Саламатлық ушын 🩺
3.05K subscribers
3.26K photos
1.23K videos
195 files
4.35K links
ДЕНСАЎЛЫҚ - ТЕРЕҢ БАЙЛЫҚ

Аўырыў азабын саў билмес төсек тартып жатпағанша.
Аш қәдирин тоқ билмес ашлық зарын тартпағанша.

❗Каналдағы рецептлерди шыпакер менен мәсләҳәтлесип қолланғаныңыз мақул.

📝Байланыс ушын➡ @Ikmetov
Download Telegram
❓Не ушын бадам уйқы таблеткалары орнын баса алады?

▫️Бириншиден, ол тойымлы, мазалы ҳәм уйқыдан алдын асқазан ушын аўырлық етпейди.

▫️Екиншиден, бадамда уйқы гормоны болған мелатонин көп.

▫️Үшиншиден, оны жеп турыў кортизол дәрежесин азайтады. Түнги дем алыў сыпатына жаксы тәсир етиўи илимий тәжирийбелер менен тастыйықланған.

☑️ Алымлардың усынысы бойынша, жатардан алдын 30 грамм бадам жеў уйқыны жақсылаўда жүдә пайдалы есапланады.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/salamatliq_ushin
👍5
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Денеңиз ушын әҳмийетли болған усы ҳәрекетлерди турақлы орынлап турың.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/salamatliq_ushin
👍8
❗️МАЙЛАРДЫ ҚАЙТА ҚАЙТА ҚЫЗДЫРЫЎҒА БОЛМАЙДЫ.

Майларды қайта қыздырыў мүмкин емес екенлиги ҳаққында көпшилик еситкен, оқыған...

Бирақ усындай майлар бар болып, оларды қайталдан қыздырып пайдаланыў мүмкин.

Булар:
— барлық ҳайўан майлары (қой думбасы майы, малдың майы ҳәм т.б.)
— зайтун майы
— бадам майы
— кокос майы


❌Өсимлик майларынан: айғабағар (шимишки), зығыр, пахта майларын қайталдан қыздырып ислетиў мүмкин емес, себеби май қанша көп қыздырылса қурамында сонша көп зыянлы затлар көбейеди.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/salamatliq_ushin
👍9
🔜 Балаларда кеш уйқылаўдың ақыбетлери нелерге алып келиўи мүмкин?

✔️ Физикалық ҳәм ақылый искерликтиң төменлеўине алып келеди.
✔️ Қызларда остеопороздың раўажланыўына себеп болады.
✔️ Денедеги токсик затлардың топланыўына себеп болады.
✔️ Еркин пикирлеў искерлигиниң төменлеўине алып келеди.
✔️ Бойдың өсиўиниң төменлеўине себеп болады.
✔️ Депрессияға бейимлиликти асырады.
✔️ Надурыс аўқатланыўға себепши болады.

❗️Усы сыяқлы жаман ақыбетлердиң алдын алыў ушын, балаларды кеште ерте уйқылатыў керек.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/salamatliq_ushin
👍3
❓Емизиўли ҳәм ҳәмиледар ҳаяллар тисин емлетиўи ҳәм тистен укол алыўы мүмкинба?

✅ Әлбетте, бул процедуралардың балаға тәсири бар, сиз емизиўли перзентиңиз бар екенлигин яки ҳәмиледар екенлигиңизди айтсаңыз, шыпакер сол жағдайға қарап емлеўди баслайды.

Тисти емлетиўди кешиктирмеў керек болған жағдайлар?
- Тис аўырыўының жүдә күшли болыўы;
- Тис аўырыўы ҳәм патологиясының күшейип барыўы;
- Ириңлесип көп ўақыт исиниўи.

❗️Ҳаяллар ҳәмиледарлыққа таярланыўы керек:
✔️өзиңизди толық емлетиўге ҳәрекет етиң;
✔️иммунитетиңизди жақсылаң;
✔️тислериңизди емлетиң;
✔️керекли минерал ҳәм витаминлерди қабыл етиң, дурыс аўқатланың.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/salamatliq_ushin
❓Неге айырым адамлар уйқылап атырғанда тислерин қайрайды?

🦷Бул жағдай бруксизм деп аталады. Тислерди қайраў соншелли күшли болыўы мүмкин, нәтийжеде адам босасып, шаршап қалады.

🥃Спиртли ишимликлер бруксизмди күшейтеди. Бруксизмге шалынған адамлар тез ашыўланады. Бруксизмди психологиялық стресстиң ҳәрекет арқалы жүзеге шығыўы десекте болады.

