Уллы инсанлар шежиреси.
Дерек: "Бердақтың туўысқанлары ҳәм урпақлары" Б. Утамбетов, А Қдыров, Нөкис. 1999.
Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer

👍32❤12🔥3
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР
#Тарийх_бетлеринен #Репрессия_қурбанлары Дәмеш болыс 1894-1960
II- бөлим
Дамеш болыс 1894-жылы Кегейли районының 5-аўылында Сейтназар ҳажының шаңарағында дүньяға келди.
1912-жыллары Досымбет болыс баласы Сапар болысқа Дамешти айттырып алып береди. Дамегул перий – сулыў «Еркин» арна бойында, «Қызыл отаў»ында «Сәўкеле», көк көйлек кийип, қызыл жегде жамылып, дуйым журтты сүйсиндирип, «Ана-журтым» ай, хош хош, хош!!! енди, деп қурбы-қурдасларлары менен «сыңсыў», «зарнама», «ҳәўжар» айтып «19» арба жүги-жасаўы, жәми «қырқ еки» ат арбасы, үлкен салтанат пенен күн батыстан күн шығысқа қарай, «Ақмаңғыт» аўылына келген.
«Қыз узатыў» этно «арба-поезд»ниң жол баслаўшысы, күйеў «АҒА»сы, узақ сыңсыўлар, ҳәўжарлар айтқан қызларға жалынып: "Аўылға келдик, қойың! қойың! дегени, тарийхта қалған «этномәўритли» күн болды.
Сапар болыс пенен Дамештен 1914-жылы Ибрайым, оннан кейин Айжан туўылады. Ибрайым менен оның ҳаялы Перидадан Мамыт, Есен (Есбосын), Халмурат ҳәм үш қыз - Периўза, Роза, Клара туўылады.
Дамеш сулыўдың, тойы узақ ядта қаларлық болсада, көп жыллар өтпей, күйеуи Сапар болыс қайтыс болады.
Сапар болыс өлгеннен кейин Дамештиң некесин Досымбет болыстың Сыреке деген баласынан туўылған Әбдимурат болысқа қыяды. Олардан 1930-жылы Турсын туўылады.
Кеңес ҳүкимети сиясаты менен болыслық басқарыўды бийкарлаў менен бир қатарда сол бурынғы болыс пенен ақсақаллар ҳәм уламаларды қуўдалаў басланады. Қуўдалаўдағы дузаққа ҳә, дегеннен Әбдимурат болыс та илинеди, оның ҳаялы Дамеш, перзентлери 14-15 жастағы Ибрайым, 5-6 жастағы Айжан, еле аяғын тәй-тәй басып жүре алмай атырған қызы Турсынларды жан уясы -шаңырақты жықтырып өзге журтқа Шоманай районы бетке, Түркмен ишине жер аўдарады. Сөйтип сол жақта еки жылдай болады. Сол жақта күнлердиң биринде ойын баласы Ибрайым ойын-шыны аралас түркмен балларына кесек атып атырғанын көрген бир түркмен, мына балаға гәллеси аўырлық етпесе тыныш жүрсин, деген. Ата-анаға булда қорқыныш болады. Соннан еплеп елге қайтыўдың илажын көрип, сол жақтан елге зорға оралады. Әбдимурат болыс сүргиннен аўырып келип қайтыс болады. Күйеўи қайтыс болғаннан кейин Дамеш ана жолбарыс, мәкән-қәўиминде, өзи рәсмий болмасада орнына «Болыслық» хызметти алып барған.
Болыс әўладлары сүргиннен келгеннен кейинде ҳүкиметтиң сиясатынан қорқып үлкен ҳәўлиде де (Досымбет болыстың ҳәўлиси) , кишкене ҳәўлиде де (Дамеш болыстың ҳәўлиси) қыслап, паналап отыра алмаған. Сөйтип «Болыс аўыл»ға жақын «Аршан кебир» деген шет жерде 1960-жылларға дейин жасаған. Ал, 1945-жыллары болса жай сала алмай ҳәўлиниң ишине қара үй қурып отырған.
Дамеш болысқа Кеңес ҳүкиметиниң нызам органлары хызметкерлери бирдейине гүманлы қараған, қуўдалаўда оны бириншилерден дизимге алған. 1929-жылы Қарақалпақстан Автономиялы ўәлаяты ГПУ баслығы Белоногов жасап атырған жеринен байлар қатарында басқа жақларға
көшириў мақсетинде Кегейли районы 8-аўыл «Ақмаңғыт» елатының
турғыны Сапар болыс Досымбетовтың ҳаялы Дамеш Досымбетованы
дизимге алады. Хатлаўда Дамештиң миллети қарақалпақ, пар-
тияда жоқ, саўатсыз, ҳеш жерде хызмет етпейди, шығысы бурынғы патша
әмелдарынан бай, шаңарағында 4 жан болып оның үшеўи мийнетке
жарамсыз. Революциядан бурын оннан кейинде жумыс ислемейди.
Судланбаған ҳәм тергеўде болмаған. Еки орында жери бар. Биринши
участкасы 8-аўылдағы күйеўи Сапар болыс аты менен аталған «Болыс
яб» бойына жайласқан жери бар екенлиги атап өтиледи.
Қуўдалаў дәўиринде Дамеш болыстың үйиде тоналады. Оның суўсызлықта пайдаланған бир шығыры, атадан қалған «қара үйи», өзи әкелген 2 «ақ отаўы», 1 дигирманы, май жуўазы, қос аты, қос өгизи, қос өркешли жуп түйеси, 1 арбасы, 7 қарамалы, 20 қой-ешкилери, пахта, жуўери, бийдай, жоңышқа ҳәм палыз еккен атызлары тартып алынады.
Дамеш болыстың шығысы ата тәрепинен кенегес Қабыл бийдиң шаўлығы, Қабыл бийдиң баласы Ерназар аталықтың ақлығы, Ерназар аталықтың баласы Сейтназар ҳажының қызы болған. Ана тәрепинен ақмаңғыт Ерназар палўан бийдиң қызы Мийирханнан туўылған. Мийирхан Сейтназар ҳажының ҳаялы.
Дамеш болыс орта бойлы, толық денели, аққубадан келген шырайлы, саўлатлы, ғайбар, мәрт, өткир тилли сөзге шешен, хош ҳаўаз инсан болған.

