Саламатлық ушын 🩺
3.09K subscribers
3.26K photos
1.23K videos
195 files
4.35K links
ДЕНСАЎЛЫҚ - ТЕРЕҢ БАЙЛЫҚ

Аўырыў азабын саў билмес төсек тартып жатпағанша.
Аш қәдирин тоқ билмес ашлық зарын тартпағанша.

❗Каналдағы рецептлерди шыпакер менен мәсләҳәтлесип қолланғаныңыз мақул.

📝Байланыс ушын➡ @Ikmetov
Download Telegram
Азанда аш қарынға ишилген суў шыпа.

➥
Қантлы диабет, семизлик, гормонал теңсалмақлылық, артрит, аритмия, мигрень, бүйрек жетиспеўшилиги сыяқлы кеселликлердиң алдын алыўға жәрдем береди.

➥ Азанда бир стакан суў ишеклерди тазалаўға, асқазан асты бези ҳәм асқазан жумысын нормалластырыўға жәрдем береди.

➥ Оянғаныңыздан соң бир стакан жыллы таза суў ишиң.
Ҳәжетке шығып болып, және бир стакан суў ишиң, 30-40 минут өтирип таңғы асыңызды ишиң!

➥ Бунда асқазан жуўылады ҳәм күн даўамында өзиңизди қуўнақ ҳәм тетик сезесиз.

️➡️Жақынларыңызға жиберип қойың

✈️Каналға ағза болыў ушын
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍7❤3
Жүриў организмге қандай тәсир көрсетеди?

➥ 3 минут жүриў
- қан басымды нормалластырады;

➥ 5 минут таза ҳаўада жүриў, кейпиятты көтереди;

➥10 минут жүриў, пикирлеўди жақсылайды;

➥ Аўқаттан соң 15 минут жүриў, қандағы қант муғдарын жеңиллестиреди;

➥ Аўқаттан соң 30 минут жүриў, артықша салмақтан қутылыўға жәрдем береди;

➥ Аўқаттан 40 минут жүриў, жасы үлкенлерде жүрек кеселлигиниң алдын алады.

️➡️Жақынларыңызға жиберип қойың

✈️Каналға ағза болыў ушын
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤4👍3
🤢Аяқ ийислениўинен әпиўайы усыл жәрдеминде тез қутылың.

✅ Бир литр жыллы суў, 6 тамшы йод ҳәм 4 ас қасық дуз алың.
Араластырың ҳәм аяқларыңызды төменге түсириң.Толық тикленгенге шекем күнине 5-10 минут даўамында аяқларыңызды еритпеде сақлаң.
3-4 күнде нәтийжесин сезесиз.

️➡️Жақынларыңызға жиберип қойың

✈️Каналға ағза болыў ушын
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤5👍2
Басы тез-тез аўырып туратуғын инсанларға усыныс:

  ✅ 
10-15 дана мазалы бадамды шағып, дәнесин 1-2 шай қасық қумшекер менен араластырып, жақсылап майдалаймыз (ун жағдайына келемен дегенши).
Бас аўырған ўақытта араласпадан 1-2 шай қасық жесеңиз, басыңыз аўырғаны қояды.

️➡️Жақынларыңызға жиберип қойың

✈️Каналға ағза болыў ушын
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤3👍2
🔰Денемизди кеселликлерден ескертетуғын 10 жағдай

1. Жарылған еринлер. Еринлер кеўип, жарылса, сондай-ақ шашлар да түсип басласа, бул В2 витамининиң жетиспеўшилиги ҳаққында дәрек болыўы мүмкин. Мәйек, писте, соя, алмурт, капуста, помидордан көбирек қабыл етсеңиз, кеткизилген витамин орнын тез тиклейсиз.

2. Тилдиң ақ болыўы. Негизи адам аш қалғанда, аязлағанда тилдиң бети ақшыл түске киреди. Бирақ ақшыл тилдиң шети қызарып қалыўы гастрит белгилеринен бир есапланады. Бундай жағдайларда, әлбетте, шыпакер қабыллаўынан өтиў тийис.

3. Тилдеги аш күлреңлик. Тил бетиндеги бундай жағдай асқазан-ишек искерлиги бузылғанының белгиси. Соның менен биргеликте, тери қурғаўы, еринлердиң исип кетиўи бақланса, организмиңиздиң темир элементине болған мүтәжлиги күшейген болыўы мүмкин. Зәрүр илажлар: азлаў кофе ишиң, шай болса суйық демленген болсын, сондай-ақ, көбирек петрушка, баўыр, алма ҳәм цитрус мийўелерден жең.

