ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР
2.01K subscribers
1.58K photos
196 videos
136 files
907 links
Сиз бул жерде Қарақалпақстан тарийхы, тарийхый ўақыялар бойынша мағлыўмат аласыз!!!

28.01.2023 жыл
саат 19:00 де
канал ашылды

Инстаграм канал
https://www.instagram.com/tariyxa_nazaer?
Ютуб канал
https://www.youtube.com/@karakalpak_horde7413
Download Telegram
#Тарийхый_тулғалар_өмири

Шабандоз Серназар ақ тоғын кенегес
Сейтназар улы
(1905-1997 ж-ж)
❤10
СЕРНАЗАР ШАБАНДОЗ


Қарақалпақ халқының сыртқы жаўлардан елин қорғаўда, миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин сақлаўда ат спорты, соның ишинде, ат шабыслары айрықша орын тутады. Ерте дәўирлерден баслап-ақ ат тәрбиялаў, жүйрик атларды таңлаў ҳәм оларды бәйгилерге таярлаў халқымыздың руўхый ҳәм материаллық мәдениятының ажыралмас бөлеги есапланған. Усы бағдарда, ХХ әсирдиң басларында жасап өткен ақ тоғын кенегес Сейтназар бий улы Серназар шабандоздың өмир жолы ҳәм оның тарийхый илажлардағы қатнасы миллий ат спорты тарийхын үйрениўде әҳмийетли дәрек болып хызмет етеди. Серназар ақ тоғын кенегес Сейтназар бий улы 1905-жылы ҳәзирги Кегейли районы Көкшиел тәрептеги ақ тоғын аўылында дүньяға келген. Оның әкеси Сейтназар ақтоғын кенегеслердиң белгили, ел арасында абыройлы бийи болған. Халқына көп хызмет еткен. Серназар жаслайынан атқа қызығып өсип, сол дәўирдиң белгили инсаны болыс Сейтназар ҳажының исенимли ҳәм шебер шабандозына айланады. Ол удайына ҳажының атларын үлкен той-мерекелерде шаўып, ат тәрбиялаў, яғный сейислик сырларын шеберлик пенен меңгереди. Соның ишинде, Сейтназар ҳажының «Ялта» атлы жүйрик, ярым тулпарын тәрбиялап, үлкен бәйгилерге қосқанлығы оның жаслайынан-ақ атқа болған меҳирин көрсетеди.
Дәўирдиң ири тарийхый ўақыяларының бири сыпатында 1916-жылы Жүзимбақлы Шынықул байдың берген үлкен тойын атап өтиў орынлы. Бул тарийхый той өз дәўириниң ең танылмалы ҳәм белсенди тулғаларын бир жерге жәмлегенлиги менен өзгешеленеди. Тойдың жоқары дәрежеде өтиўи ушын
Лепес сейис, Юсуп болыс, Темирхан болыс, , Ибрайым болыс, Сейтимбет болыс, Палўанияз бий, Тоқымбет ахун, Барлықбай болыс Арзымбет қазы хәмде Хожамет болыс Ерназар аталықтың баласы сыяқлы инсанлар тик аяқтан турып хызмет еткен. Бул жағдай сол дәўирдеги қарақалпақ халқының аўызбиршилигин ҳәм миллий дәстүрлерге болған ҳүрметин айқын сәўлелендиреди.
Тойдың ең тийкарғы илажы болған биринши бәйги шабысына аймақтың ең танылмалы жүйриклери қосылады. Бәйгиге Қазалыдан арнаўлы келген Нәўше сейистиң нәўше гүрени, Хан мақсымның қара қасқа шуңқары, Хожахмет болыстың бөртеси ҳәм Алыўшының қара аты сыяклы халық арасында аңызға айланған атлар қатнасады. Хан мақсымның қара қасқа шуңқарын сол дәўирдиң шебер ат таярлаўшысы Лепес болыс бәйгиге арнап баплайды. Шуңқар атқа алтын баслы ер салынып, үстине сол ўақытлары 11 жасар өспирим бала болған Серназар мингизиледи. Атлар Шымбайдағы май заводтың қасынан бәйгиге жиберилип, оғада қызғын ҳәм тартыслы өткен бул шабыста Хан мақсымның шуңқар аты Серназар шабандоздың шеберлиги арқасында мәрреге биринши болып келеди. Бул жеңис Серназардың шабандозлық талантын елге танытқан үлкен ўақыя болады.
Тарийхый естеликлердиң бүгинги күнге шекем сақланыўы үлкен әҳмийетке ийе. Солардың бири — 1916-жылғы тарийхый бәйгиде Хан мақсымның шуңқар атына салынған алтын баслы ердур. Бул қымбатлы естелик ерди Нөкис қаласында Серназар шабандоздың перзенти, тарийх илимлериниң кандидаты Муратбай Сейтназаровтың үйинде әкесиниң ўәсияты бойынша бүгинги күнге шекем сақланып келмекте.
Солай етип өз өмирин миллий ат спорты мәдениятына бағышлаған Серназар әқ тоғын кенегес Сейтназар бий улы 1997-жылы дүньядан өткен болса да, оның өмир жолы, шабандозлық мектеби ҳәм ол қатнасқан бәйгилердиң тарийхы Қарақалпақстанның ХХ әсир басындағы социаллық-мәдений турмысын үйрениўде қымбатлы мағлыўмат сыпатында илимде өз орнын табады.
 