👍9❤7
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР
#Тарийх_бетлеринен #Репрессия_қурбанлары Дәмеш болыс 1894-1960
Дамеш болыс 1930-жыллардағы қуўдалаўшылық, екинши жер жүзилик урыс дәўириндеги ҳәр қыйлы ала сапырынлы жыллардағы жағдайларда тарап кеткен ағайинлерин, жетим-жесирди табыстырып қәўендерлик еткен. Қарым-қатнасты әдеўир жақсы жолға салған. Жетим-жесирге көп ғамхорлық етип, көптиң ҳүрметинде болған. Қәтелик пенен кемшиликке жол қойғанға, жөнсиз жүргенге, ол бала болсын, үлкен болсын бетиң бар, жүзиң бар демей, сөзди төрешилик пенен орынлы айтып, ядыңнан шықпастай етип «тәмби» беретуғын болған. Соның ушын ол Аналық деген лақап алады. Өмирде көрип билгени көп, ҳасыллығы басым, қайырқом, алдындағыны аңлап биле алатуғын уқыбы бар әжайып инсан болған. Ол өмиринше бес ўақлы намазы менен оразасын қаза қылмаған. Дамеш болыс 1960-жылы қайтыс болған.
Белгили тарийхшы Оңғарбай Юсупов ҳәм жазыўшы ҳәм журналист Жийенбай Мояновтың мийнетлеринен алынды.
Каналымыз : https://t.me/Tariyxqa_nazer

❤14👍8
Хорезм Совет Социалистик Республикасының аймақлық бөлиниўи (1923-1924-жылларда).
Россия Империясы 1873-жыл Хийўа ханлығы үстинен протекторатын орнатқан соң хан қараўында тек шеп жағалықтағы аймақлар қалды. Ханлық 1920-жыл сапластырылды, орнына Хорезм Халық Совет Республикасы дүзилди, ол 1923-жыл Хорезм Совет Социалистик Республикасына айлындырылды. ХССР да 1924-жыл сапластырылды.
Дерек: Территория и население Бухары и Хорезма. Часть 2. Хорезм. Ташкент, 1926
Каналымыз:https://t.me/Tariyxqa_nazer

