirlar
❤29👍15
#_САЛТАНАТЛЫ_КЕШЕГЕ_МИРӘТ_ЕТЕМИЗ

Усы жылы 5-сентябрь күни саат 10:00 де Бердақ атындағы академиялық музыка театрында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға мийнети сиңген мәденият хызметкери, Бердақ атындағы республикалық сыйлықтың лауреаты,Қарақалпақстан халық жазыўшысы Муратбай Нызановтың 75 жыллығына арналған салтанатлы кеше болып өтеди.
   Кешеде жазыўшының шығармалары тийкарында исленген пародиялар,жанлы ҳаўаздағы бурын атқарылмаған жаңа қосықлар,фильм қаҳарманларының таярлаған сахналық көринислерин көриўиңизге болады.
    Сондай-ақ кешеде Өзбекстанлы жазыўшылар, Өзбекстан кинеметография агентли басшыларының қутлықлаўлары да орын алған.

     Кешени сахналастырыўшы режиссер Дәстан Баймурзаев.

      Ҳәмме қызығыўшыларды кешеге мирәт етемиз.

Канал👉
@qqshayirlar
👍18😍3
Қазандағы бары шөмишке шығады!

Баслаўыш класста оқыйтуғын бала сабақлары тамам болғаннан кейин, оны алып кетиў ушын келген, шаш-сақалына ақ аралаған елиў жаслардағы адамға: "Неге кешиктиңиз, қайда жүрсиз?" деп бақырды.

Буны көрген муғаллим баладан: "Бул адам ким еди, неге оған турпайы сөйледиң?" деп сорады. Бала: "Ол киси мениң айдаўшым", деди. Буны қараң, еле бала бола турып өзинен үлкенге пәс нәзер менен қараў, оннан үстем екенлигин сезиниў бар. Буны ол қайдан үйренди екен?..

* * *
Әдетте "балам" деп жасап, олар ушын барлық шараятты жаратыўға умтыламыз. Бирақ, перзентти материаллық жақтан тәмийинлеў оның бәркамал болып өсиўинде жетерли емеслигин билсек те, бул бағдарда бийпәрўамыз. Ўақты келгенде, баламыздың қәлбинде нелер кешип атырғанына қызығыў түўе, сораўына да дурыслап жуўап бермеймиз.

"Ҳидаят" журналынан

Дерек:
paziylet.uz

Канал👉
@qqshayirlar
💯10👍3
Елимиз ғәрезсизлигиниң 35 жыллық байрам сәнеси,  жаңа оқыў жылы қутлы мүбәрек болсын! .
     Ел-халқыма аманлық, аўызбиршилик,  татыўлық,  мол ырысқы-несийбе,  әўмет,  бахыт,  табыслар тилеймен. Аспанымыз ашық болсын,  тынышлығымызға көз тиймесин! .
      Елимиз ғәрезсизлиги мәңги болсын! .  Қуўаныш ҳәм шадлықлар тәрк етпесин,  
Ғәрезсизлигимиздиң  алтын тойларын белгилеў несип ете берсин! .
    Қуўанышлы күнимиз мүбәрек!!!!!.....


Ҳүрмет пенен

Гулжахан   Исмайлова

@Ismaylova

Канал👉
@qqshayirlar
👍5❤2💔1
ӨМИР КӘРЎАНЫ.

Мәнзил қайда барар, қайда дуз-несийп,
Алдыннан айтпаға қыйындур кесип,
Баратырман мен де журтлар қатары,
Өмир кәрўанына еплеп илесип.

Тырмасаман, көштен қалып қоймаўға,
Тырысаман жолда түсип қалмаўға,
Шарасызлық үстин келген ўақытта,
Мәжбүр болдым тал шыбықты қармаўға.

Көзди ашырмас ҳеш дузлы самаллар,
Жолымды тосады қумлы қамаллар,
Саҳра сынағына берместен төзим,
Жолда қалып кетти қанша адамлар.

Тәғдир самаллары аяўсыз есип,
Жулқылайды арман-берман тиресип,
Жасап билмегенлер түссин кәрўаннан,
Деп турады гейде өмир сиресип.

Ғалма-ғаллы өмирде мен гүресип,
Баратырман, журт қатары илесип
Абайлап басаман ҳәр бир қәдемим,
Кетпейин ийримли қурдымға түсип.

Тоқтамастан жүрсе өмир кәрўаны,
Қәлеўинше сүрсин ҳәрким дәўранды,
Асықпайық, мәнзилге тез жетиўге,
Берекетли болсын жолдың қалғаны.

Мәнзилим қай жерде, қайда дуз-несийп,
Айта алмас ҳешким алдынан кесип,
Баратырман менде журтлар қатары,
Өмир кәрўанына еплеп илесип.

Жумаханова Гулбазар✍

Канал👉
@qqshayirlar
👍14❤3
Президент келеси жылы Бердақ Ғарғабай улы туўылған күниниң 200 жыллығын мәмлекетимизде белгилеў усынысын билдирди.

«Халык ушын»

Жигит болсаң , арысландай туўылған,
Хызмет еткил удайына халық ушын,
Жигит болсаң , арысландай туўылған 
Қашпас ҳәргиз қара бастың ғамы ушын!

Бердақ Ғарғабай улы.
(1827-1900)

Канал👉
@qqshayirlar
👍20🎉3🥰2
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
РФ Президенти В.Путин өзиниң мектептеги билим берген устазының қолын сүйип шексиз ҳүрметин көрсетип атырған сәти.

#_УСТАЗ


Устаз уллы деген, сөз бар атаңнан,
Тамырынан нәр алғызған шақаңнан,
Устазы устамлы шәкирт қашанда,
Бийик шыңды бағындырған жәҳаннан.

Хан болсаңда устазыңа баласаң,
Таң болсаңда устазыңа шаласаң,
Көкирекге билим меҳир ол қуйған,
Сан болсаңда устазыңа дарасаң.

Ийилген бас устазларға ийилгей,
Қәдир ҳүрмет солар ушын тийилгей,
Бир ҳәрип үйреткен устаз кеўлине,
Миллион-миллион жақсылықлар үйилгей.

✍Жаңабай Анетеев.

Канал👉@qqshayirlar
👍10❤4👎1
✍Гулистан Даулетова

 
#_Ҳәзирети_муғәллим

Булақты бағдарлап жолға салғандай,
Билимиң  аш өзекке таткан талқандай,
Кәмил инсан болар тарбия көрген,
Жабайы тал бағда өскен нарт қандай,
Мен нарт шыбык, сиз бағмансыз, муғәллим.

Шәкирт шыңға  шыкса жүзиң жайнаған,
Жылқың таўға шығып, ылақ ойнаған,
Топты жарып елди дүрилдеткендей,
Талпыныс болмаса табыс болмаған,
Тайды тулпар еткен дана муғәллим.

Палапанды бағып, суңқар қылғанлар,
Ўатанды көксиме тумар қылғанлар,
Ел байрағын көкке желбиреткендей,
Бәлент шоққыларға инкар кылғанлар
Көп ишинде орның дара, муғәллим.

Себеби , сиз-бағманысыз өмирдин,
Мағрипаттын пәк нурындай көриндиң,
Терең ақыл, илим, маңлай тер менен,
Сыналап қәлбиме туўған жеримниң ,
Қәдирин сиңдирген, ана муғәллим.

Билим-бахыт бердиң сыйпап басымнан,
Анамдай сыладың жипек шашымнан,
Кишкене бармақларым ийкимге келмей,
«Ш»ны соғалмасам кетпей қасымнан,
Қолыма  қолынды қойдын, муғәллим.

Аш өзектиң демине дем дәрмансаң,
Қолларын кеш сермегенге әрмансаң,
Отта жанбайтуғын байлықты излеп,
Билим теңизинде таллар қармансам,
Көзин шырақ  өзиң дарға муғәллим.

Кәмил инсан елди алға  баслайды,
Ўатан туўын тиклеп қәдем таслайды,
Үлкен көрик танлаў жарыс ўақтында,
Медальларды үйип қырман шашлайды,
Путкил сийнең  ақыл-сана, муғәллим.

Даналық  синдирипсиз ақыл-аңыма,
Нурлы шапақ сыйлап атар таңыма,
Билим-қайтпас даўлет боларын билип,
Бизлерди бағдарлап бахыт бағына,
Киргиздиң, бахтым жанды, қара, муғаллим.

Классласлар жүрмиз еле тараспай,
Айтқаның ядымызда, жүрмиз таласпай,
Сизиң сыннан өтип зорга дегенде,
«Нәренжан үш» алғанлар ҳәм адаспай,
Жүргени де сиз аркалы, муғәллим.

Турмыс өз карўанын алға тартады,
Сағлам әўладына үмит артады,
Берген билиминнен берекет дарып,
Ҳәр шанарақ  ул-кызлары арқалы,
Сиз халықты окытасыз, муғәллим.

Мектеп-саждагаҳың , шәкирт-арыңдур,
Қып-қызыл мийнетиң-отлы жалындур,
Қырман бийик, нанын жуқа болса да,
Жолың  уллы, ҳурмет орның қалыңдур,
Президент қәдирлеген, азиз муғаллим.

Сиз арқалы өсти ақыл санамыз,
Халық, Ўатан-дейди кеўил ханамыз,
Мектеп-мешит, медиресе билгенге,
Зыяратқа  биз мектепке барамыз,
Уллы алым, Ҳәзирети муғәллим..

Канал👉
@qqshayirlar
❤6👍4💔2
1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни менен сизди шын жүрегимнен қутлықлайман. Сизге беккем денсаўлық, сарқылмас күш-жигер тилеймен! Ўатанымыздың гүллеп жаснаўына өзиниң жәрдемин аямайтуғын шәкиртлерди таярлаўдан ҳеш қашан шаршамаң! Машақатлы ҳәм халық ийгилиги жолындағы пидәйы хызметлериңиздиң жемисин көриў несип етеберсин!
Байрам және бир мәрте қутлы мүбәрек болсын!

Ҳүрмет пенен
@qqshayirlar каналы админи
Бекберген Адилбаев!


👉@qqshayirlar
👍4❤3
Бүгин шайыр, художник, бақсы Еркинбай Наметовтың "Мойнақ тәрийпи қыл қәлемде" китабының презентациясы болып өтти.

Канал👉
@qqshayirlar
👍8❤4
Кишкене қыздың қолларында еки алма бар еди. Анасы қызының қасына келди ҳәм:
- Қызым, алмаңның биреўин анаңа бересең бе?
Қыз болса анасына бир қарап алды да, алмалардың биреўин бериўдиң орнына оны тиследи. Арадан ҳеш қанша өтпей-ақ екинши алмадан да бир тислем тиследи. Анасы қызының бул балаларша қызғаншақлығына үндемей күлип қойды. Бирақ, бир неше минуттан кейин кишкене қызы оның қасына келди ҳәм:
- Мынаўы мазалырақ екен - деп оған қолындағы алмалардың бирин берди.
Ана билмей қызғаншақлыққа жорығаны негизинде меҳир екенин соңынан түсинди, қызын қатты баўырына басты.

ДЕРЕК:
paziylet.uz

КАНАЛ👉
@qqshayirlar
👍12❤3😍2