Саламатлық ушын 🩺
3.02K subscribers
3.27K photos
1.23K videos
195 files
4.36K links
ДЕНСАЎЛЫҚ - ТЕРЕҢ БАЙЛЫҚ

Аўырыў азабын саў билмес төсек тартып жатпағанша.
Аш қәдирин тоқ билмес ашлық зарын тартпағанша.

❗Каналдағы рецептлерди шыпакер менен мәсләҳәтлесип қолланғаныңыз мақул.

📝Байланыс ушын➡ @Ikmetov
Download Telegram
Чайды ҳәдден тысқары көп ишиў асқазан-ишек системасы машқалаларына алып келеди, ─ эндокринологлар.

Бул танин элементине байланыслы болып, артықша чай ишиў денениң суўсызланыўына, нерв машқалаларына ҳәмде уйқысызлыққа себеп болады.

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍7
❗️Араб қурмасын (финики) тез-тез жеп турыўға 10 себеп

1. Қурма жүрек, баўыр ҳәм бүйреклерди беккемлейди;
2. Организмниң кислота-силти балансын сақлайды;
3. Қанды тазалайды, кемқанлық ҳәм гипертониклер ушын пайдалы;
4. Иммунитетти асырады;
5. Ишеклерде пайдалы микрофлораны сақлайды;
6. Өкпе искерлигин жақсылайды;
7. Жөтелди азайтады ҳәм қақырықты шығарып таслайды;
8. Жүрек искерлигин күшейтеди;
9. Тетиклестириўши қәсийети жүдә жоқары;
10. Узақ даўам еткен кеселликтен тезирек саўалып тиклениўге жәрдем береди.

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍16
📍Ең көп аллергия шақырыўшы үш өним:

▫️ сүт;
▫️ теңиз өнимлери;
▫️ ғоза

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍1
📍Артроз ҳәм дизе жарақатынан кейин пайдалы болған шынығыў

▪️ Аяқларды тегис қойып, қолларды дене бойлап жайып жатамыз.
▪️Нәўбетпе-нәўбет аяқларды дизеге шекем бүгип, кейин өз орнына қайтарамыз.
▪️ Бүгиў ўақтында биз жанбасқа табанды тийгизиўге ҳәрекет етемиз (қолыңыз бенен жәрдем бериўиңизге де болады).
▪️Шынығыўды 15-20 мәрте орынлаў керек.

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍11
🔕 Стресс ўақтында организмде жүз беретуғын жағдайлар

☑️ Тез-тез бас аўырыўы.
☑️ Тутлығыў.
☑️ Тамыр тартысыўы.
☑️ Тоңыў яки көп терлеў.
☑️ Аўыздың қурыўы.
☑️ Түсиниксиз аллергиялық реакциялар.
☑️ Герпес.
☑️ Асқазанның күйиўи.
☑️ Сидик тута алмаў.
☑️ Уйқының бузылыўы.
☑️ Иш кетиўи.
☑️ Турақлы шаршаў.

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍10😱2
👀 Көзимиз ушын пайдалы өнимлер: 👇
- Гешир
- Қабақ
- Көк шөплер
- Балықлар
- Лобия, горох
- Ғоза
- Сүт өнимлери
- Пал

Көз ушын зыянлы өнимлер👇
- Кофе.
- Дуз
- Мазалы затлар
- Спиртли ишимликлер
- Майлы аўқатлар

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍7
❗️АШШЫ АЎҚАТ ӨМИРДИ УЗАЙТАДЫ

👉Гарвард денсаўлықты сақлаў мектеби тәрепинен өткерилген изертлеўлерге қарағанда, күнине бир мәрте ашшы аўқат жеп турыў кеселликлерден өлим қәўипин 14 процентке азайтады.

👉Ашшы азық-аўқат қурамында биологиялық актив затлар "жаман" холестеринди азайтыўы ҳәм триглицеридлердиң саламатлық дәрежесин сақлап турыўы мүмкин.