 
 
Интернет материаллары тийкарында топлаған ҳәм таярлаған: Марина Абдуллаева

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer
👍19❤3
Жыззақ қаласының 1866-жылғы картасы, қалаға суў дереги үш канал арқалы келген олар 1) қарақалпақ 2) түркмен 3) қуяват. Басқа мағлыўматларда Жыззақ атрапында қытай, қыпшақ, қырық ҳәм қарақалпақ урыўлары отырғаны туўралы жазылған.

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer
👍18❤3
Қарақалпақлардың XVIII әсир екинши ярымындағы турмысы ҳаққында орыс-европа мағлыўматлары.


Шама менен 1743-жылдан бери олар өз алдына жеке орданы қурайды. Султан Айшуўақты 1771-жылда хан етип көтерди. Ҳәзирги ўақытта олар Арал теңизиниң арқасынан Қоңыратқа шекемги аралықта ҳәм одан да кең аймақларда жасайды.

Олар қазақларға қарағанда әдепли ҳәм мағрипатлы мусылманлардур. Сондай-ақ олардың уламалары көп болып, олар жасларды оқыў, жазыў, есаплаў ҳәм өз дининиң тийкарларына үйретеди. Соған қарамай олар қазақлардан аз тонаўшылық етпейди. Қазақлар менен дерлик турақлы урысып бир-бириниң шарўаларын ҳәм адамларын тутқын етеди. Будан тысқары илажы табылса Бухара кәрўанларын ҳәм өз аймағына келген жолаўшыларды талайды.

Ҳүкимдар хан бар болыўына қарамастан оның өз ордасындағы ҳәкимяты қазақ ханы сыяқлы күшли емес. Олар өзлериниң улыўмалық әсиресе туўысқанлық ҳәм экономикалық турмыс-салты жағынан башқуртларға күтә уқсайды. Башқуртлар сыяқлы олар да тийкарынан шарўашылық пенен шуғылланады, дийханшылық та етеди. Олардың қысқы аўыллары сондай-ақ көшетуғын жазғы үйлери бар.

Оларда түйе, ат, қойлар аз, бирақ қарамал көп. Қойлардың азлығы себеп олардың отаўлары тек қамыс пенен оралады. Жазғы қонысын өзгертип атырғанда олар үлкен еки дөнгелекли арбалардан пайдаланады, қарамаллар жегилген арбаларда буйымларын тасыйды.

Олардың қысқы қоныслары киши ылайдан исленген үйлер болып оны ағаш қадалар менен беккемлеген. Бул үйлер жанында олардың егислик жерлери ҳәм киши бағлары орналасқан. Өзлери ислеўге ерингени ушын егин егиўде қулларды жумсайды. Сол ушын қуллар қысқы аўылларда турақлы қалыўға мәжбүр болады.

Олардың темиршилери де бар. Бул темиршилери ҳәтте батпақтағы руданы еритип, одан балта, пышақ, найза, қылыш ҳәм басқа турмыслық буйымларды соғады.



Дерек: Falk, Johann Peter. Beyträge zur topographischen Kenntniss des Russischen Reichs. Dritter Band, welcher Beyträge zur Thierkenntniss und Völkerbeschreibung enthält. Mit Kupfern. Herausgegeben von Johann Gottlieb Georgi. St. Petersburg: Gedruckt bey der Kayserl. Akademie der Wissenschaften, 1786.


Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer
👍16❤2
ӨТКЕН_ӘСИРДИҢ_30_ЖЫЛЛАРЫНДА_ТАШКЕНТ_ӘТИРАПЫНДАҒЫ_ҚАРАҚАЛПАҚ_ТИЛИНДЕ.docx
105.2 KB
Өткен Әсирдиң 30-жылларында Ташкент әтирапындағы қарақалпақ тилинде сабақ оқытылған мектеплер. Түркменбай Жийемуратов.

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer
❤11👍5
#Тарийх_бетлеринен

Қабыл бий улы Ерназар (1818-1898)

Қабыл бий улы Ерназар (1818-1898) аталықтың бийлерди жыйнап мәсләҳәтлесетуғын төбеси "Аталық төбе". Ҳәзирге шекем орны сақланған болып Кегейли районы "Көкшийел" АПЖ "Добал" аўылының батысында жайласқан.

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer
👍21❤1
Россия Империясы Хийўаны басып алмастан бурын оны изертлеген ҳәм ханлық халықын олардың турмыслық кәсибине қарай төрт топарға бөлген, сораў бунда қарақалпақлар қайсы топар?
Anonymous Quiz
31%
Әскерийлер
6%
Саўдагерлер
52%
Дийханлар
11%
Басқарыўшылар
❤3
Хийўа ханлығы халқы.

Хийўада төрт қыйлы халық жасайды, сартлар - бул үлкениң негизги ҳәм бурынғы турғынлары, қарақалпақлар - қоңсы аймақларда жасап сартлар менен байланыста болған, өзбеклер - бул үлкени шеттен келип басып алғанлар, ҳәм ҳәр түрли қәўимнен туратуғын түркменлер саўда-сатық, өнерментшилик, тағы басқа ислер менен бул елге келип орналасқан.

Дәслеп бул төрт халық өз-ара хожейинлер, мийнеткешлер, басып алыўшылар ҳәм мийманлар сыпатында қатнасықта болған. Ўақыт өтиўи менен бул қәўимлер өз-ара араласып пүтин бир жәмийетти қураған ҳәм төрт қатламға бөлинген саўдагерлер, дийханлар, ҳүкимдарлар ҳәм әскерийлер.

Қарақалпақлар жерлерди абат етиў ҳәм дийханшылық пенен мийнет етеди.

Дерек: П.П Иванов, "Қарақалпақлар тарийхының очерки", Нөкис.

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer
👍7
Хийўа ханлығында ўақты менен хан ат шабыс өткерип турған, оған елдеги шабарманлар қатнасыў ушын Ат-жолы деген жерге жийналған. Сораў бул қайсы аймақ?
Anonymous Quiz
39%
Султан Ўайс таўы етеги
32%
Майлы Жеңгел тусы
17%
Үстиртке шығар жол
12%
Жыланлы атрапы
❤3
Қанлыкөл атамасы.

Бурынлары қызыл суў көп болған. Аршан муз болып Мамыйға қарап аўнаған. Суў Мамыйға қарап қырқ жети жыл аққан. Қырқ жети жылда суўдан шыққан. Әне, соннан соң қолдаўлы бир жыл мәпленген, өзбек бир жыл мәпленген, қазақ бир жыл мәпленген, қолдаўлы Ерназар Алакөз бир жыл мәпленген. Солай етип, төрт урыў төрт жыл мәпленген. Бир күнлери көлге жылым салыўдың үстинде қытай менен қолдаўлы урысқан. Қытайдың адамлары:
- Жылымды алды бурын бизлер саламыз, - деген. Олар менен қолдаўлылар тартысып қытайдың бир адамын өлтирип қойған. Қолдаўлылар тура-тура қашқан. Қытайлар қуўып жетип қолдаўлылардың үш адамын услайды. Өлини арбаға салады. Усы ўақытта Жаңа қалада Изейли деген ҳәким екен. Өлини ҳәкимниң алдына апарады. Ҳәким қазыны шақыртады.
- Мине, мына адамды өлтирген мына кисилер, деп үш адамды Хийўа ханына айдап апарып тапсырады. Хан оны қазыға тапсырады. Қазы шәриятқа буйырады. Шәрият бойынша бир адамды үш адам өлтирсе, үш адамның қунын төлеўи керек екен. Сөйтип қолдаўлыға үш адамның қуны түседи. Қолдаўлы бир мың бес жүз тиллә бериўи керек болады. Қолдаўлы бул тилләны таба алмайды. Усланған адамларға - ҳәр қайсысына бес жүз тиллә төлейсиз, - дейди. Олар бул ақшаны төлей алмай, орнына үш қыз береди. Үш қызды мың ярым тилләға баҳалайды. Қызлардың атлары, Тоян, Мәки, Бийби деген екен. Қанлы көл деп аталыўы муздың үстине адамның қаны төгилгени себепли усылай аталған екен.