👍11
XVIII әсирдеги орыс ҳәм европалы дереклерде қарақалпақлардың турмыс-салты қайсы халыққа күтә жақын екени айтылады?
Anonymous Quiz
57%
Қазақларға
5%
Өзбеклерге
6%
Түркменлерге
33%
Башқуртларға
👍11❤1
СЕРНАЗАР ШАБАНДОЗ
Қарақалпақ халқының сыртқы жаўлардан елин қорғаўда, миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин сақлаўда ат спорты, соның ишинде, ат шабыслары айрықша орын тутады. Ерте дәўирлерден баслап-ақ ат тәрбиялаў, жүйрик атларды таңлаў ҳәм оларды бәйгилерге таярлаў халқымыздың руўхый ҳәм материаллық мәдениятының ажыралмас бөлеги есапланған. Усы бағдарда, ХХ әсирдиң басларында жасап өткен ақ тоғын кенегес Сейтназар бий улы Серназар шабандоздың өмир жолы ҳәм оның тарийхый илажлардағы қатнасы миллий ат спорты тарийхын үйрениўде әҳмийетли дәрек болып хызмет етеди. Серназар ақ тоғын кенегес Сейтназар бий улы 1905-жылы ҳәзирги Кегейли районы Көкшиел тәрептеги ақ тоғын аўылында дүньяға келген. Оның әкеси Сейтназар ақтоғын кенегеслердиң белгили, ел арасында абыройлы бийи болған. Халқына көп хызмет еткен. Серназар жаслайынан атқа қызығып өсип, сол дәўирдиң белгили инсаны болыс Сейтназар ҳажының исенимли ҳәм шебер шабандозына айланады. Ол удайына ҳажының атларын үлкен той-мерекелерде шаўып, ат тәрбиялаў, яғный сейислик сырларын шеберлик пенен меңгереди. Соның ишинде, Сейтназар ҳажының «Ялта» атлы жүйрик, ярым тулпарын тәрбиялап, үлкен бәйгилерге қосқанлығы оның жаслайынан-ақ атқа болған меҳирин көрсетеди.
Дәўирдиң ири тарийхый ўақыяларының бири сыпатында 1916-жылы Жүзимбақлы Шынықул байдың берген үлкен тойын атап өтиў орынлы. Бул тарийхый той өз дәўириниң ең танылмалы ҳәм белсенди тулғаларын бир жерге жәмлегенлиги менен өзгешеленеди. Тойдың жоқары дәрежеде өтиўи ушын
Лепес сейис, Юсуп болыс, Темирхан болыс, , Ибрайым болыс, Сейтимбет болыс, Палўанияз бий, Тоқымбет ахун, Барлықбай болыс Арзымбет қазы хәмде Хожамет болыс Ерназар аталықтың баласы сыяқлы инсанлар тик аяқтан турып хызмет еткен. Бул жағдай сол дәўирдеги қарақалпақ халқының аўызбиршилигин ҳәм миллий дәстүрлерге болған ҳүрметин айқын сәўлелендиреди.
Тойдың ең тийкарғы илажы болған биринши бәйги шабысына аймақтың ең танылмалы жүйриклери қосылады. Бәйгиге Қазалыдан арнаўлы келген Нәўше сейистиң нәўше гүрени, Хан мақсымның қара қасқа шуңқары, Хожахмет болыстың бөртеси ҳәм Алыўшының қара аты сыяклы халық арасында аңызға айланған атлар қатнасады. Хан мақсымның қара қасқа шуңқарын сол дәўирдиң шебер ат таярлаўшысы Лепес болыс бәйгиге арнап баплайды. Шуңқар атқа алтын баслы ер салынып, үстине сол ўақытлары 11 жасар өспирим бала болған Серназар мингизиледи. Атлар Шымбайдағы май заводтың қасынан бәйгиге жиберилип, оғада қызғын ҳәм тартыслы өткен бул шабыста Хан мақсымның шуңқар аты Серназар шабандоздың шеберлиги арқасында мәрреге биринши болып келеди. Бул жеңис Серназардың шабандозлық талантын елге танытқан үлкен ўақыя болады.
Тарийхый естеликлердиң бүгинги күнге шекем сақланыўы үлкен әҳмийетке ийе. Солардың бири — 1916-жылғы тарийхый бәйгиде Хан мақсымның шуңқар атына салынған алтын баслы ердур. Бул қымбатлы естелик ерди Нөкис қаласында Серназар шабандоздың перзенти, тарийх илимлериниң кандидаты Муратбай Сейтназаровтың үйинде әкесиниң ўәсияты бойынша бүгинги күнге шекем сақланып келмекте.
Солай етип өз өмирин миллий ат спорты мәдениятына бағышлаған Серназар әқ тоғын кенегес Сейтназар бий улы 1997-жылы дүньядан өткен болса да, оның өмир жолы, шабандозлық мектеби ҳәм ол қатнасқан бәйгилердиң тарийхы Қарақалпақстанның ХХ әсир басындағы социаллық-мәдений турмысын үйрениўде қымбатлы мағлыўмат сыпатында илимде өз орнын табады.
Интернет материаллары тийкарында топлаған ҳәм таярлаған: Марина Абдуллаева