📌Айырымлар тек ғана физикалық себеплерге байланыслы тислерин қайрайды. Олардың жақлары яки тислери бир-бирине дурыс тийип турмайды ҳәм бул қолайсызлық, аўырыўды келтирип шығарады.

❗️Тисин қайрайтын танысыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/salamatliq_ushin
👍8
Бадамның майы пайдаға бай

✅ Бадамның майы беттеги жыйрықларды,  теридеги дақларды кетиреди, көриў өткирлигин жақсылайды, нервты тынышландырады, бүйрек, қуўық ҳәм өт қалтадағы тасларды майдалайды, омыртқа бағанасы ҳәм мускулларды дузлардан тазалайды, бүйрек ҳәм сидик қабы (қуўықтың) аязлаўын кетиреди, бас мийде қан айланыўын жақсылайды.

✅ Бадамның майын 1 шай қасықтан 3 мезгил ишиледи.
Даўамлылығы 5-7 күн.


❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/salamatliq_ushin
👍11
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#таңғы_тилек

🌺 Ийгиликли әмеллер қылыў ушын имканият берип, таңда оятқан Аллаҳ таалаға шүкирлер болсын!

🌺 Аллаҳ таала бул муқаддес айда қылып атырған ибадатларыңызды қабыл етсин!

🌺 Жаңа күннен үмит еткен мақсетлериңизге жетиўиңизде Аллаҳ таала жәрдемшиңиз болсын!

🌺 Күниңиз — жақсылық пенен басланып, үйлериңизге тынышлық ҳәм береке алып келсин!

🌺 Шаңарағыңызды бахыт, әўмет ҳеш қашан тәрк етпесин!

🤲 Бүгинги күниңиз нийет еткениңизден де абзал ҳәм пайызлы өтсин!


❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
👍8
Дүзиў жүр, адамлар сеннен қашпасын,
Көзге түссең, мурты жыбырласпасын.
"Пенсияға қашан кетер екен" деп,
Бирге ислеўшилер сыбырласпасын...


Ибрайым Юсупов

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/salamatliq_ushin
👍25😁1
📍ТАҢДЫ СУЎ ИШИЎ МЕНЕН БАСЛАҢ

🔘 Уйқыдан кейин 2 стакан суў ишиў ишки органларды активлестиреди.

🔘 Аўқаттан 30 минут алдын 1 стакан суў ишиў аўқат сиңирилиўин жақсылайды.

🔘 Душтан алдын ишилген 1 стакан суў қан басымын нормалластырады.

🔘 Уйқылаўдан бир саат алдын 1 стакан суў ишиў инсульттың алдын алыўға жәрдем береди.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/salamatliq_ushin
👍13
Балалар ҳәм үлкенлердеги аязлаў ҳәм жөтел ушын нәтийжели ҳәм зыянсыз болған рецепт.

✅ Қалай таярлаймыз?
Буның ушын 90 мл қизилмия тамыры сиробына 10 дана мукалтин таблеткасын майдалап салып жақсылап еритемиз ҳәм 1 саатқа қойып тындырамыз.

✅ Қоллаў дозалары қандай?
Жас балалар 1 шай қасықтан 3 мезгил
Үлкенлер 1 ас қасықтан 3 мезгил ишеди.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/salamatliq_ushin
👍9
Саламатлық ҳәм жаслықты сақлаўда нелерге итибар бериў керек?

▪️ Ерте турыў.
▪️ Тойып уйқылаў (7-8 саат).
▪️ Көбирек овощ өнимлерин қабыллаў.
▪️ Көбирек суйықлық ишиў (күнниң биринши ярымында).
▪️ Қурғақ мийўелерди рационға көбирек қосыў.
▪️ Ығал мийўелерди күн арадан рационға қосыў.
▪️ Ўақтында дем алыў.
▪️ Жақсы кейпият, позитив болыў.
▪️ Актив өмирди жолға қойыў (спорт пенен шуғылланыў).
▪️ Көбирек пияда жүриў.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/salamatliq_ushin
👍6
🍌Банан көплеген кеселликлерге ем.

🔸Банан аўыр жумыс күнинен кейин организмди тетиклестиреди. Банан қурамында C витамининиң күнлик дозасы бар.