Дерек: Қарақалпақ, Аңызлары, Әпсаналары ҳәм Шешенлик Сөзлери, "Қарақалпақстан" баспасы, 1992-жыл.

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer
❤9👍2
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР
Photo
#тарийх_бетлеринен

Тақыятас қаласының тарийхында кенегеслер ҳәм Аманқул бийдиң тутқан орны

Қарақалпақстанның тарийхый-географиялық раўажланыўында Әмиўдәрьяның төменги ағымындағы жерлердиң өзине тән айрықша орны бар. Бул аймақ халықларының жайласыўы, дийханшылық пенен шуғылланыўы ҳәм отырықшы аўыллардың қәлиплесиўи, ең алды менен, дәрья суўынан пайдаланыў ҳәм суўғарыў тармақларының раўажланыўы менен тығыз байланыслы болған. Ҳәзирги Тақыятас қаласы жайласқан аймақ та өткен дәўирлерде халық жасаған, жер ҳәм суўдан пайдаланыў жолға қойылған тарийхый орынлардың бири есапланады. Тарийхый дереклерде бул жерде кенегеслердиң жасағанлығы, олардың басшыларының Әмиўдәрьядан арна қазыўға ҳәм суўды егин егилетуғын жерлерге жеткериўге қатнасқанлығы ҳаққында мағлыўматлар ушырасады. Бул мағлыўматлар Тақыятас аймағының тек кейинги дәўирлерде қәлиплескен орын емес, ал суўғарыў мәденияты менен байланыслы ертеден-ақ белгили болған аймақ екенлигин көрсетеди. Белгили тарийхшы Я.Ғулямовтың «История орошения Хорезма» атлы фундаментал мийнетинде келтирилген мағлыўматларға қарағанда, ҳәзирги Тақыятас қаласы жайласқан орында XVIII әсирдиң ақырларына қарай кенегеслер жасаған ҳәм кейин ала да бул аймақ кенегеслердиң турақлы аўылы болған. Үлкен кенегес аўылының ортасынан ҳәзирги «Кенегес» жап ағып өткенлиги халықтың күнделикли турмысында суў дереклериниң әҳмийети қәншелли жоқары болғанлығын аңлатады. Әмиўдәрьяға жақын жайласқанлықтан, дәрьядан суў шығарыў ҳәм оны аўылға, егинлерге жеткериў мәселеси жергиликли халықтың турмысында үлкен әҳмийетке ийе болған. Тақыятас аймағының тарийхында Аманқул бийдиң аты суўғарыў тармақларының пайда болыўы менен байланыслы айрықша аталады. Муҳаммед Әмининақтың Хийўада ханлық еткен дәўиринде кенегеслер бийи Аманқулдың басшылығында ҳәзирги Тақыятас жайласқан орыннан Әмиўдәрьядан саға алынып, арна қазылғанлығы ҳаққында мағлыўматлар бар. Қазылған арна арқалы суў Хожели түслигиндеги бурын кенегеслер қонысласқан жерлерге жеткерилген. Дәслеп Аманқул аты менен аталған бул арна кейин ала «Кенегес арна» деп аталған. Бул арна жергиликли халықтың турмысында тутқан орны менен бирге, оның кенегеслердиң атына байланыслы тарийхый естелик сыпатында сақланғанлығын көрсетеди. Ҳәзирги «Ески Кенегес» каналыда усы тарийхый суўғарыў тармақлары менен байланысы айрықша итибарға ылайық. Арнаның дәслепки аталыўы Аманқул бийдиң аты менен байланыслы болса, кейинги «Кенегес арна» атамасы бул аймақта жасаған халықтың аты менен байланыслы болған. Демек, суў жолларының атамалары аймақтың тарийхын, халықтың жайласыўын ҳәм жергиликли басшылардың хызметин үйрениўде әҳмийетли дерек болып табылады. Солай етип, Аманқул арнасы ҳаққындағы мағлыўматлар Тақыятас аймағында суўғарыў жумысларының ерте дәўирлерден-ақ жолға қойылғанлығын ҳәм бул