Саламатлық ушын 🩺
3.02K subscribers
3.27K photos
1.23K videos
195 files
4.36K links
ДЕНСАЎЛЫҚ - ТЕРЕҢ БАЙЛЫҚ

Аўырыў азабын саў билмес төсек тартып жатпағанша.
Аш қәдирин тоқ билмес ашлық зарын тартпағанша.

❗Каналдағы рецептлерди шыпакер менен мәсләҳәтлесип қолланғаныңыз мақул.

📝Байланыс ушын➡ @Ikmetov
Download Telegram
“Аға-ини ҳəм қарындаслар арасындағы байланыс көз ҳəм қол арасындағы байланысқа уқсайды. Көз жыласа, қол оның жасын сыпырады. Қол аўырса, көз сол себепли жас төгеди”.

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
❤16👍14
НЕГЕ УГРИЛЕРДИ СЫҒЫЎҒА БОЛМАЙДЫ❗️

✅
Қан тамырлары ҳәм капиллярлар зыянланады, буның нәтийжесинде қызыл яки қызғыш реңдеги дақлар пайда болады, олар әсиресе суўық мәўсимде сезиледи.

✅ Тери зақымланады - угридеги киши тесиктен угри қурамын сығып шығарғаныңызда, ҳәттеки угриди ийне менен тескен болсаңызда, басым астында, ириңли қурам терини зыянлап таслайды ҳәм нәтийжеде , бул орында киши яки сезилерли шандық пайда болады.

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
👍15
❓ҚАБАҚТЫҢ ПАЙДАЛЫ ҚӘСИЙЕТЛЕРИН БИЛЕСИЗБЕ?

🔹 Қабақ қан басымы, жуўан ишек кеселлиги, иш қатыўына бейим болған колит, өткир ҳәм созылмалы цистит ушын пайдалы.
⠀
🔹Бул атеросклерозға қарсы әжайып дәри, себеби қабақ холестерин пайда болыўының алдын алады.
⠀
🔹 Асқазан-ишек кеселликлериниң күшейиўи менен пуўда писирилген яки қайнатылған қабақты жеп турған пайдалы есапланады. Ишек искерлигин жақсылайды ҳәм иш қатыўына пайдалы тәсир көрсетеди.

▪️Қабақ қандай кеселликлерди емлейди?

✔️ Қантлы диабет. Қабақты үлкен бөлекке кесип алың ҳәм печьте писириң. Соя соусы менен жеўге болады.
✔️ Анемия. Күнине 4-5 мәрте 20 г қайнатылған қабақты жеп турың, әсте-ақырын дозаны 150 грамм ға шекем асырың.⠀
✔️ Күйиў, экзема ушын. Таза қабақты ысқалаң ҳәм зыянланған орынды байлаң.

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
👍22
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
✅ Аяқлар ушын шынығыў.

Күшли аяқлар пүткил таяныш-ҳәрекет системасының тийкары екенлигин билесизбе?  Саламат омыртқа бағанасы кекселикте де өзиңизди жақсы сезиниў ҳәм актив өмирди сақлап қалыў имкәниятын береди
.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
👍13
Қақланған ериктиң қан тамырларға ҳәм ҳәмиледар ҳаялларға пайдасы.

🫀Қақланған ерик магний ҳәм калийге бай болып, қан тамырлары дийўалларының спазмларын жеңиллестиреди, қан ағымын жақсылайды ҳәм қан басымын түсиреди. Бүйреклер ҳәм жүрек жумысын жақсылайды.

🤰Қақланған ерик ҳәмиледар ҳаяллар ушын әсиресе жүдә әҳмийетли. Жатырдың тонусының артыўының алдын алады, стрессти жеңиллестиреди ҳәм қандағы гемоглобин дәрежесин асырады.

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
👍16👏1
❓КЕСЕК, ПОР ЖЕЎ НЕ СЕБЕПТЕН КЕЛИП ШЫҒАДЫ?

✅ Кесек ҳәм пор жеў нормал жағдай есапланбайды. Негизинде адам организминдеги витамин ҳәм микроэлементлер жетиспеўшилигинде организм усы витаминге бай болған яки дәми уқсас болған өнимлерди жегиси келип баслайды.

☑️ Кесек, пор жегиси келиў жас балалар ҳәм ҳәмиледар ҳаялларда көбирек ушырасады. Бул жағдай КАЛЬЦИЙ жетиспеўшилиги белгиси есапланады.