👍19❤3
Жыззақ қаласының 1866-жылғы картасы, қалаға суў дереги үш канал арқалы келген олар 1) қарақалпақ 2) түркмен 3) қуяват. Басқа мағлыўматларда Жыззақ атрапында қытай, қыпшақ, қырық ҳәм қарақалпақ урыўлары отырғаны туўралы жазылған.
Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer
Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer
👍18❤3
Қарақалпақлардың XVIII әсир екинши ярымындағы турмысы ҳаққында орыс-европа мағлыўматлары.
Шама менен 1743-жылдан бери олар өз алдына жеке орданы қурайды. Султан Айшуўақты 1771-жылда хан етип көтерди. Ҳәзирги ўақытта олар Арал теңизиниң арқасынан Қоңыратқа шекемги аралықта ҳәм одан да кең аймақларда жасайды.
Олар қазақларға қарағанда әдепли ҳәм мағрипатлы мусылманлардур. Сондай-ақ олардың уламалары көп болып, олар жасларды оқыў, жазыў, есаплаў ҳәм өз дининиң тийкарларына үйретеди. Соған қарамай олар қазақлардан аз тонаўшылық етпейди. Қазақлар менен дерлик турақлы урысып бир-бириниң шарўаларын ҳәм адамларын тутқын етеди. Будан тысқары илажы табылса Бухара кәрўанларын ҳәм өз аймағына келген жолаўшыларды талайды.
Ҳүкимдар хан бар болыўына қарамастан оның өз ордасындағы ҳәкимяты қазақ ханы сыяқлы күшли емес. Олар өзлериниң улыўмалық әсиресе туўысқанлық ҳәм экономикалық турмыс-салты жағынан башқуртларға күтә уқсайды. Башқуртлар сыяқлы олар да тийкарынан шарўашылық пенен шуғылланады, дийханшылық та етеди. Олардың қысқы аўыллары сондай-ақ көшетуғын жазғы үйлери бар.
Оларда түйе, ат, қойлар аз, бирақ қарамал көп. Қойлардың азлығы себеп олардың отаўлары тек қамыс пенен оралады. Жазғы қонысын өзгертип атырғанда олар үлкен еки дөнгелекли арбалардан пайдаланады, қарамаллар жегилген арбаларда буйымларын тасыйды.
Олардың қысқы қоныслары киши ылайдан исленген үйлер болып оны ағаш қадалар менен беккемлеген. Бул үйлер жанында олардың егислик жерлери ҳәм киши бағлары орналасқан. Өзлери ислеўге ерингени ушын егин егиўде қулларды жумсайды. Сол ушын қуллар қысқы аўылларда турақлы қалыўға мәжбүр болады.
Олардың темиршилери де бар. Бул темиршилери ҳәтте батпақтағы руданы еритип, одан балта, пышақ, найза, қылыш ҳәм басқа турмыслық буйымларды соғады.
Дерек: Falk, Johann Peter. Beyträge zur topographischen Kenntniss des Russischen Reichs. Dritter Band, welcher Beyträge zur Thierkenntniss und Völkerbeschreibung enthält. Mit Kupfern. Herausgegeben von Johann Gottlieb Georgi. St. Petersburg: Gedruckt bey der Kayserl. Akademie der Wissenschaften, 1786.

👍16❤2
ӨТКЕН_ӘСИРДИҢ_30_ЖЫЛЛАРЫНДА_ТАШКЕНТ_ӘТИРАПЫНДАҒЫ_ҚАРАҚАЛПАҚ_ТИЛИНДЕ.docx
105.2 KB
Өткен Әсирдиң 30-жылларында Ташкент әтирапындағы қарақалпақ тилинде сабақ оқытылған мектеплер. Түркменбай Жийемуратов.
Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer
Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer
❤11👍5
#Тарийх_бетлеринен
Қабыл бий улы Ерназар (1818-1898)
Қабыл бий улы Ерназар (1818-1898) аталықтың бийлерди жыйнап мәсләҳәтлесетуғын төбеси "Аталық төбе". Ҳәзирге шекем орны сақланған болып Кегейли районы "Көкшийел" АПЖ "Добал" аўылының батысында жайласқан.

