Саламатлық ушын 🩺
3.03K subscribers
3.27K photos
1.23K videos
195 files
4.36K links
ДЕНСАЎЛЫҚ - ТЕРЕҢ БАЙЛЫҚ

Аўырыў азабын саў билмес төсек тартып жатпағанша.
Аш қәдирин тоқ билмес ашлық зарын тартпағанша.

❗Каналдағы рецептлерди шыпакер менен мәсләҳәтлесип қолланғаныңыз мақул.

📝Байланыс ушын➡ @Ikmetov
Download Telegram
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🌼☘ Ҳәптениң пийшемби күни мүбәрек болсын!

🌼☘ Бүгин барлық жақсы нийетлериңиз әмелге ассын!

🌼☘ Күниңиз мазмунлы ҳәм жақсы хабарларға толы болсын!

🌼☘ Ҳәр бир қайырлы исте Аллаҳ таала жәрдемшиңиз болсын!

🌼☘ Күниңиз қуўанышта ҳәм ийгиликли ислер менен және де мазмунлы өтсин!

🌼☘ Жақсылық ҳәм жақсылар мудамы жолдасыңыз болсын!

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
👍7
🍌 БАНАННЫҢ ҚАНДАЙ ПАЙДАЛЫ ҚӘСИЙЕТЛЕРИ БАР?

✅ Банан депрессияға қарсы гүресте жәрдем береди. Себеби ондағы триптофан бахыт гормоны синтезинде қатнасады.

✅ Сүйеклерди беккемлейди.
Тийкарынан бул кофени жақсы көретуғынлар ушын зәрүр. Себеби кофе организмнен калцийди шығарып жибереди, банан болса керисинше.

✅ Банан иш қатыўы менен аўырғанлар ушын жүдә пайдалы. Турақлы банан жеп турыў бул машқаладан қутылыўға жәрдем береди.

✅ Асқазан жарасы.
Банан асқазан жарасын емлеўде жәрдем береди.

Сиз банан жеп турасыз ба?

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
👍19❤1
КӨК ШАЙДЫҢ ПАЙДАЛАРЫ

🔵Тери тесиклерин үлкейтеди, тер ажыралыўын күшейтеди. Тәсиршең терини тынышландырып, асқынланыўға қарсы тәсир көрсетеди.

🔴Көк шай шлакларды, аўыр металларды шығарады, компьютер ҳәм телевизордан нурланыўдың алдын алады. Қан ҳәм зат алмасыўын жақсылайды.

✅Қурамындағы полифен элементи өспелерге қарсы гүреседи, ҳәтте айырым өспелерди өсиўден тоқтатады.

🔵Көк шайда С витамини лимондағыдан 4 есе көп, онда бактерияларға қырғын келтиретуғын антиоксидантлар бар.

🔴Көк шай жүрек искерлигин турақластырып, шаршағанды шығарады.

✅Көк шайдағы танин аўқаттың сиңирилиўин тезлестиреди.

🔵Көк шай клеткалардың қартайыў процесин пәсеңлетеди.

🔴Көк шай склероз, гипертония ҳәм бас мий тромбларының алдын алып, қан тамырлардың ишки дийўалында май қатламларының пайда болыўын төменлетеди.

✅Көк шай өмирди узайтады ҳәм жүректи саламатластырады.

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
👍18
❗️МУРЫННАН ҚАН КЕТКЕНДЕ БАСТЫ АРҚАҒА ШАЛҚАЙТПАҢ!

🔶 Мурыннан қан аққанда наўқас басын жоқарыға яки арқаға шалқайтса қан аўыз-жутқыншақ арқалы дем алыў ҳәм ас сиңириў ағзаларына ағыўды баслайды, бул кеўил айныўы ҳәм қусыў рефлексин келтирип шығарыўы мүмкин.

🔷 Екиншиден, бул жағдайда наўқас қанша муғдарда қан жоғалтқаны да белгисиз болады, нәтийжеде наўқастың реал жағдайын баҳалаў имкәни кемейеди.

❗️Мурыннан қан кеткенде басты төменге қаратып, наўқастың бет ҳәм маңлай бөлимлерине музлы қалташа яки суўық суў менен ығалланған материал қойыў керек. Егер қан кетиўи 5-10 минут даўамында да тоқтамаса, тезлик пенен шыпакерге мүрәжәт етиў керек!