🔹 Усы жағдайлар бақланса организмдеги кальций муғдарын анықлаў ҳәм кальцийге бай өнимлер (творог, сыр, бринза, қатық, жасыл шөплер) жеп турыў керек. Кальций препаратларын да ишиўге болады. Тек шыпакер менен мәсләҳәтлесиў ҳәм жасқа сай дозаларда препаратларды ишиў керек.

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
👍9
Сизди замаррық (грибок) қыйнап атырма ҳәм аяқларыңыз терлейме? Буның еми бар!

🟢 1 литр жыллы суў
🟢 6 тамшы йод
🟢 4 ас қасық дуз


✅ Араластырың ҳәм аяқларыңызға "ванна" қылың.

✅ Толық кеткенге шекем күнине 5-10 минут аяқларыңызды еритпеде "ванна" қылып турың!

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
👍13😁1
❗️Қаймақ еркеклер ушын жүдә пайдалы

✅ Туқымлықларды (жынысый клеткаларды) көбейтеди. Қаймақ турақлы жеп турылса, еркеклерде жынысый клеткалар пайда болыўы процессин күшейтеди.

✅ Егер күнделикли аўқатланыў рационына қаймақ пенен петрушка киритилсе, бул араласпа еркеклердиң «екинши жүреги» — простата безине пайдалы тәсир көрсетеди. Нәтийжеде простата аязлаўын емлейди, жынысый ағзаға жақсы ем болады.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
👍21
❗️ Қартайыўды "тоқтатыў" мүмкин.

📍 Физикалық шынығыўлар организмди жақсы формада сақлайды, көп ғана кеселликлердиң алдын алады, қартайыў процессин төменлетеди, шыдамлылық, ийилиўшеңликти келтирип шығарады, метаболизмди жақсылайды.
✅ Шынығыўлар: жүриў, тез жүриў, велосипед айдаў ҳәм ойынға түсиў.

📍Териге тәбийғый күтим жасаў.
Териге жақсы тәсир ететуғын тәбийғый өнимлер: пал, жармалар, бадам.
✅Тәбийғый маскалардан бет терисине сәйкес түрде ҳәптеде 2 мәрте пайдаланың.

📍Териниң қартайыўына қарсы гүресиўде: косметиканы көп ислетиўден қашыў, себеби олар қурамында зыянлы затлар бар. Оларды көп пайдаланыў тери тесиклерин тосып қояды ҳәм дем алыўға тосқынлық етеди.

📍Бир күнде 8 стакан суў ишиң.
✅ Суў тери клеткаларын ығаллап, оның сыртқы көринисин жақсылайды.

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
👍23
Тамырларды тазалаўдың әпиўайы усылы

🍋 Лимон ҳәм апельсинди алып, оның туқымларын алып таслаң.
Кейин гөш майдалағышта майдалаң. Алынған массаны шиша ыдысқа салың.

🍯 Таяр массаға пал қосың ҳәм музлатқышқа бир неше күн қойың.
Оны аўқаттан алдын 2 шай қасықтан қабыл етип турың.

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
👍26
Әпиўайы меновазинниң сиз билмеген қәсийетлери

♦️Бас аўырғанда еки қаптал шеке бөлимине сүртилсе аўырыў қалады.
♦️Буўынлардағы аўырыўды қалдырады.
♦️Зақымланған мускулларда аўырыўды қалдырады.
♦️Меновазиннен пайдаланылғанда көгериўлер тез кетеди.
♦️Күшли жөтелде көкирек аўырса, көкирек куўыслығына сүртип оранып жатылса аўырыў қалады.

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
👍21👏1
📍Баўырыңыз аўырмаўы ушын

✅ Буның ушын 1 кг көк пиязды гөш майдалағыштан өткизиң ҳәм  900 г қумшекер менен араластырың, 1,5 ҳәпте даўамында қараңғы салқын жерде сақлаң.

✅ Кеселликтиң аўырлығына қарап күнине 3 тен 8 ас қасыққа шекем қабыллаў мүмкин.

✅ Рецепт баўыр циррозы менен аўырған наўқаслар ушын да пайдалы.

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
👏13👍10
❓СААТ НЕШЕДЕ УЙҚЫЛАЙСЫЗ?

✅ Саат нешеде уйқылаўыңыз, денеңизге қандай тәсир етиўин билир алың!