👍21❤1
Россия Империясы Хийўаны басып алмастан бурын оны изертлеген ҳәм ханлық халықын олардың турмыслық кәсибине қарай төрт топарға бөлген, сораў бунда қарақалпақлар қайсы топар?
Anonymous Quiz
31%
Әскерийлер
6%
Саўдагерлер
52%
Дийханлар
11%
Басқарыўшылар
❤3
Хийўа ханлығы халқы.
Хийўада төрт қыйлы халық жасайды, сартлар - бул үлкениң негизги ҳәм бурынғы турғынлары, қарақалпақлар - қоңсы аймақларда жасап сартлар менен байланыста болған, өзбеклер - бул үлкени шеттен келип басып алғанлар, ҳәм ҳәр түрли қәўимнен туратуғын түркменлер саўда-сатық, өнерментшилик, тағы басқа ислер менен бул елге келип орналасқан.
Дәслеп бул төрт халық өз-ара хожейинлер, мийнеткешлер, басып алыўшылар ҳәм мийманлар сыпатында қатнасықта болған. Ўақыт өтиўи менен бул қәўимлер өз-ара араласып пүтин бир жәмийетти қураған ҳәм төрт қатламға бөлинген саўдагерлер, дийханлар, ҳүкимдарлар ҳәм әскерийлер.
Қарақалпақлар жерлерди абат етиў ҳәм дийханшылық пенен мийнет етеди.
Дерек: П.П Иванов, "Қарақалпақлар тарийхының очерки", Нөкис.

👍7
Хийўа ханлығында ўақты менен хан ат шабыс өткерип турған, оған елдеги шабарманлар қатнасыў ушын Ат-жолы деген жерге жийналған. Сораў бул қайсы аймақ?
Anonymous Quiz
39%
Султан Ўайс таўы етеги
32%
Майлы Жеңгел тусы
17%
Үстиртке шығар жол
11%
Жыланлы атрапы
❤3
Қанлыкөл атамасы.
Бурынлары қызыл суў көп болған. Аршан муз болып Мамыйға қарап аўнаған. Суў Мамыйға қарап қырқ жети жыл аққан. Қырқ жети жылда суўдан шыққан. Әне, соннан соң қолдаўлы бир жыл мәпленген, өзбек бир жыл мәпленген, қазақ бир жыл мәпленген, қолдаўлы Ерназар Алакөз бир жыл мәпленген. Солай етип, төрт урыў төрт жыл мәпленген. Бир күнлери көлге жылым салыўдың үстинде қытай менен қолдаўлы урысқан. Қытайдың адамлары:
- Жылымды алды бурын бизлер саламыз, - деген. Олар менен қолдаўлылар тартысып қытайдың бир адамын өлтирип қойған. Қолдаўлылар тура-тура қашқан. Қытайлар қуўып жетип қолдаўлылардың үш адамын услайды. Өлини арбаға салады. Усы ўақытта Жаңа қалада Изейли деген ҳәким екен. Өлини ҳәкимниң алдына апарады. Ҳәким қазыны шақыртады.
- Мине, мына адамды өлтирген мына кисилер, деп үш адамды Хийўа ханына айдап апарып тапсырады. Хан оны қазыға тапсырады. Қазы шәриятқа буйырады. Шәрият бойынша бир адамды үш адам өлтирсе, үш адамның қунын төлеўи керек екен. Сөйтип қолдаўлыға үш адамның қуны түседи. Қолдаўлы бир мың бес жүз тиллә бериўи керек болады. Қолдаўлы бул тилләны таба алмайды. Усланған адамларға - ҳәр қайсысына бес жүз тиллә төлейсиз, - дейди. Олар бул ақшаны төлей алмай, орнына үш қыз береди. Үш қызды мың ярым тилләға баҳалайды. Қызлардың атлары, Тоян, Мәки, Бийби деген екен. Қанлы көл деп аталыўы муздың үстине адамның қаны төгилгени себепли усылай аталған екен.
Дерек: Қарақалпақ, Аңызлары, Әпсаналары ҳәм Шешенлик Сөзлери, "Қарақалпақстан" баспасы, 1992-жыл.

❤8👍2