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
👍22
💪🏼 Не ушын бөдене мәйегин жеп турыўымыз керек?

✅ Бөдене мәйеги күшли иммунитет дереги.

✅ Оның ушын ҳәр күни азанда аш қарынға 2 дана бөдене мәйегин писпеген жағдайда жеў керек.
2-3 ай даўам еткен емлеў, әлбетте, өз нәтийжесин береди.

✅ Бир дана бөдене мәйегиниң калорияси 150 гр қара малдың гөшине тең.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
👍13
🙇🏻‍♂ БАС АЎЫРЫЎЫНЫҢ СЕБЕПЛЕРИ:

👉 Еңсе бөлиминде аўырыў — жоқары қан басымында яки еңсе нервлери невралгиясында.

👉 Маңлай бөлиминдеги аўырыў — мурын бослығы яки көз кеселликлеринде.

👉 Бастың ярымында приступлы аўырыў — мигреньде.

👉 Диффуз яғный пүткил бастағы аўырыў — қан тамыр кеселликлеринде.

👉 Бас мийдиң "обруч" сыяқлы қысып аўырыўы — неврастенияда.

👉 Азанда бастың аўырыўы — бас мий ишки басымының артыўы (черепная давления).

👉 Күнниң ақырында (кеште) бастың аўырыўы — қатты шаршаўдан болыўы мүмкин.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
👍12
Пияздың пайдалы тәреплери

🧅 Пияз қарын аўырыўын даўалаўда , жуўан ишек исиўи, атеросклероз (қан тамырлар еластиклигиниң кемейиўи ), гипертония (қан басымының артыўы ), грипп сыяқлы кеселликлерди емлейди.

🧅 Пияз препаратлари күшли антибактериал өзгешеликке ийе болып, оннан таярланған сүртпе (мазь) қыйын питетуғын ириңли жараларды емлеўде қолланылады.

🧅 Жөтел ҳәм қақырық ўақтында пияз салып қайнатылған сүт нәтийжели жәрдем береди.

Буннан тысқары, шаш төгилиўи ҳәм қайызғақты кетириўде пияздан таярланған нықаплардан пайдаланыў жүдә орынлы болып табылады.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
👍13
🫀ЖҮРЕК УШЫН ПАЙДАЛЫ ӨНИМЛЕР

Чеснок
Күшли антиоксидант болған чеснок, қурамындағы белсенди затлар себепли қан тамырлардың тығылып қалыўы, қан басымы ҳәм қандағы майларды кемейттириўде әхмийетли рөл ойнайды. Бул холестеринниң қан тамырларға зыян жеткизиўиниң алдын алады. Ҳәр күни 1 дана чеснок жеўдиң өзи жеткиликли болады. Бирақ, сиз қанды суйықластырыўшы, қан басымын түсиретуғын  дәрилерди жесеңиз, чеснок жеў мәсләҳәт етилмейди.

Ләблеби
Ләблеби калий хәм фосфор кислотасының кәни есапланады. Бул жүда төмен калорияға ийе палыз өними. Палыз өнимлери ишинде ең тәбиий шекерди өз ишине алған өним.

Ғарбыз
Ғарбыздағы затлар қан айланыўын тәртипке салады хәм жүректи беккемлейди.

Алма
Күнине бир дана алма жеў жүрек кеселликлери қәўипин кемейттиреди, әсиресе жаман холестеринди азайтады.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
👍21
🍯 Кеште пал қосылған жыллы суў ишиў пайдалы

🔻 Энергия дереги: түнде пал ишип уйқыласаңыз, азанда тетик болып оянасыз.

🔻Уйқыны жақсылайды: пал тәбиий тынышландырыўшы зат. Бул мелатонин ислеп шығарылыўын жақсылайды. Кеште 1 шай қасық пал жақсы дем алыўды тәмийинлейди. Әсиресе, ромашкалы шай менен ишсеңиз.

🔻 Артықша салмақтан қутыласыз. Майды еритиў механизмлери кеште жақсы ислейди. Палдың майды еритиў қәсийетлери метаболизмниң тезлесиўине тийкарланған.

🔻Баўыр искерлигин жақсылайды: пал ҳәм қабақ шербети баўырдан токсинлерди алып таслаўға жәрдем береди.

🔻 Иммунитет системасын беккемлейди: чеснокты тазалаң, майда бөлеклерге бөлиң, пал қосып араластырың. Кеште 1 шай қасықтан бул араласпаны ишип турсаңыз, иммунитетти беккемлейди.

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
👍12
📍Егер перзентиңиз ақыллы болыўын қәлесеңиз...

🤰Ҳәмиледарлық ўақтында ҳаяллар қанша көп балық жесе, туўылажақ перзент гений дәрежесинде ақыллы инсан болып жетиседи.

Соның ушын еркеклер ҳаялыңызға көбирек балық алып бериң

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
👍11❤1
❓Шаш әстен өскенде не ислеў керек?

🔷 Себеплери:
🔻 Организмде темир елементиниң жетиспеўшилиги;
🔻 Уйқының кем ҳәм сапасыз болыўы ;
🔻 Шашты тез-тез қыйдырыў;
🔻 Антибиотикларды қабыллаў;
🔻 Насилий бейимлилик;

✅ Усыныслар:
📍Шашыңызды жуўғанда суўға әҳмийет бериң. Суў қайнатылған болыўы керек, әсиресе ромашка (ромашка) салынса, жақсы тәсир етеди (қайнаған суўды жылытып пайдаланыў керек). Суў жыллы болыўы керек.
📍 Басыңызды мудами жыллы тутың.
📍 Аўқатланыў рационыңызға гөш, балық өнимлери көбирек болыўына итибар бериң.
📍 Стресслерден узақта болың.
📍 Тәбийий өнимлерден таярланған нықаплардан пайдаланың.
📍Трихолог, дерматолог менен мәслаҳәтлесиң.

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
👍7❤1
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
✅ Көпшиликтеги машқала, аяқлардағы қосымша өсип шыққан сүйек болады. Буны үй шараятында аңсат жоқ етемиз.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
👍2
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Не ушын тырнақларды алыў керек. Биз қолымызды сабынлап жуўсақта тырнақлар арасындағы микроблар толығы менен жоқ болып кетпейди.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
👍3
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
❗️Үй ҳайўанларының тазалығына итибарлы болың.
☝️Оларды услағаннан кейин қолларыңызды сабынлап жуўыўды умытпаң!

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
👍1
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
❗️"КЕФИРДИҢ ЗЫЯНЛЫ ТӘРЕПЛЕРИ"

Гастрит, асқазан жарасы яки асқазан инфекциясы диагнозы қойылған адамлар ушын кефир усыныс етилмейди.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
👍9
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
✅ Баўыр әтирапындағы майларды еритетуғын, иммунитетти көтеретуғын супер антибиотик таярлаймыз

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
👍7❤1
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Кореялылардың жөтелди жоқ етиў усылы.

🧄Чеснок — саламатлық ушын ең пайдалы өним. Ҳәр қандай тағамға өзгеше дәм береди. Буннан тысқары, аязлаўдың алдын алады.

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
👍9
Сүйеклериңиз қақсап аўырса...

✅ Айырым адамлардың сүйеклери қақсап аўырады. Бунда әдираспан өсимлиги жәрдем береди.

✅ Буның ушын: Бир қысым әдираспан 400 мл суўда қайнатылады.
Жумсақ материалды усы қайнатпаға ығаллап, 10 күн даўамында қақсаған орынға сүртип турылса, сүйеклердеги аўырыўларға пайда береди.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
👍16
ҚАРА ШАЙ ИНСАН ӨМИРИН УЗАЙТАДЫ!

Изертлеўлерге қарағанда, қара шай инсан өмирин узайтады. Күнине 2-3 стакан қара шай ишетуғын адамлар, 9-13% жағдайда, өлим қәўипинен узақласады.

🚀Каналға ағза болың
➡️
https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
👍8
Цинковая мазь (цинк мазы) сиз билмеген қоллаў усыллары

🔶Ушық шыққанда цинковая мазь сүртилсе шандықсыз питиўине жәрдем береди.

🔶Табан жарылыўында аяқты нан содалы суўда жақсылап жуўып кейин цинковая мазь сүртип целлофан кийип жатылады. 3-4 мәрте қолланғанда табан тегис ҳәм жумсақ жағдайға келеди.

🔶Аяқ ийисленсе де нан содалы суўда жуўып қалың етип сүртилип жатылса, 3-4 мәрте қолланғанда жағымсыз ийис жоғалады.

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
👍13