жумыслардың жергиликли басшылардың басшылығында әмелге асырылғанлығын көрсетеди. Аманқул бийдиң хызмети тек арна қазыў менен шекленбеген. Тарийхый мағлыўматларға қарағанда оның арғы бабалары Ақ Қабақ бий болып ел басқарып киятырған бийлердиң аўлады болып есапланады. Ал, XVIII әсирде кенегеслерге Өмир Аманқул бий басшылық етип, ҳәкимлик еткен. Ол өз дәўиринде жергиликли халықтың турмысын шөлкемлестириўге, суўдан пайдаланыўға ҳәм жаңа қоныслардың қәлиплесиўине қатнасқан басшылардың бири болған. Сондай-ақ, Өмир Аманқул бийдиң аты Сүўенли каналының тарийхы менен де байланыслы. Хожели орталығынан өтетуғын Сүўенли каналының Тақыятастан басланатуғын сағасын қазыў жумысларына оның басшылық еткенлиги ҳаққында мағлыўматлар бар. Бул дерек Тақыятас аймағының Хожели түслигиндеги суўғарыў тармақлары менен тығыз байланыста болғанлығын аңлатады. Сүўенли каналының сағасын қазыў жергиликли халықтың дийханшылық ушын суўға болған мүтәжлигин тәмийинлеўде әҳмийетли қәдәм болған. Каналлар ҳәм арналар арқалы суўды жаңа жерлерге жеткериў егин егилетуғын майданларды кеңейтиўге, аўыллардың турақлы жасаўына ҳәм халықтың күнделикли турмысының жақсыланыўына жәрдем берген. Өмир Аманқул бийдиң бул жумысларға қатнасыўы оның аймақтағы жер-суў қатнасларын тәртипке салыўда белгили орын тутқанлығын көрсетеди.
❤5👍2
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР
Photo
Тарийхый мағлыўматларда Өмир Аманқул бийдиң Тақыятасқа келип жасағысы келген түркменлерге жер ҳәм суў бөлип бергенлиги де атап өтиледи. Бул мағлыўмат аймақтағы қонысласыў барысларын ҳәм жергиликли басшылардың халықтың жайласыўына қатнасын үйрениў ушын әҳмийетли. Өткен дәўирлерде жаңа жерлерге қонысласыў тек турақ жай салыў менен шекленбеген. Халықтың егин егиўи, мал бағыўы ҳәм күн көриўи ушын жер ҳәм суўдың болыўы зәрүр болған. Сол себепли жер ҳәм суў бөлип бериў аймақтың халық санына, шарўашылық турмысына ҳәм қоныслардың раўажланыўына тәсир еткен. Өмир Аманқул бийдиң түркменлерге жер ҳәм суў бөлип бериўи Тақыятас аймағында түрли халықлардың қонысласыўына ҳәм шарўашылық тараўының раўажланыўына шараят жаратқан. Тарийхый дереклерде, атап айтқанда «Сборник географических, топографических и статистических материалов по Азии» (Выпуск IХ.СПб. 1884, стр. 20) басылымында Аманқул жери Гөне-Үргениш пенен Булдымсаз аралығында жайласқанлығы ҳаққында да мағлыўмат бар. Соның менен бирге, «Каракалпаки в низовьях Амударьи ХVI-ХVIII в.в.» (Нөкис, 1996 ж., 47-бет) атлы илимий мийнетте де кенегеслердиң жайласыўы ҳәм Аманқул аты менен байланыслы жерлер ҳаққында әҳмийетли мағлыўматлар берилген.
Жуўмақлап айтқанда, жоқарыда келтирилген тарийхый мағлыўматлар Тақыятас аймағында кенегеслердиң жайласыўы, Әмиўдәрьядан суў апарыў ҳәм суўғарыў тармақларының раўажланыўы менен тығыз байланыслы екенлигинен дерек береди ҳәм аймақтың социал-экономикалық тарийхын үйрениўде тийкарғы дәрек болып хызмет етеди.

Интернет материаллары тийкарында таярлаған Марина Абдуллаева

Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer
👍5❤3🔥1