🚀Жақынларға жиберип қоямыз

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍15
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Таңғы тилек


Ассалаўма әлейкум ҳүрметли канал ағзалары
                          
🌼☘️ Жаңа ҳәптениң биринши күни мүбәрек болсын!

🌼☘️ Жаңа ҳәптеден үмит еткен барлық жақсы нийетлериңиз әмелге ассын!

🌼☘️ Күниңиз мазмунлы ҳәм жақсы хабарларға толы болсын!

🌼☘️ Ҳәр бир қайырлы исте Аллаҳ таала жәрдемшиңиз болсын!

🌼☘️ Күниңиз қуўанышта ҳәм ийгиликли ислер менен және де мазмунлы өтсин!

🌼☘️ Жақсылық ҳәм жақсылар мудамы жолдасыңыз болсын!

🚀Каналға ағза болың

👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
🙏18
❗️Муздай шай бүйреклерде тас жыйнайды

✅ Чикогодағы Лоёла университети медициналық орайы муздай шай инсан саламатлығы ушын қәўипли екенлигин анықлады.

✅ Изертлеўшилердиң айтыўына бола, муздай шай қурамындағы затлар бүйреклерде тас пайда болыўына алып келеди.
Олар бул кеселликке бейим болған адамлар имкәни барынша муздай шай ишпеў кереклигин атап өтти.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍12
Қатық ишиң, қартаймайсыз!

✅Узақ өмир көриўди қәлесеңиз, ҳәр күни бир стакан қатық ишиң. Сонда организмиңиз күн сайын жасарып барады.

✅Ашыўшақ ҳәм иштейиңиз болмаса, азанғы астан ярым саат алдын бир стакан қатық ишип алың. 

✅Жатардан алдын ишилген бир стакан қатық асқазан-ишеклерге жақсы тәсир көрсетип, тынышландырады. 

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍15❤4
Жүректи беккемлеў

✅ Жүректи беккемлеў ушын ҳәм жүрек жетиспеўшилиги болса, бул инфузионды ишиў пайдалы.

✅ Қурамы:
• 2 ас қасық кишмиш
• 2 ас қасық майдаланған лимонның қабығы
• 1 стакан қайнаған суў

✅ Қақпағын жақсылап жаўың ҳәм 1 саатқа қалдырың. Аўқаттан 30 минут алдын күнине 3 мәрте 1/3 стаканнан ишиң.

🚀Каналға ағза болың

👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍5
❓Баланы жөтел қыйнаса не ислеў керек?

✅ Балаларды жөтел қыйнағанда, төмендеги мәлҳәм жақсы нәтийже береди.

✅ Буның ушын суйық палға тең муғдарда жылытылған зайтун майын қосып, жақсылап араластырылады. Балаларға мәлҳәмнан 0,5-1 шай қасықтан күнине 3-4 мезгил бериледи.

✅ Мәлҳәм баланың көкирек ҳәм арқа жаўын аралығына сүртиледи.
Буны қолланғанда, баланың дене температурасы көтерилмеген болыўы керек. Бала азаплы жөтелден бир ҳәптеде қутылады.

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍9🔥2
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
❗️Инсанның ең үлкен байлығы, бахыты бул оның он еки мүшеси саў болыўы екен.

☝️Ҳәр бир ағзаңызды барында қәдирлең!


🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍19
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#таңғы_тилек

🌺 Ийгиликли әмеллер қылыў ушын имканият берип, таңда оятқан Аллаҳ таалаға шүкирлер болсын!

🌺 Аллаҳ таала бул муқаддес айда қылып атырған ибадатларыңызды қабыл етсин!

🌺 Жаңа күннен үмит еткен мақсетлериңизге жетиўиңизде Аллаҳ таала жәрдемшиңиз болсын!

🌺 Күниңиз — жақсылық пенен басланып, үйлериңизге тынышлық ҳәм береке алып келсин!

🌺 Шаңарағыңызды бахыт, әўмет ҳеш қашан тәрк етпесин!

🤲 Бүгинги күниңиз нийет еткениңизден де абзал ҳәм пайызлы өтсин!


🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
🙏12👍3
❓Буўынлардан дузды қалай жоқ етиў мүмкин?

