Саламатлық ушын 🩺
3.06K subscribers
3.26K photos
1.23K videos
195 files
4.35K links
ДЕНСАЎЛЫҚ - ТЕРЕҢ БАЙЛЫҚ

Аўырыў азабын саў билмес төсек тартып жатпағанша.
Аш қәдирин тоқ билмес ашлық зарын тартпағанша.

❗Каналдағы рецептлерди шыпакер менен мәсләҳәтлесип қолланғаныңыз мақул.

📝Байланыс ушын➡ @Ikmetov
Download Telegram
Аяқларды дийўалға сүйеп жатыўдың 5 пайдасы.

✅ Ҳәр күни 20 минут даўамында аяқларыңызды дийўалға сүйеп көтерсеңиз, тез арада унамлы нәтийжени сезесиз.

✅ Пайдасы төмендегише:

✔️Аяқтың исиўи кемейеди;
✔️Шаршаған аяқ синдромын кетиреди;
✔️Ас-сиңириўди жақсылайды;
✔️Нерв системасын тынышландырады;
✔️Аяқтың қақсаўын қойдырады;
✔️Варикоздың алдын алады;

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

Каналға ағза болың
➡️@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН💊
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍20❤2
🥜 Ғозаның денсаўлық ушын пайдалы тәреплери?

— Калифорниялы илимпазлар сондай жуўмаққа келди - егер инсан ҳəптесине 5 дана ғоза жесе, ол инсан өмирин шама менен 7 жылға узайтырады. Бул адамның жүрек -қан тамыр системасын холестеринниң зыянлы тəсиринен қорғайтуғын ғозаның қурамындағы арнаўлы элементлер менен байланыслы.

Каналға ағза болың
➡️@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН💊
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍16
☘Үй шәраятында майда варикозды емлеймиз...☘

📝Керек болады:

Көк помидорды алың ҳәм екиге бөлип, варикоз болған орынға 2-3 минут басың. Көк помидордың қурамында, соланин деген зат бар ҳәм усы зат емлеўде жақсы пайда береди.

Күнине 1-2 мегзил, 10 күн даўамында орынлаң.

Каналға ағза болың
➡️@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН💊
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍15❤1
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
☕️ Соңғы изертлеўлерге қарағанда кофениң асқазан, жүрек, баўыр ҳәм сондай-ақ рак кеселликлерине қарсы тәсирге ийе екенлиги анықланды.
Ол сизиң организмиңизди жасартыў қәсийетине де ийе.

➡️ Видеоны кофе ишип отырып көремиз ☕️

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

Каналға ағза болың
➡️@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН💊
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍15❤1
Түсинген адамға, азанда уйқыдан аўырмай ояныўдың өзи үлкен бахыт...

Ҳәр бир күнимизди қәдирлейик🫀


Барлығымызға бүгинги күнимиздиң жақсы ислер, жақсы инсанлар менен басланыўы несип етсин.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

Каналға ағза болың
➡️@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН💊
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤35👍13
🦠 Инфекция көп болған асхана буйымы

🧽 Губкада ығаллық себепли микроблар көп болады. Бунда ишек инфекциялары көбейип кетеди.
Изертлеўлерге қарағанда, бир губкада шама менен 50 миллиардтай бактерия бар.
Соның ушын ыдыс жуўыў қуралларын тез-тез алмастырып турыў керек
.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

Каналға ағза болың
➡️@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН💊
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍11
❓Азыў ушын үй шараятында қандай усыллардан пайдаланыў мүмкин ?

✅ Азыў ушын, әўеле семириўшилик себебин анықлаў керек. Семириўшиликке тек алиментар факторлар емес, организмдеги гормонал өзгерислер, түрли кеселликлер де себеп болады.

❇️ Алиментар факторлар тәсири нәтийжесинде семириў:
🔻Туўры аўқатланыў, углеводлар қабыллаўды кемейтиў, мазалы затлар, қамырлы аўқатларды шеклеў, майлы аўқатлар қабыллаўды кемейтиў;
🔻Күн даўамында суў ишиў, азанда азанғы шайдан 30 -40 минут алдын жыллы суў ишиў, газлы ишимликлер, түрли сокларды шеклеў. Булардың орнына тәбийий мийўелерден таярланған компотлар ишиў;
🔻Жүдә тойып аўқатланбаў, кешки аўқат порциясын кемейтиў, кеште 20. 00 ден кейин аўқатланбаў;
🔻Ҳәр күни 8000-10000 қәдем жүриў, спорт менен шуғылланыў ҳәм саламат уйқы рационына әмел қылыў керек.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

Каналға ағза болың
➡️@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН💊
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍14
Тамағымыз аўырғанда төмендегилерге әмел етиўимиз керек ?