• 21:00 - Саламат боласыз;
• 22:00 - Ақылыңыз тынықласады;
• 23:00 - Салмақ жыйнайсыз;
• 00:00 - Организм дем алмайды;
• 01:00 - Өз-өзиңизди зәҳәрлейсиз;

✅ Ўақтында уйқылаўға ҳәрекет етиң ҳәм өз саламатлығыңызға бийпарық болмаң!

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
👍16🔥2
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
📍Тестостеронды көтериўши араласпа.

❗️Жаңа күйеў балалар яки тезирек перзентли болмақшы болған еркеклер ушын тәбиий ҳәм пайдалы.


❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
👍21
АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ

🌸🌼 ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ🌷🌹

🍃🌸Жаңа таңнан нәпес алыўды сыйлаған Аллаға шексиз  шүкир!🤲

🍃🌸Бүгинги жаңа күниңиз қутлы ҳәм қайырлы болсын...!!!

☘️ Кеўилиңиз ийманға
☘️ Үйиңиз қуўанышқа
☘️ Жүзиңиз нурға
☘️ Күниңиз ийгиликли ҳәм саўаплы әмеллерге толы болсын.

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
👍11🕊1🤗1
Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрағының қабыл етилгенине 32 жыл толды!

1992-жылы 14-декабрьде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң он биринши сессиясында «Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилген.

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
❤15
Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик суверенитети ҳаққында Декларацияның қабыл етилгенине 34 жыл толды

Буннан саррас 34 жыл алдын, 1990-жыл 14-декабрьде Қарақалпақстан Жоқарғы Советиниң төртинши сессиясында «Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик суверенитети ҳаққында Декларация» қабыл етилди.

Декларацияда республика өзиниң мәмлекетлик дүзилисин, ҳәкимшилик-аймақлық бөлиниўин, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары системасын, сондай-ақ, судты, арбитражды ҳәм прокурорлық бақлаўды шөлкемлестириў ислерин өз бетинше белгилейтуғынлығы атап өтилген.

Қарақалпақстан Республикасында мәмлекетлик ҳәкимият оны нызам шығарыўшы, атқарыўшы ҳәм суд уйымларына бөлистириў принципине муўапық әмелге асырылады, деп көрсетилген.

Қарақалпақстан Республикасының көп миллетли халқы оның мәмлекетлик суверенитетиниң ўәкили ҳәм дәреги болып табылады, деп атап өтилген.

Фото ҚР Архив иси басқармасы

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
👍20❤8
Асқазандағы аўырыў не себептен келип шығады?

Асқазан ас сиңириў системасының тийкарғы әҳмийетли органы. Асқазандағы аўырыў, оның исингенин билдиреди. Асқазанның исиниўи келип шығыў себеплери төмендегилер:
- Турақлы түрде надурыс аўқатланыў
- Ашшы аўқатларды артықша қабыллаў
- Газли ишимликлер
- Алкогол өнимлери
- Артықша аўқатланыў
- Жарамсыз азық-аўқат өнимлерин қабыллаў.

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
👍14
❓САРЫ МАЙ ҚОСЫЛҒАН КОФЕНИҢ ПАЙДАСЫН БИЛЕСИЗБЕ?

☕️Майлы кофе рактың қәўипин 50% ке кемейтеди.
☕️ 2-тип қантлы диабеттиң раўажланыў қәўипин 7% ке азайтады.
☕️ Аўыздан жағымсыз ийис келтирип шығаратуғын бактериялардың көбейиўиниң алдын алады.
☕️ Тамырларды тазалаўға жәрдем береди.
☕️ Мийдиң функларының раўажланыўына жәрдем береди.
☕️ Бул денедеги майларды азайтыўға жәрдем береди.

✅Қосыўға болады: сарымай, какостың майы, пистениң майы.

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
👍22
АЯҚЛАРДЫ БӘРҚУЛЛА ЖЫЛЛЫ САҚЛАҢ!

✅ Егер аяқ тоңса:
• Ишеклер ҳәм сидик жоллары аязлайды;
• Бүйректиң жумысы бузылады;
• Баўырдың жумысы бузылады;
• Ревматизм жүзеге келеди.

✅ Жуўып болып көшеге шықпаң ҳәм шашыңыз кеўместен уйқылаўға жатпаң.
Болмаса:
• Менингит, гайморит;
• Синусит, бас мий тараўында аязлаў ҳәм аўырыў;
• Мурын ағыўы ҳәм қулақ инфекциялары сизди тәрик етпей қалады.

❗️Жақынларыңызға жиберип қойың

🚀Каналға ағза болың
➡️https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy
👍20