4. Аўыз қуўыслығының кебиўи. Денениң руўхый зорығыў ҳәм тәшўишлерге болған нормал реакция. Егер қурғақлық узақ даўам етсе, сизге В3 витамини жетиспей атырған болады. Бул витамин таўық гөши, ғозалар ҳәм мал гөшинде көп. Базы ҳалларда аўыз қуўыслығындағы қурғақлық қантлы диабеттиң басланып атырғанынан дәрек бериўи мүмкин. Сол себепли машқалаға итибарсыз болмаң.

5. Аўыздан жағымсыз ийис келиўи. Егер бул жағдай тислер тазалығына ҳәм басқа факторларға байланыслы болмаса, дәрриў қандағы қант муғдарын анықлаң, бөтеке ҳәм баўырдың жағдайын тексериў ушын анализлер тапсырың. Созылмалы бронхит пенен кеселленген наўқасларда да аўыздан ийис келиў жағдайлары болады.

6. Териниң қыршылыўы, қабық таслаўы. Организмге А ҳәм В2 витаминлери жетиспей атырғанынан дәрек. Дурыс ҳәм өз ўақтында аўқатланыў бул жағымсыз жағдайды сапластырады. Егер тери қыршылыўы қышыў менен биргеликте болса, грибоклы кеселликлердиң белгиси есапланады. Тез де шыпакерге хабарласың.

7. Лимфа түйинлериниң үлкейиўи. Әдетте, бундай жағдай аязлағанда бақланады. Шыпакерге барыўды кешиктирмең.

8. Киши дәрет реңиниң өзгериўи. Ол тоқ түске кирген болса, онда бир күнлик нормадан аз муғдарда суў ишип атырсыз. Бирақ тоқ реңли киши дәрет бөлиниўи температура менен бақланса,, сизди, қыстаўлы уролог шыпакерге көриниң.

9. Мурыннан тез-тез қан ағыўы. Турақлы қан басымын өлшеп барың, егер қан басымыңыз жоқары болса, себеби гипертония, емлениң. Егер қан басымы нормада болса, демек сизге К витамини жетиспей атыр. Аўқатыңызға капустаны көбейтин. Ҳәр итималға қарсы, шыпакер менен ойласың.

10. Көп терлеў. Қалқан тәризли безди тексертиң. Егер түнде жүдә қатты терлеп атырған болсаңыз, нервларыңыз қатты шаршаған. Шыпакер мәсләҳәти менен тынышландыратуғын дәрилерден ишиң. Денеңиздеги өзгерислерге итибарлы болың. Кеселликти емлегеннен көре, оның алдын алған мақул.

️➡️Жақынларыңызға жиберип қойың

✈️Каналға ағза болыў ушын
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤2
Иш кетиўин бир күнде тоқтатыў.

🔶 Буның ушын 0.5 литр жыллы суўға 1 шай қасық ас дузы, 4 шай қасық қумшекер салып еритиледи ҳәм жақсылап араластырамыз.

🔶Кунине 3 мәҳәл аўқаттан алдын жас балаларға 1 шай қасықтан, үлкенлерге 50 мл. дан ишириледи.

‼️Еслетпе: Қан басымы жоқары болса дуз қосыў мүмкин емес.

️➡️Жақынларыңызға жиберип қойың

✈️Каналға ағза болыў ушын
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🟡 Йод торы: Сыналған ҳәм нәтийжели усыл 🩺

Йод торы — аязлаў, жөтел, булшық ет ҳәм буўын аўырыўлары ҳәм исиклерде жәрдем беретуғын әпиўайы ҳәм пайдалы ем.

📝 Қалай дурыс қолланылады?
Пахталы таяқша жәрдеминде териге 1x1 см көлемде тор сызылады. 🖍️

Жөтелде: көкирек ямаса арқа тәрепине.
Ангинада: мойын тәрепке (қалқан тәризли безге тийгизбестен!). ⚠️
Буўын аўырыўларында: аўырып атырған дизе, шығанақ ямаса белге.

Ўақты: Емлеўди кеште, ҳәптесине 2-3 мәртеден аспаған ҳалда орынлаған мақул.

️➡️Жақынларыңызға жиберип қойың

✈️Каналға ағза болыў ушын
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤7
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
❓​​Не ушын машинада отырғанда жүрегимиз көтерилип қусамыз?

️➡️Жақынларыңызға жиберип қойың

✈️Каналға ағза болыў ушын
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
​​Шашты жуўмасаңыз не болады?😱

️➡️Жақынларыңызға жиберип қойың

✈️Каналға ағза болыў ушын
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ләблеби ҳәм жыллы суў - семизликке қарсы.