‼️ Барлық зыянлы затлар әсте-ақырын буўынларда топланады ҳәм бул қолайсызлықларды келтирип шығарады. Бирақ, бул процесслерди тоқтатыўға болады. Келешекте жүз бериўи мүмкин болған асқыныўлардың алдын алыў ушын бул машқаланы өз ўақтында жоқ етиў керек.

✅Рецепт:
👉 5 г лавр жапырағын алың,
👉 300 мл суўға салып, 5 минут қайнатың,
👉 Термосқа салың ҳәм 3-4 саат тындырың, соң сүзип алың.
👉 Усы демлемени 12 саат ишинде ишиў керек.

‼️ Буны 3 күн избе-из орынлаў ҳәм бир ҳәптеден кейин тәкиралаў керек!

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍8
❓Жаяў жүриў организмге қандай тәсир көрсетеди?

➖ 3 минут жүриў - қан басымын түсиреди;

➖ 5 минут таза ҳаўада жүриў - кейпиятты көтереди;

➖ 10 минут жүриў - пикирлеўди раўажландырады;

➖ Аўқаттан соң 30 минут жүриў - артықша салмақтан сақлайды;

➖ Аўқаттан соң 40 минут жүриў - қартайған адамларда жүрек кеселликлериниң алдын алады.


🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍7
❓НЕ УШЫН ҚЫСТА ТОБЫҚТЫ АШЫП ЖҮРИЎ ҚӘЎИПЛИ?

🚶‍♂️Жаслар арасында модаға айланған аяқтың тобық бөлимин суўық күнлерде де ашып жүриў жағдайларын жүдә көп көргенбиз ҳәм бул денсаўлық ушын зыянлы!

🥶 Тобықларды ашып жүриўди жақсы көретуғынлар суўықтан абайлаўы керек. Себеби денениң усы ашық жерлеринде сезгирлик төмен болады соның себебинен суўықты онша сезбейди (аяқ бармақларынан парықлы түрде) ҳәм биринши дәрежели суўық урыўын сезбеўи мүмкин!

📌 Бул келешекте артрит, артроз, ревматизм, буўынлар атрофиясы, аяқ тамырларында өткизиўшеңликтиң пәсейиўи ҳәм басқада кеселликлерге себеп болады.

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍9
АНЕМИЯДА (темир жетиспеўшилиги кемқанлығы) АЎҚАТЛАНЫЎ.

Рецепт:

— Жеген аўқатыңыз қурамындағы темир (Fe) элементи ишеклерде жақсы сорылыўы ушын витамин “C” ға бай: лимон, апельсин, мандарин, қызыл балгар бурышын аўқат пенен жеўиңиз керек.

— Изретлеўлерден белгили, кофе темирдиң сорылыўына 40% ке шекем, шай болса 98% ке шекем қарсылық етеди.

❗️Соның ушын кофе ҳәм шайды аўқаттан кеминде 1 саат алдын яки 2 сааттан кейин ишиң.

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍13
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
❓5 күн даўамында лимонлы шай ишсеңиз, организмде нелер өзгереди?

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍10
❓Өт қалтада тас пайда болмаўы ушын не ислеў керек?

◽️Өт қалтаны таслардан сақлайтуғын 4 тийкарғы қағыйда бар.

🔹Режели аўқатланыў. Биз имкәны барынша холестерин муғдары жоқары болған аўқатлардан қашыўға ҳәрекет етиўимиз керек. Бул майлы гөш, қатты сыр, маргарин ҳәм мазалы затларды шекленген муғдарда жеў керек екенлигин билдиреди.

🔹 Күнине аз-аздан, 5-6 мәрте аўқатланыў керек.

🔹Физикалық активлик. Ол барлық органлар ҳәм системаларды, ҳәттеки өт қалтаны да жақсылайды.

🔹Өз салмағыңызды бақлап барың. Аўырлық қанша көп болса, бир неше "тас" жыйналыў қәўипи сонша жоқары болады.

🚀Каналға ағза болың
👉@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН
👍10