✔️ Бул органымыз аўырған ўақытта қаймақ жәрдем береди.
Буның ушын күнине 2 рет азанда ҳәм кешки ўақытта 50 грамнан қаймақты жыллы етип жеў керек. Қаймақты дәрриў жемей, аўызда услап турып, әстен-әстен жеў керек.
✔️ Егер бурышты пал менен 1:2 қатнаста қосып, таңлайға сүрилсе, тамақ аўырыўына ем болады ҳәм өкпени тазалайды.
✔️ 1 пияздиң қабығын 0,5литр суўға салып, 5 минут қайнатылады. Қайнатпа жыллы ҳалға келгеннен кейин аўыз ҳәм тамақ шайылады (буны тамақ тәўир болғанға шекем даўам етиў
керек).
✔️ Қызыл ләблебиниң суўын сығып алып, оның менен тамақты шайыў да пайдалы. Бул усыл бир күнде бирнеше рет тәкирарланады ҳәм 3-4 қасықтан ишиледи ( 12 күн даўамында).

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

Каналға ағза болың
➡️@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН💊
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍16❤2
🩸 Қан басымын нормалластырыў ушын әпиўайы ҳәм тәбиий усыл

Жоқары қан басымы қыйнап атырма? Табиий еми – зире ҳәм көк шай демлемеси!

Рецепт:
• 1 шай қасық зире, 1 шай қасық көк шай.
Үстине қайнаған суў қуйып, 10 минутқа демлең.

Шайдың орнына ҳәр күни ишип турың. Бир айлық курс – саламатлығыңыз ушын тәбиий жәрдем береди.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

Каналға ағза болың
➡️@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН💊
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍20❤1
⚡️Бүгин, 21-май – Халық аралық шай күни

– Қан басымын нормада услаўға жәрдем береди;
– Тис ҳәм бас аўырыўын тоқтатады;
– Көриў өткирлигин, иштейди, териниң көринисин жақсылайды.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

Каналға ағза болың
➡️@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН💊
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍8❤1
☕️Кишмиш салынған шай - шыпаға бай

✅ Ишеклериңиз аязлап аўырса, кишмишли шай пайда береди.

✅ Буның ушын, 1 стакан қайнаған суўға 7-8 дана кишмиш салынады ҳәм 10-15 минут демлеп қойылады. Усы демлемеден 3-4 күн даўамында шайдың орнына ишип турылса, ишек аўырыўларынан қутыласыз.

🔻Буннан тысқары, бул демлеме адамға тәбиий энергия береди.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

Каналға ағза болың
➡️@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН💊
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍9❤1
КӨК ШАЙДЫҢ ПАЙДАЛАРЫ

🔵Тери тесиклерин үлкейтеди, тер ажыралыўын күшейтеди. Тәсиршең терини тынышландырып, асқынланыўға қарсы тәсир көрсетеди.

🔴Көк шай шлакларды, аўыр металларды шығарады, компьютер ҳәм телевизордан нурланыўдың алдын алады. Қан ҳәм зат алмасыўын жақсылайды.

✅Қурамындағы полифен элементи өспелерге қарсы гүреседи, ҳәтте айырым өспелерди өсиўден тоқтатады.

🔵Көк шайда С витамини лимондағыдан 4 есе көп, онда бактерияларға қырғын келтиретуғын антиоксидантлар бар.

🔴Көк шай жүрек искерлигин турақластырып, шаршағанды шығарады.

✅Көк шайдағы танин аўқаттың сиңирилиўин тезлестиреди.

🔵Көк шай клеткалардың қартайыў процесин пәсеңлетеди.

🔴Көк шай склероз, гипертония ҳәм бас мий тромбларының алдын алып, қан тамырлардың ишки дийўалында май қатламларының пайда болыўын төменлетеди.

✅Көк шай өмирди узайтады ҳәм жүректи саламатластырады.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

Каналға ағза болың
➡️@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН💊
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍21❤1
⚠️ Организмде магний жетиспеўшилигиниң белгилери

➖Бас аўырыўы;
➖Қарындағы аўырыўлар;
➖Жүректиң тез урып кетиўи (тахикардия);
➖Қалтыраў;
➖Менструация циклының бузылыўы;
➖Аяқ ҳәм қоллардың музлаўы;

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

Каналға ағза болың
➡️@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН💊
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍16
Сүт ишиў – жүрек ушын пайдалы!

🫀 Ҳәр күни сүт ишип турыў жүрек ҳәм қан тамырларды беккемлеп, жүрек приступы ҳәм инсульт қәўипин 37% ке азайтады.

🔬 Британиялы алымлар 324 тен артық изертлеўлерди анализлеген ҳәм сүттиң қурамындағы калий қан тамырларының эластиклигин асырып, олардың саламат сақланыўын анықлаған.

Жүрегиңиз саламат болыўын қәлесеңиз – сүт ишиўди әдетке айландырың!