✅ Таярлаў: Семизликтен қутылыўдың және бир нәтийжели усылы бул организмди артықша токсинлерден тазалаў болып есапланады.
Буның ушын сизге керек болады: ләблеби ҳәм жыллы суў. Ләблебини қайнатып писириң, оны киши қырғыштан өткериң ҳәм зайтун майы менен араластырың. Ләблеби салатын жатыўдан алдын жең ҳәм кейнинен бир стакан жыллы суў ишип уйқылаң. Бир айда нәтийжесин көресиз.

️➡️Жақынларыңызға жиберип қойың

✈️Каналға ағза болыў ушын
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤2
Жүзиңизди тегис ҳәм тынық қылыў ушын рецепт.

✅ РЕЦЕПТ
• 1 шай қасық лимон шербети
• 25 гр дрож
• 1 ас қасық қам сүт

✅ Барлық өнимлерди араластырып, жүзге сүртип, 20 минут күтемиз. Соң таярланған нықапты жыллы суў менен жуўып таслаймыз.

️➡️Жақынларыңызға жиберип қойың

✈️Каналға ағза болыў ушын
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤3
☝️ҚАЙСЫ ВИТАМИН ҚАНДАЙ ЎАЗЫЙПАНЫ АТҚАРАДЫ?

👉А витамини — терини жумсартып, шаш төгилиўиниң алдын алады;
👉Bf витамини — тырнақ ҳәм шашлардың беккемлиги ушын хызмет етеди;
👉В2 витамини — организмдеги клеткаларда белсендиликти күшейтеди;
👉В5 витамини — ерте қартайыўдың алдын алады;
👉В6 витамини — зат алмасыўын күшейтеди;
👉Н витамини — териниң қурғақласыўы, қыршылыўы ҳәм шашлардағы пигмент процеслериниң алдын алады;
👉С витамини — антиоксидант, иммунитетти көтерип, қан тамырлары дийўалын беккемлейди;
👉D витамини — сүйеклер талшығын беккемлейди;
👉Е витамини — қартайыў процесин пәсеңлетеди;
👉Цинк (рух) — шаш ҳәм тырнақлардың тәбийий қурамын тиклеўге көмеклесип, бөртпелерден қорғайды;
👉Калий — булшық етлердиң әззилеўиниң алдын алады;
👉Кремний — коллаген ислеп шығылыўы ушын әҳмийетли болып, шаш ҳәм тырнақларды беккемлейди.
👉Магний — нерв талшықлары искерлигин нормалластырады;
👉Кальций ҳәм фосфор — тислер, тырнақ ҳәм шашларды беккемлейди.

️➡️Жақынларыңызға жиберип қойың

✈️Каналға ағза болыў ушын
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤4
❓Артықша дуздың зыянлы тәреплерин билесиз бе?

🔘 1 гр ас дузы денедеги 100 мл суйықлықты услап турады. Артықша натрий денедеги артықша ығаллықтың сақланып қалыўына себеп болады, бул болса бүйрек, жүрек яки баўыр жетиспеўшилиги бар наўқаслар ушын қәўипли.

🔘 Көп мўғдардағы натрий асқазанның силекейли қабатына кери тәсир көрсетеди, бул болса асқазан кеселликлериниң раўажланыў қәўпин асырады.

🔘 Артықша дуз асқазан асты безине кери тәсир етеди ҳәм диабеттиң раўажланыўына алып келиўи мүмкин.

🔘Күнлик дуз нормасы 5,0 грамға шекем яки одан да кемейтилсе, ҳәр жылы дүнья бойынша 2,5 миллионға жақын инсанның өлиминиң алдын алыў мумкин.

️➡️Жақынларыңызға жиберип қойың

✈️Каналға ағза болыў ушын
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤3👍2
❓Овуляция күнлери қалай есапланады

✅ Овуляция — мәйек клеткалардың жетилип, мәйеклик безинен ажыралып шығыўы. Овуляция себепли сперматозоидлар мәйек клетканы туқымландырады ҳәм ҳәмиледарлық басланады.

✅ Овуляция орташа есапта ҳайз (етек келиўи) циклиниң 14-күнине туўры келеди. Бунда хайз келиўи баслаған күн 1-күн деп есапланады.

✅ Овуляция күнин ҳешким алдынан анық айта алмайды. Жоқарыда келтирилген күнлер ҳәм овуляция итималы жоқары болған күнлер есапланады.

️➡️Жақынларыңызға жиберип қойың

✈️Каналға ағза болыў ушын
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤1
ОРГАНИЗМДИ ДУЗДАН ТАЗАЛАЎ УШЫН

Азанғы ўақыт аш қарынға бир қысым кишмиш жең. 2-саат даўамында ҳеш нәрсе ишпең ҳәм жемең.
Ертеси күни азанда бир қасық пал жең, сондай-ақ, 2-саат даўамында ҳеш нәрсе ишпең ҳәм жемең. Кишмиш ҳәм пал таўсылғанға шекем, сол усылда алмастырып даўам етиң. Бунда сиз 1 кг пал ҳәм кишмиш алыўыңыз керек.