🔸Банан тәбиий антидепрессант есапланады, кейпиятты көтереди.
Тойымлы мийўе есапланады.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/salamatliq_ushin
👍9🥰1
АЛМА ЖЕЎ УШЫН 7 СЕБЕП:

1⃣ Алма Aльцгеймер кеселлигинен қорғайды.
2⃣ Алма рак кеселлигине қарсы әжайып профилактика.
3⃣ Алма жоқары холестерин муғдарының алдын алыў ушын пайдалы.
4⃣ Алма жүрек ҳәм қан тамырлар ушын пайдалы.
5⃣ Алма қантлы диабеттен қорғайды.
6⃣ Алма азыўға жәрдем береди.
7⃣ Аўқаттан кейин алма (әсиресе, углеводлар) тислерди кариестен қорғайды.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/salamatliq_ushin
👍9
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Пал ҳәм пиязды араластырыў иммунитет системаңызды 200% ке күшейтетуғынлығын биласизбе?

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/salamatliq_ushin
👍10
❗️Балаларга шай бериўге болмайды

✅ Балаға шай бериў мүмкин емес. Себеби шай аўқат ўақтында яки оннан соң дәрриў ишилсе, сорылатуғын темир элементиниң муғдары әдеўир кемейеди. Таза, қайнатылған суў, компот (аз муғдарда қант қосылған яки қантсыз), мийўе ҳәм басқада шербетлер шайдың орнын басыўшы жақсы ишимлик есапланады.

✅ Шайды аўқатланғаннан соң 30 минуттан кейин ишиўге болады.

❗️Шай ишеберетуғынларға жиберип қоямыз

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/salamatliq_ushin
👍9
Акмарал Жумабай кызы:
ДЕН-САЎЛЫҚ

Аўырмаса адам деген нар екен,
Ден-саўлығың жанып турған шам екен,
Бүгининде мен барлығын аңладым,
Кай жериң аўырса сол жер жан екен.

Аўырғанда адам жаны пал екен,
Ден-саўлық бул баҳасы жоқ шай екен,
Басымнан өткерип аңладым бәрин,
Қай жериң аўырса сол жер жан екен.

Ден-саўлықсыз кең дүньяда тар екен,
Ден-саўлықсыз аяқ қолың шал екен,
Аңлап жеттим ден саўлықтың қәдирин,
Қай жериң аўырса сол жер жан екен.

Ден-саўлығың болса кеўил тоқ екен,
Ден-саўлық бул жанып турған шоқ екен,
Ден-саўлықтың қәдирине жетейик,
Қай жериң аўырса сол жер жан екен.


❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/salamatliq_ushin
👍28
Баўыр - темир (Fe) ҳәм В топар витаминлер қоры.

Баўыр жеў арқалы В топарына кириўши бәрше витаминлердиң жетерлише дозасына ийе болыў мүмкин.

100 гр қуўырылған яки қайнатылға баўырда:
• B2 (riboflavin) — 200%;
• B3  (niatsin) – 90%; 
• B5 (pantoten kislotasi) – 70%; 
• B6 (piridoksin) – 50%; 
• B7 (biotin) – 130%; 
• B9 (folat kislotasi) – 65%; 
• B12 (kobalamin) – 1200%. 

Берилген пайызлар күнлик талапты аңлатады.

❗️Айтпақшы, баўырды писириўден алдын оның тоқымасын орап турыўшы жуқа қабығын алып таслаў керек. Бул қабық ишеклерде сиңбейди ҳәм өзинде баўыр токсинларын сақлайды.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/salamatliq_ushin
👍14
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
ОРГАНИЗМГЕ ВИТАМИНЛЕР ЖЕТИСПЕЎШИЛИГИН ҚАЛАЙ БИЛИЎ МҮМКИН?

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/salamatliq_ushin
👍4
Кишмиш ҳәм пал жәрдеминде, денеңизди дузлардан тазалаң...

👉РЕЦЕПТ ҲӘМ ҚОЛЛАЎ УСЫЛЫ:

➖Организмди дуздан тазалаў ушын азанда аш қарынға бир қысым кишмиш жеў керек, кейин 2 саат даўамында ҳеш нәрсе жемейсиз.
➖ Ертеңине азанда бир ас қасық пал жең ҳәм және 2 саат аўқатланбаў керек.
➖ Пал ҳәм кишмишти таўсылғанша усылай алмастырып жеп турасыз.
➖Бир курс ушын, сиз 1 килограмм пал ҳәм кишмиш алыўыңыз керек.
➖Бул әпиўайы рецепт, буўын аўырыўларында емлейди.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/salamatliq_ushin
👍11👏1