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

Каналға ағза болың
➡️@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН💊
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍11❤5
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
❗️Еркеклер ушын ең қәўипли ишимлик - бул Пиво

• Тестостеронды азайтады
• Бийпушлыққа алып келеди


❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

Каналға ағза болың
➡️@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН💊
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍9❤1
📍Қуўырылған қабақтың туқымы, 5-6 дана чеснок бөлеклери ҳәм тәбиий палдан араласпа таярлаң. Бул СУПEР араласпа сизге:

✅
Ишектеги шлаг ҳәм майларды тазалайды;
✅ Жүдә тез салмақ таслаўға жәрдем береди;
✅ Асқазан ҳәм ишек системасындағы барлық паразитлерди жоқ етеди;
✅ Сулыў ҳәм саламат азыўды тәмийинлейди.

✅ Сизге керек болады:
- 200 гр қабақтың туқымы
- 6 дана чеснок бөлеклери
- 80 гр тәбиий пал
Қабақ туқымы ҳәм чеснок блендерде майланады ҳәм пал қосып араластырасыз.
Усы араласпаны күнине 2 мәрте азанда ҳәм кеште бир асқасықтан аўқат ҳәм шайдан бир саат алдын қабыллайсыз.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

Каналға ағза болың
➡️@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН💊
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍21❤9🙏1
ЭНДОРФИН - БАХЫТ ГОРМОНЫ.

✅ Организмде бахыт гормонларын асырыў ушын қандай өнимлерди жеў керек?

Эндорфинлер ең тийкарғы бахыт гармонларының бири есапланады.

✅ Организмде эндорфинлердиң муғдарын көбейтиўши өнимлер:
—
Шоколод;
— Музқаймақ;
— Банан;
— Қулпынай;
— Жүзим;
— Бурыш;
— Қаўын ҳәм ғарбыз.

⚠️ Эндорфин муғдары кемейсе:
— Депрессия келип шығады;
— Тез-тез кейпият өзгереди;
— Аўрыў ҳәм қолайсызлықлар күшейеди;
— Уйқыда машқалалар пайда болады.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

Каналға ағза болың
➡️@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН💊
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤9👍9
🍹Жүдә пайдалы болған геширдиң суўы

🍹Геширдиң суўы иштейди ашып, иммунитетти беккемлейди, көриў өткирлигин жақсылайды, баўыр, бүйрек, зоб ҳәм тери кеселликлеринде геширдиң суўы пайдалы. Геширдиң суўы жаслық элексири деп те аталады.

✅ Ҳәптеде еки мәрте геширдиң суўын ишип турыў, организмниң инфекцияларға қарсы қорғаныў күшин асырады, иштейди жақсылап, көриў өткирлигин нормаға келтиреди. Терини тарттырып реңин, тынықластырады.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

Каналға ағза болың
➡️@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН💊
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍23❤8
⚡️Рәсмий: Қурбан ҳайытының биринши күни 6-июнь – жума күнине туўры келеди — Президент пәрманы

7-июнь (шемби) күни алты күнлик жумыс ҳәптеси тәртиби бойынша ислейтуғын хызметкерлер ушын қосымша дем алыс күни етип белгиленди.

Демек:

✅ 6-июнь (жума) — Қурбан ҳайыты, ҳәмме ушын дем алыс күни;
✅ 7-июнь (шемби) — 5 күнликлерге әдеттеги дем алыс, 6 күнликлерге қосымша дем алыс күни;
✅ 8-июнь (екшемби) — ҳәмме ушын әдеттеги дем алыс күни;
❌ 9-июнь (дүйшемби) — ҳәмме ушын жумыс күни.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

Каналға ағза болың
➡️@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН💊
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍15❤12
❓"Звёздочка" ҳаққында нелерди билесиз?

❗️"Звёздочка" бальзамы шама менен 50 жыл алдын пайда болған. Одан жақсы ҳәм жоқары сыпатлы өнимлер пайда болыўына қарамай, өз орнын жоғалтқаны жоқ.

☑️ Себеби ол ҳәр қыйлы мақсетлерде ислетилиўи мүмкин:
📌 Бальзам инфекция тарқалыўының алдын алады.
📌 Бастың маңлай ҳәм шеке бөлимлерине сүртилсе, бас аўырыўынан қутылыўға жәрдем береди.
📌 Табанға сүртилсе, оның жумсақ ҳәм тегис болыўына жәрдем береди.
📌 Жазда шыбын ҳәм соналардан қорғайды.
📌Шыбынлар шағыўы нәтийжесинде қышыўды қалдырады.
📌Аўырыўлы жерге сүртилсе, булшық етлердиң спазмларын жеңиллестиреди.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

Каналға ағза болың
➡️@САЛАМАТЛЫҚ_УШЫН💊
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤16👍8