Буўынлар аўырыўының алдын аласыз.

️➡️Жақынларыңызға жиберип қойың

✈️Каналға ағза болыў ушын
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍5
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
​​‼️Давлениясы төмен түсип жүретуғынлар көрсин.

️➡️Жақынларыңызға жиберип қойың

✈️Каналға ағза болыў ушын
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤4👍1
📍Еркеклер гормоны тестостеронды қалай көбейтиўге болады?

⭕️ Тестостеронды кемейтиўши факторлар:

✔️Кем ҳәрекетлиниў
✔️Алкоголь ҳәм темеки
✔️Кем аўқатланыў
✔️Семизлик
✔️Тәртипсиз жынысый қатнас
✔️Стресс
✔️Уйқысызлық
✔️Айырым дәрилер

⭕️ Тестостерон кемлигиниң белгилери:

✔️Депрессия
✔️Импотенцияның (Жынысый бейимлик) кемейиўи
✔️Семизлик
✔️Феминизация (денедеги түклердиң түсиўи) ҳәм гинекомастия (сүт безлериниң үлкейиўи)
✔️Булшық етлер массасының кемейиўи
✔️Есте сақлаўдың бузылыўы

⭕️ Тестостеронды үй шараятында
көбейтемиз?

💊Цинк микроэлементи тестостерон ислеп шығарыў менен туўрыдан-туўры байланыслы. Ол теңиз өнимлери: балық, ғоза, мәйеклер: айғабағар ҳәм қабақ, сыр, айырым палыз өнимлеринде көп болады.

🧋Кофе ишиўди шеклеў — Турақлы кофе ишиў тестостеронды муғдарын кемейтеди

😴 Уйқы — Тестостерон муғдарын көбейтиўге күнине 7-8-9 саат уйқылаў усыныс етиледи.

️➡️Жақынларыңызға жиберип қойың

✈️Каналға ағза болыў ушын
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤2
❓Тар иш кийим ер адамлардың саламатлығы ушын қәўипли ме?

🔶 Алымлар тар ҳәм қатты иш кийимлер сперматозойдлар концентрациясы ҳәм ҳәрекетшеңлигин кемейтиўи анықлады. Изертлеў нәтийжелери танымалы Human Reproduction журналында басып шығарылды.

❗️Тар яки қатты иш кийимлер мәйеклерди қыздырып, ҳаўа киргизбейди. Бул жағдайдың узақ даўам етиўи, мәйеклер искерлигине кери тәсир көрсетеди. Алымлар кең, жумсақ, ҳаўа өткизиўшеңлиги сапалы болған иш кийимлерден пайдаланыўды усуныс етеди.

️➡️Жақынларыңызға жиберип қойың

✈️Каналға ағза болыў ушын
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤3
⚜Шаш түсиўиниң тийкарғы себеплери

▶️Асқазан-ишек тракти искерлигиниң бузылыўы. Микроэлементлер, витаминлер ҳәм пайдалы элементлердиң сорылыўы бузылады ҳәм керекли жерге жетип бара алмайды. Нәтийжеде шаш тамырында азықланыў бузылады.

▶️Созылмалы стресс.
Бул кортизол гормоны муғдарының асыўы менен байланыслы - пайдалы элементлерди бөлеклеп таслайды ҳәм шаштың азықланыўы бузылып, түседи.

▶️Гормонал системадағы өзгерис.
Жүклилик, туўыў ҳәм аборт, емленбеген қалқан тәризли без кеселликлери ҳәм ҳәрқандай гормонал дәрилерди қадағалаўсыз ишиў.

▶️Жарақатлар.
Шашлардың зыянланыўы ямаса күйиў нәтийжесинде зыянланады ҳәм нәзик сынып түсе беретуғын болып қалады.

▶️Надурыс аўқатланыў.
Темир, белок ҳәм көплеген витаминлер ҳәм минераллардың жетиспеўи.

▶️Механикалық тәсир.
Турақлы ҳәдден тыс қатты шаш түйдеги ямаса қатты бас кийимлер шаштың тамырында қан айланыў бузылыўына себеп болады ҳәм азықланыў бузылыў есабына шашлар түседи. 

🔰Шашларыңыз көркем болыўы ҳәм түспеўи ушын ең дәслеп себебин анықлап, жоқарыдағы жағдайларды сапластырыўға ҳәрекет етиң.

️➡️Жақынларыңызға жиберип қойың

✈️Каналға ағза болыў ушын
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤3